Нөкисте Өзбекстан кубоги өткерилди

30

Нөкис қаласында гандбол бойынша Өзбекстан кубоги болып өтти. Кубок жарысына елимиздиң барлық аймақларынан ең күшли командалар келип, жеңимпазлық ушын өз-ара беллести.

Қызғын беллесиўлерге бай болған жарыс жуўмағында, ерлер арасында республикамыз командасы барлық қарсыласларын жеңип шығып, Өзбекстан кубоги ийесине айланды.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынларды Ферғана менен Самарқанд ўәлаятларының командалары ийеледи.

Қызлар арасында өткерилген ойынлар да оғада қызықлы өтти. Онда қоңсылас хорезмли қызлар биринши, Ташкент ўәлаяты командасы екинши ҳәм республикамыз командасы үшинши орынды ийелеўге миясар болды.

Жеңимпаз командаларды сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев, ветеран спортшылар ҳәм жуўапкер шөлкем ўәкиллери қатнасып, жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль, кубок ҳәм естелик саўғаларды салтанатлы түрде тапсырды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы