Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси ҳаққында мәлимлеме

119

2026-жылдыӊ 18-май күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Он бесинши жалпы мәжилистиң биринши жумыс күнин сенаторлар “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине электрон коммерция тараўын жетилистириўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызамды додалаўдан баслады.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде соңғы жыллары заманагөй санлы технологияларды кеңнен енгизиў, электрон коммерция тараўын раўажландырыў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, санлы технологиялардың жедел раўажланыўы электрон коммерция қатнасыўшылары ушын электрон коммерция мәканын жаратыўды, тараўда әдил бәсеки шараятын жаратыўды және электрон коммерция қатнасыўшыларының ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдың ҳуқықый тийкарларын буннан былай да жетилистириўди талап етпекте.

Усы нызам менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине ҳәм “Электрон коммерция ҳаққында”ғы нызамға электрон коммерция тараўындағы төлемлерди, трансшегаралық электрон коммерцияны әмелге асырыўдың, санлы өнимлер экспорты ҳәм импортының өзине тән өзгешеликлерин белгилеўди нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сондай-ақ, электрон коммерция операторларының миннетлемелери шеңберинде тутыныўшы алдында сатыўшы жуўапкер болатуғын жағдайлар ямаса сатыўшы тәрепинен тутыныўшының нызамлы талапларын қанаатландырыў имканияты болмаған жағдайда, электрон коммерция операторының тутыныўшы алдында субсидиар жуўапкершилик нормасы белгиленбекте.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, буның нәтийжесинде тутыныўшының қәўипсиз онлайн саўда хызметлеринен кеңнен пайдаланыўы тәмийинленеди. Буннан тысқары, нызам тек ғана электрон саўданы тәртипке салыў емес, ал электрон саўда базарында ашық-айдынлықты арттырыў, халықаралық стандартларға сәйкес ҳуқықый базаны жаратыўға хызмет етеди.

Сенаторлардың пикиринше, бул илажлардың енгизилиўи жергиликли ҳәм сырт ел сатыўшылары арасында әдил бәсеки шараятын тәмийинлеўге, трансшегаралық электрон коммерция жедел раўажланып атырған дәўирде салық түсимлериниң жоғалтылыўының алдын алыўға және жергиликли электрон саўда платформаларын салық агентлери сыпатында тартыў арқалы салық түсимлерин тәмийинлеў процесслерин жеңиллетиўге қаратылған.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине Өзбекстан Республикасы миллий нызамшылығын Жәҳән саўда шөлкеминиң Санитариялық ҳәм фитосанитариялық илажларды қолланыў бойынша Келисимине муўапықластырыўды нәзерде тутыўшы қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесинде өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўындағы миллий нызамшылықты Шөлкемниң келисимлеринде нәзерде тутылған қағыйдалар менен нормаларға муўапықластырыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Нызам менен “Өсимликлер карантини ҳаққында”ғы нызамда келтирилген тийкарғы түсиниклер Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў бойынша халықаралық конвенция шеңберинде тастыйықланған фитосанитариялық атамалар сөзлигине муўапықластырылмақта.

Сондай-ақ, өсимликлер карантини тараўындағы жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымлары ҳәм жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери анық белгилеп қойылмақта.

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң ўәкилликлери кеңейтилмекте. Соның ишинде, фитосанитариялық қәўип-қәтерди таллаў, фитосанитариялық қадағалаў астында қәўип-қәтерлерди басқарыўға тийкарланған автоматластырылған таңлап алыў механизми тәртибин тастыйықлаў, карантин астындағы материалларды фитосанитариялық зыянсызландырыў қағыйдаларын ҳәм усылларын, өсимликлер карантини тараўындағы лабораториялық тексериўлердиң усылларын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў, фитосанитариялық зыянсызландырыў бойынша жумысты лицензиялаў бойынша талапларды ҳәм тәртипти ислеп шығыў сыяқлы ўәкилликлери белгиленбекте.

Соның менен бирге, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы және “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы нызамларға юридикалық тәреплерге фитосанитариялық зыянсызландырыў бойынша жумыс ушын шекленген мүддетке лицензия берилиўи ҳәм усы жумыс ушын мәмлекетлик бажының белгилениўи, лицензияның атамасы ҳәм оның киши түрлери анықластырылыўы және усы жумысты әмелге асырыў ўақтында жүз берген ҳуқықбузарлықлар ушын жәриймалар муғдарының белгилениўине байланыслы нормалар киргизилмекте.

Сенаторлар тәрепинен нызамның қабыл етилиўи өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў тараўындағы миллий нызамшылықты халықаралық стандартларға муўапықластырыў, фитосанитариялық зыянсызландырыў бойынша жумысты және де жетилистириў ҳәм өнимлердиң халықаралық саўдада тосқынлықсыз айланысын тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Буннан соң “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине бала ҳуқықларының кепилликлерин және де күшейтиўге және күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызларды қорғаў системасын буннан былай да жетилистириўге қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаўға, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары менен мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған системалы реформалар избе-из әмелге асырылмақта.

Бул нызам мине, усы реформалардың логикалық даўамы болып, онда “баланың ең үстин мәплери” түсинигиниң ҳуқықый статусы белгиленбекте ҳәм ол балаға байланыслы ҳәр қандай мәселени шешиўде тийкарғы норма сыпатында атап өтилмекте.

Шаңарақ кодексине киргизилип атырған тийисли өзгерислер менен шаңарақта бала мәпине байланыслы ҳәр қандай мәселе көрип шығылып атырғанда бала өз пикирин еркин билдириў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленбекте.

Соның менен бирге, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў бойынша мәмлекетлик уйымлардың ўәкилликлери де кеңейтилмекте.

Соның ишинде, Социаллық қорғаў миллий агентлигине басым өткериў ҳәм зорлықтан жәбирлениўшилердиң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин гөзлеп, судларға мәмлекетлик бажы төлеместен арза, шағым ҳәм даўалар бериў, суд мәжилислеринде өзиниң ўәкилликли ўәкили арқалы қатнасыў ҳуқықы берилмекте.

Буннан тысқары, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирленген шахсларды арнаўлы орайларға жайластырыўға байланыслы социаллық кепилликлер анықластырылып, күш көрсетиў ҳәм зорлықтан жәбирлениўшиниң арнаўлы орайға жайластырылғанына бир айдан көп болмаған дәўири оған ўақтынша мийнетке жарамсызлық қағазын бериў ушын тийкар болыўы нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам балалар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаўда жаңа басқышты баслап берип, жәмийетте инсаныйлық ҳәм социаллық әдиллик принциплерин және де беккемлеўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Олий Мажлис Сенатының жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам да додаланды.

Бул нызам жәмийетте әдиллик ҳәм нызамлылықты беккемлеў, пуқаралардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў ҳәм суд системасының ашық-айдынлығын тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске бир қатар принципиаллық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, автомобиль базарындағы алдаўшылықлардың алдын алыў мақсетинде Кодекс жаңа 1782-статья менен толықтырылмақта. Оған бола автотранспорт қуралының басып өткен аралығын көрсететуғын одометр үскенеси көрсеткишлериниң өзгертилгени ямаса алмастырылғаны ҳаққында қарыйдарды хабардар етпегенлик ушын айрықша ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте.

Бул норма тутыныўшылардың товар ҳаққында ҳақыйқый ҳәм толық мағлыўмат алыў ҳуқықын тәмийинлеўге қаратылған болып, екилемши автомобиль базарындағы надурыс әмелиятларға шек қояды.

Нызамның және бир әҳмийетли бағдары – жас өспиримлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў болып табылады. Енди жас өспиримлер қатнасыўындағы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислерин көриў процесинде педагог ямаса психологтың қатнасыўы мәжбүрий етип белгиленбекте.

Бул жас өспиримлердиң руўхый жағдайын есапқа алыў, оларға басым өткерилиўиниң алдын алыў ҳәм халықаралық стандартларға муўапық бала мәплерин қорғаў кепиллигин жаратады.

Сондай-ақ, нызам менен ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ислерин жүргизиўде “бас тартыў” ҳәм “өзин-өзи бийкарлаў” институты биринши мәрте системаластырылмақта. Бул болса судья ямаса басқа ўәкилликли шахстың иске болған мәпдарлығын сапластырыў ҳәм қарарлардың қалыслығын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Транспорт қуралын басқарыў ямаса аң аўлаў ҳуқықынан айырыў мүддетин қысқартыў тәртиби де жетилистирилмекте. Бул мәселе енди тек ғана суд тәрепинен анық белгиленген шәртлер тийкарында көрип шығылады. Егер шахс алдын усы жеңилликтен пайдаланған болса ямаса жаза мүддети даўамында қайтадан ҳуқықбузарлық ислесе, оған бундай жеңиллик қолланылмайды.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызамның қабыл етилиўи ҳәкимшилик жуўапкершилик системасын инсаныйлық ҳәм әдиллик принциплери тийкарында реформалаўға хызмет етеди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Сенаттың 15-жалпы мәжилисинде “Мәдений мийрас тараўындағы мәмлекетлик басқарыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында мәмлекетлик басқарыў системасы басқышпа-басқыш жетилистирилип, ўәкилликли уйымлардың функциялары қайта көрип шығылды.

Нызам мине усы реформаларды ҳуқықый жақтан беккемлеў, тараўдағы ўәкилликлерди анық белгилеў ҳәм нызам ҳүжжетлерин өз-ара муўапықластырыўға қаратылған.

Нызамға муўапық мәдений мийрас тараўында мәмлекетлик басқарыў уйымларының ўәкилликлери анық ажыратылып, материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша ўәкилликлер Мәдений мийрас агентлигине, материаллық емес мәдений мийрас объектлери менен байланыслы ўәкилликлер болса Мәденият министрлигине тийисли екенлиги нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, Мәдений мийрас агентлигине материаллық мәдений мийрас объектлерин есапқа алыў, мәмлекетлик кадастрды жүргизиў, тарийхый-мәдений экспертиза өткериў, мәдений мийрас обектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў тараўында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў ўазыйпалары жүкленбекте.

Нызам менен мәдений байлықлардың айланысы, соның ишинде, оларды аукцион саўдалары арқалы реализациялаў тәртиби жетилистирилип, бул процесслерди ўәкилликли уйым менен келисилген ҳалда әмелге асырыў механизми енгизилмекте.

Буннан тысқары, археология естеликлерин изертлеўди тек ғана тийисли руқсатнама тийкарында әмелге асырыў, мәдений мийрас объектлериниң жағдайын турақлы қадағалаў және оларды ҳәр бес жылда көзден өткериў тәртиби белгиленбекте.

Сенаторлардың атап өтиўинше, нызам мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да жетилистириўге, ўәкилликлерди бөлистириўде анықлықты тәмийинлеўге және тараўда бирден-бир ҳәм нәтийжели басқарыўды жолға қойыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Сондай-ақ, “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде пуқаралар ҳәм исбилерменлер ушын және де қолайлы шараятлар жаратыўға және әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға қаратылған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, бул нызам менен Жынаят-процессуаллық, Экономикалық процессуаллық, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодекслерге әҳмийетли өзгерислер киргизилмекте.

Экстерриториаллық судлаў тәртибиниң енгизилиўи тийкарғы жаңалықлардан бири болып есапланады. Енди пуқаралар ҳәм исбилерменлер өзлери қәлеген тийисли судқа мүрәжат етиўи ушын имканият жаратылады. Ҳәкимшилик судларға “дәслепки тыңлаў” институты киргизилмекте, бул болса ислерди судта көриўдиң сапасын арттырады.

Нызамда мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, мәмлекетлик уйым лаўазымлы шахсының суд мәжилисинде қатнасыўы мәжбүрий етип белгиленбекте. Буннан тысқары, “исенимниң ҳуқықый қорғалыўы” принципи беккемленбекте, яғный мәмлекетлик уйымның қәтеси ушын жуўапкер исбилермен емес, ал сол уйым болатуғынын аңлатады.

Экономикалық судлар системасы да оптималластырылып, район (қала)лық экономикалық судлардың орнына районлараралық экономикалық судлар шөлкемлестирилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, нызамның қабыл етилиўи инвестициялық орталықты жақсылаўға, коррупциялық факторларды азайтыўға ҳәм инсан қәдирин улығлаўға хызмет етеди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Олий Мажлис Сенатының 15-жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине нәшебентлик қураллары, психотроп затлар ямаса олардың аналогларының ҳәм күшли тәсир ететуғын элементлердиң нызамға қайшы айланысы ушын жуўапкершиликти жетилистириўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам да көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстанда халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм миллет генофондын сақлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары есапланады.

Соӊғы жыллары дүнья көлеминде синтетикалық наркотиклердиң жаңа түрлери ҳәм “наркомания” қәўпи артып баратырғаны бул тараўдағы нызамшылықты қайта көрип шығыўды талап етти.

Нызам менен Жынаят, Жынаят-процессуаллық ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге ҳәм басқа да нызамларға өзгерислер киргизилмекте.

Атап айтқанда, тек ғана нәшебентлик қураллары емес, ал күшли тәсир ететуғын элементлердиң нызамсыз айланысы ушын да жынайый жуўапкершилик күшейтилмекте.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызамда биринши мәрте “нызамсыз нарколаборатория” шөлкемлестиргенлик ҳәм оның жумысын тәмийинлегенлик ушын айрықша жуўапкершилик белгиленбекте.

Сондай-ақ, нәшебентлик қуралларын Интернет тармағы арқалы тарқатыў ҳәм үгит-нәсиятлаў аўырластырыўшы жағдай сыпатында нызамға киргизилмекте.

Жасларды бул иллеттен қорғаў мақсетинде билимлендириў мәкемелери, дем алыў орынлары ҳәм жатақханаларға тутас аймақларда жүз берген наркожынаятлар ушын жаза илажлары және де күшейтилмекте.

Оғада аўыр түрдеги наркожынаятлар ислеген шахсларға жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етиў тәртиби қолланылмайтуғыны белгиленбекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам ҳуқық қорғаў уйымларының жынаятшылыққа қарсы гүресиўи ушын беккем ҳуқықый тийкар жаратыўға ҳәм тараўға байланыслы жумыс нәтийжелилигин арттырыўға, “наркотиклерден жырақ орталық” жаратыўға, әсиресе, жас әўладты нәшебентлик бәлесинен сақлаўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Сондай-ақ, Сенаттың жалпы мәжилисинде сенаторлар “Санлы маркировкалаў системасының нәтийжелилиги арттырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамды додалады.

Соӊғы жылларда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланып, мәмлекетимизде исбилерменлик жумысын қаржылай қоллап-қуўатлаў, саламат бәсеки орталығын жаратыў ҳәм тийкарсыз тексериўлердиң алдын алыўға қаратылған белгили жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, халықты сапалы тутыныў өнимлери менен тәмийинлеў және өнимлердиң нызамсыз түрде ислеп шығарылыўы ҳәм айланысқа киргизилиўиниң алдын алыў ушын нызамшылықта белгиленген айырым түрдеги өнимлерди идентификация қураллары арқалы мәжбүрий санлы маркировкалаў ҳәм усы өнимлердиң айланысын бақлап барыў системасын буннан былай да күшейтиў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде товарларды маркировкалаў тутыныўшыларды сапасыз, қәлибеки өнимлерди сатып алыўдан қорғаўға мөлшерленгени ҳәм маркировканың бар екенлиги ислеп шығарыўшыны нызам нормалары ҳәм сапа стандартларына қатаң әмел етиўге ийтермелейтуғынын билдирди.

Нызам менен Салық кодексине товарларды (өнимлерди) мәжбүрий маркировкалаўға байланыслы ҳуқықбузарлық ҳаққында еки мәрте рәсмий ескертиў берилгеннен кейин аралықтан салық тексериўин өткериўди нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Сондай-ақ, нызамда аралықтан салық тексериўин өткериў мүддети 5 күн болыўы ҳәм акт электрон ҳүжжет көринисинде рәсмийлестирилиўи белгиленбекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, нызамның қабыл етилиўи жасырын айланыс ҳәм жасырын экономиканың мәмлекет экономикасындағы үлесин қысқартыў, халыққа сапасыз ямаса қәлбеки өнимлерди (алкоголь ишимлиги, темеки өними, дәри қураллары, салқын ишимлик ҳәм басқалар) реализациялаў жағдайларының алдын алыўға хызмет етеди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Буннан соң “Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, Жаңа Өзбекстанда халық ҳәкимиятын толық әмелге асырыў ҳәм мәмлекетлик басқарыўда жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының ролин арттырыў реформалардың тийкарғы бағдары есапланады. Соӊғы жылларда жергиликли Кеңеслердиң аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықты тәшўишке салып атырған машқалаларды шешиў бойынша ўәкилликлери барған сайын кеңейип бармақта.

Бул нызам менен жергиликли ўәкилликли уйымлардың жумысында басқарыўды системалы шөлкемлестириў ҳәм атқарыў ҳәкимияты үстинен парламентлик қадағалаўдың аймақлық түрлерин жетилистириўге қаратылған бир қатар өзгерислер киргизилмекте.

Атап айтқанда, халық депутатлары жергиликли Кеңеслеринде Кеңес баслығының орынбасары институты енгизилмекте. Итибарлы тәрепи, бул лаўазымдағы шахс бир ўақыттың өзинде Кеңес секретариатының баслығы ўәкилликлерин де әмелге асырады. Оған секретариат хызметкерлерин лаўазымға тайынлаў ҳәм босатыў ўәкиллигиниң берилиўи Кеңес аппаратының жергиликли атқарыў ҳәкимиятынан толық бийғәрез болыўын тәмийинлейди.

Жергиликли Кеңеслердиң жумысының үзликсизлигин тәмийинлеў, сессиялар аралығындағы жумысларды нәтийжели муўапықластырыў мақсетинде Кеңес Президиумы шөлкемлестирилмекте. Президиум қурамына Кеңес баслығы, оның орынбасары, турақлы комиссиялардың баслықлары ҳәм сиясий партиялардың топарларының басшылары киргизилетуғыны белгиленбекте.

Биринши мәрте жергиликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер басшыларының депутатлардың сораўларына жуўапларын тыңлаўға қаратылған “Кеңес сааты” институты енгизилмекте. Онда депутатлар халықты қыйнап атырған қыстаўлы мәселелер бойынша жуўапкерлерден оператив жуўап алыў имканиятына ийе болады.

Кешиктирип болмайтуғын жағдайларда бул мәселе Президиумда көрип шығылыўы ҳәм кейин ала сессияда тастыйықланыўы мүмкин.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул нызам жергиликли ҳәкимият системасында демократиялық тыйып турыў ҳәм тең салмақлылық механизмлерин қарар таптырыўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып есапланады.

Нызамның қабыл етилиўи жергиликли Кеңеслердиң социаллық абырайын арттырыўға, аймақлық машқалаларды шешиўде ўәкиллик қадағалаўдың тәсиршеңлигин күшейтиўге және мәмлекетлик ҳәкимият системасында тыйып турыў ҳәм турақлылықты сақлаў механизмин беккемлеўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Сенаттың 15-жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Мәмлекетимизде соңғы жыллары халықтың турақ жайға болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын шараятлар жаратыў, физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен қурылған көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықларды тән алыў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имаратлар менен объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў жумысларын буннан былай да жеделлестириў, ўәкилликли уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, ҳуқықты тән алыўға байланыслы айырым механизмлерди әпиўайыластырыў, пуқаралар ушын қосымша қолайлықлар жаратыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Бул нызам менен “Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында”ғы және “Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққында”ғы нызамларға ҳуқықларды тән алыў менен байланыслы ҳүжжетлерди көрип шығыў мүддетлерин қысқартыўға және ҳуқықларды тән алыў жумысларына байланыслы шағымларды көрип шығыў процесслерин жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Шығып сөйлегенлер атап өткениндей, пуқаралар ушын қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде салық қарыздарлығы түсиниги анықластырылып, жер участкасына болған ижара ҳуқықын тән алыў ушын бир мәртелик төлемди бөлип-бөлип төлеў тәртиби ҳәм шәртлери енгизилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам менен киргизилип атырған нормальар физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң көшпес мүлк объектлерине болған ҳуқықларын тән алыўға тосқынлық етип атырған факторларды сапластырыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.

Сондай-ақ, Сенаттың жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, нызам инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, жынаят-атқарыў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм пробация институтының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған.

Нызамда бир қатар әҳмийетли жаңалықлар нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, Жынаят кодексине киргизилип атырған өзгерислерге муўапық жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилген шахслар үстинен қадағалаў күшейтилип, олардың ўәкилликли уйымларға ўақты-ўақты менен келип дизимнен өтип турыў миннетлемеси белгиленбекте.

Сондай-ақ, судқа шәртли азат етилген шахсқа жүкленген миннетлемелерди толық ямаса бир бөлегин бийкарлаў мәселесин көрип шығыўда адвокат ямаса шахстың өзи өтиниш хатын киргизиўи ушын имканият жаратылмақта.

Жынаят-процессуаллық кодекске киргизилип атырған өзгерислер арқалы шәртли азат етиўди бийкарлаў тәртиби анықластырылып, бул мәселелерди көрип шығыў қамақтағы жасаў орнындағы жынаят ислери бойынша район (қала)лық судының судьясы тәрепинен шешилиўи нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, Жынаят-орынлаў кодекси жаңа бап пенен толықтырылып, шәртли азат етилген шахслар үстинен қадағалаўдың ҳуқықый механизмлери, олардың миннетлемелери ҳәм қадағалаўды сапластырыў тәртиби белгиленбекте.

“Жынаят исин жүргизиў ўақтында қамақта сақлаў ҳаққында”ғы Нызамға тергеў қамақханаларында услап турылған шахслар дем алыс ҳәм жумыс ислемейтуғын байрам күнлери кеминде еки саат сейил етиўи және қосымша түрде кийим-кеншек ҳәм аяқ-кийим алыўы белгиленбекте. Сондай-ақ, азық-аўқат өнимлерин ҳәм ең зәрүр затларды сатып алыў ушын оларға белгиленген пул муғдарын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының бир есесине шекем арттырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Сенат ағзалары атап өткениндей, бул нызам жәмийетте ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, шахсларды дурыс жолға қайтарыў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеў системасын буннан былай да жетилистириўге хызмет етеди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети