Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Пүткил жер жүзилик урбанизация форумы 13-сессиясының Жетекшилер саммитиндеги шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли Илҳам Ҳайдарович!
Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәршеңизди Пүткил жер жүзилик урбанизация форумының 13-сессиясында, глобаллық раўажланыўдың ең әҳмийетли мәселелери додаланып атырған абырайлы сөйлесиў майданында көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Бүгинги әнжуман “Каспий дүрданасы” болған гөззал Бакуде жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ҳәм бизге көрсетилип атырған жоқары миймандослық ушын Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Гейдарович Алиевке терең миннетдаршылық билдиремен.
Сизиң басшылығыңызда пүткил Әзербайжан жеринде, әсиресе, Қарабағ жеринде үлкен дөретиўшилик жумыслары жедел алып барылмақта. Босатылған аймақларда қысқа мүддетлерде пүткил қалалар қайта тикленип, жаңа турақ жай комплекслери, заманагөй инфраструктура объектлери қурылмақта.
Пурсаттан пайдаланып, мине усындай уллы ислерге мүнәсип үлес қосыўға Өзбекстан бәрқулла таяр екенин атап өтпекшимен.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Күн тәртибине қойылған “Ҳәмме ушын турақ жай: қәўипсиз ҳәм турақлы қалалар және мәҳәллелер” мәселеси бүгин ҳәр қашанғыдан да үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Таллаўларға бола, XXI әсир орталарына барып, планетамыз халқының дерлик 70 проценти қалаларда жасайды.
Ҳәзирги ўақытта урбанизация процеси өзи менен бирге бир қатар социаллық машқалаларды да күшейтип бармақта.
Бүгин дүньяда дерлик 3 миллиард адам бирлемши жасаў шараятларынан айырылған. Олардың бир миллиардтан асламы рәсмий емес турақ жайлар ҳәм қарабақаналарда күн кеширмекте, 300 миллионнан аслам адам болса улыўма баспанаға ийе емес. Климат өзгерислери, қәўипли халықаралық жағдай ҳәм экономикалық кризислер глобаллық миграцияның жаңа толқынларын пайда етип, мәмлекетлер ҳәм қалалар арасында халықтың қайта бөлистирилиўине алып келмекте. Әпиўайы етип айтқанда, урбанизация процесслери глобаллық турақлылық ҳәм қәўипсизликке тиккелей тәсир көрсетиўши әҳмийетли факторға айланбақта.
Булардың барлығы бәршемизден қатаң ҳәм кешиктирип болмайтуғын илажлар көриўди талап етпекте.
Әзиз дослар!
Қалаларды турақлы раўажландырыў мәселеси Жаңа Өзбекстан ушын да стратегиялық әҳмийетке ийе. Жақын 15 жыл ишинде мәмлекетимиз халқы 38 миллионнан 50 миллионға, урбанизация дәрежеси болса 51 проценттен 65 процентке жетиўи күтилмекте. Биз буны аймақларымызды турақлы раўажландырыў ҳәм экономикалық өсимди тәмийинлеў ушын сийрек ушырасатуғын имканият деп есаплаймыз.
Усы мақсетте Өзбекстанда соңғы он жылда қурылып атырған турақ жайлардың жыллық саны 10 есеге артып, 2025-жылы 238 мың шаңараққа жетти, 2030-жылда бул санды және 1,5 есеге арттырамыз; халықты арзан турақ жай менен тәмийинлеў бағдарламаларына ҳәр жылы бюджеттен дерлик 2 миллиард доллар қаржы ажыратылмақта; рәсмий емес турақ жайлар машқаласын шешиў ушын 2024-жылы өз алдына нызам қабыл етилип, 100 мыңға шамалас турақ жайға ҳүжжет рәсмийлестирилип берилди; гөнерген турақ жайларды жаңалаў мақсетинде реновация есабынан қурылатуғын квартиралардың үлесин 15 проценттен 60 процентке жеткериў реже етип алынды.
Бул процесслерди нәтийжели басқарыў мақсетинде Урбанизация миллий комитети шөлкемлестирилди.
Буннан тысқары, “Жасыл мәкан”, “Таза ҳаўа” бағдарламалары шеңберинде қалаларда жасыллық дәрежесин 2030-жылға шекем 30 процентке жеткериў мақсетин алғанбыз.
Қалаларды абаданластырыўда ҳәм халықтың турмыс тәризин жақсылаўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыўы бойынша дәстүрий структура – мәҳәлле институтына кеңнен сүйенемиз.
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Еки миллион халыққа мөлшерленген “Жаңа Ташкент” мегажойбары биз әмелге асырып атырған урбанизация стратегиясының айқын көриниси болып есапланады. Бул жойбарда заманагөй қала қурылысының ең алдынғы шешимлери – “жасыл”, “ақыллы”, “қәўипсиз”, “15 минутлық” қала принциплери толық есапқа алынған.
Биринши басқыштың өзинде бул жерде баҳасы 25 миллиард доллардан аслам инвестициялық жойбарларды басладық.
Жойбар концепциясының презентациясы форум шеңберинде шөлкемлестирилген “Urban Expo” көргизбесинде көрсетилмекте.
Ең әҳмийетлиси, бундай жойбарлар тек ғана пайтахтта емес, ал “Жаңа Өзбекстан” массивлери атамасы астында мәмлекетимиздиң барлық аймақларында әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытқа шекем 61 мине усындай массив қурылды, 2030-жылға барып болса олардың саны 100 ге жетеди.
Усы жерде урбанизация ҳәм қала қурылысы тараўындағы жумысларымызда бизге жақын жәрдемши болып киятырған БМШтың Халық жайласқан орынлар бойынша бағдарламасының атқарыўшы директоры Анаклаудия Россбах ханымға және Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки ҳәм басқа да жетекши финанс институтларына өз миннетдаршылығымды билдиремен.
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Бүгин додаланып атырған мәселелер бойынша бир қатар усыныс ҳәм басламаларды алға қоймақшыман.
Бириншиден, барлық аймақларда халық ушын тең жасаў шараятларын жаратыў киши ҳәм орта қалаларды үнлес раўажландырыўды талап етпекте.
Сол себепли бирге ислесиўши мәмлекетлерди қалаларды раўажландырыўда “мүнәсип урбанизация” принципин кеңнен енгизиўге шақыраман.
Екиншиден, қала басқарыўында жасалма интеллект ҳәм санлы трансформация имканиятларынан барлық мәмлекетлер теңдей пайдалана алыўы зәрүр.
Бул тараўда технология, стандартлар ҳәм тәжирийбелерди системалы алмасыўға қаратылған халықаралық “Ақыллы ҳәм қәўипсиз қалалар альянсын” дүзиўди усыныс етемен.
Үшиншиден, жаслар ҳәм халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын сапалы ҳәм арзан турақ жайлар менен тәмийинлеў оғада әҳмийетли.
Усы мақсетте келеси жылы Самарқанд қаласында турақ жай қурылысына қаржы ҳәм инвестицияларды тартыўдағы жаңаша көзқараслар бойынша халықаралық форум өткериўге таярмыз.
Төртиншиден, глобаллық климат өзгерислерин есапқа алған ҳалда “жасыл қалалар”ды қурыўдың улыўма принциплерин ҳәм стандартларын қабыл етиў үлкен әҳмийетке ийе болмақта.
Қалалардың тәбият пенен үнлес раўажланыўын хошаметлеў мақсетинде БМШ-Ҳабитаттың “Жасыл қала” халықаралық сыйлығын шөлкемлестириўди усыныс етемен.
Бесиншиден, урбанизация дәрежесиниң өсиўи қалалардағы өзин-өзи басқарыўдың дәстүрий структураларының ролин және де арттырмақта.
Усы мүнәсибет пенен Пүткил жер жүзилик урбанизация форумының 15-сессиясын 2030-жылы Жаңа Ташкент қаласында өткериўди ҳәм оның бас темасын “Қалалардың турақлы раўажланыўында мәҳәлле институтының орны” деп атаўды усыныс етемен.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бүгинги илаж өз-ара пайдалы ҳәм перспективалы мәселелер бойынша биргеликте шешимлер табыўға, жаңа басламаларға жол ашыў ҳәм тараўдың раўажланыўына салмақлы үлес қосатуғынына исенемен.
Сөзимниң жуўмағында форумның жумысына тасқын табыслар тилеймен.