Сенаттың жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте

161

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте.

Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.

Сенат баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған мәжилистиң биринши жумыс күнинде электрон коммерция, бала ҳуқықлары, мәдений мийрас, әдил судлаў, санлы маркировкалаў, көшпес мүлк, фитосанитариялық система, тергеў қамақханаларына байланыслы нызамлар мақулланды.

Соның менен бирге, автомобиль базарындағы алдаўшылықлардың алдын алыўға қаратылған ҳуқықый тийкар жаратылды. Күшли тәсир етиўши затлардың нызамға қайшы айланысы ушын жуўапкершилик күшейтилди. Жергиликли кеңеслердиң социаллық статусы арттырылды, аймақлық машқалаларды шешиўде ўәкиллик қадағалаўдың тәсиршеңлиги күшейтилди.

Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күнинде креатив экономика, Жаңа раўажланыў банки, улыўма әскерий миннетлеме ҳәм әскерий хызметке байланыслы нызамлар көрип шығылады.

Парламентлик қадағалаў шеңбериндеги бир қатар мәселелер де додаланады. Соның ишинде, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрине қурылыс тараўында коррупция ҳәм мәплер соқлығысыўының алдын алыў бойынша, Министрлер Кабинетине тәбийий, техноген ҳәм экологиялық өзгешеликтеги айрықша жағдайлар мониторинги жағдайы бойынша парламентлик сораўлар жибериў мәселелери додаланады.

Олий Мажлистиң Бала ҳуқықлары бойынша ўәкили (Балалар омбудсманы)ниң 2025-жылы бала ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылыққа мәмлекетлик уйымлар тәрепинен әмел етилиўи жағдайы ҳаққындағы есабаты тыңланады.

Жоқарғы судтың қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылады.

Норгул Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы