Қарақалпақстанға 54 заманагөй электробус алып келинеди

115

Хабарыңыз бар, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басшылығындағы Қарақалпақстан делегациясы ҳүрметли Президентимиздиң тапсырмасы менен Қытай Халық Республикасында әмелий сапар менен болып турыпты.

Сапар шеңберинде делегациямыз жәмийетлик транспортларды ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы ири Sichuan Zhongzhi Shenghe Performance Co., Ltd. компаниясына барып, компания басшылары менен Қарақалпақстан Республикасы ушын Қытайдан 54 электробус ҳәм олар ушын зарядлаў үскенелерин жеткерип бериў мәселелерин додалады.
Ушырасыў даўамында жәмийетлик транспорт системасын модернизациялаў, экологиялық таза транспорт қуралларын енгизиў ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыў бойынша өз-ара пикирлесилди.
Өткерилген ушырасыўда тәреплер арасында улыўма баҳасы 10 миллион АҚШ доллары муғдарындағы жойбарды әмелге асырыў, соның ишинде, 54 электробус ҳәм зарядлаў үскенелерин 2026-жыл 1-августқа шекем Қарақалпақстан Республикасына жеткерип бериў бойынша келисимге ерисилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги