Қытайға сапар шеңберинде әҳмийетли келисимлерге ерисилмекте

180

Қытай мәмлекетинде болып турған Қарақалпақстан делегациясы сапарының гезектеги күнинде Синьцзян жеке исбилерменлер федерациясының баслығы Линг Уинг пенен ушырасыў өткерди.

Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев Қарақалпақстанның бар потенциалы ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди ҳәм синьцзянлы исбилерменлерди Қарақалпақстанға мирәт етти.

Буннан кейин, бир қатар компаниялардың басшылары менен жасалма ҳәўизлерде балық жетистириў ҳәм аквакультура тараўы, пахта шийки затын жетистириў ҳәм қайта ислеў, боян тамырын қайта ислеў ҳәм дәстүрий қытай медицинасы өнимлерин ислеп шығарыў, Қытай банкиниң кредитлери есабынан таяр өндирислик заводты қурыў, майнинг ҳәм криптовалюта жумысы, медицина тараўында кадрлар таярлаў ҳәм емлеў сыяқлы бағдарлар бойынша сөйлесиўлер болып өтти.

Онда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық орталықты жақсылаў бағдарында жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Ушырасыўлар жуўмағы бойынша майнинг ҳәм криптовалюта жумысы менен шуғылланыў, газ конденсатын қайта ислеў жумысын әмелге асырыў, металл конструкция ҳәм қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў, саўда, экспорт-импорт ҳәм логистика тараўларында жәми 227 миллион АҚШ долларына тең жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Сондай-ақ, аўыр ҳәм арнаўлы техникалар ислеп шығарыўшы «China railway construction heavy industry Co., Ltd.» кәрханасы Қарақалпақстанда өзиниң рәсмий сервис хызметлерин көрсетиўши филиалын ашыўға қарар еткенлигин билдирди.

                                                                        Қарақалпақстан хабар агентлиги