Өзбекстан Президенти Пүткил жер жүзилик урбанизация форумының ашылыў мәресиминде қатнасты

77

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев БМШтың Елатлы пунктлер бойынша бағдарламасы қәўендерлигинде Баку қаласында өткерилип атырған Пүткил жер жүзилик урбанизация форумының 13-сессиясының ашылыў мәресиминде қатнасты.

Пайтахттың Конгресс-орайында мәмлекетимиз басшысын Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм БМШтың Елатлы пунктлер бойынша бағдарламасының атқарыўшы директоры Анаклаудия Россбах қутлықлады.

Қатнасыўшылардың биргеликте сүўретке түсиў мәресими болып өтти.

Бул ретки форумның темасы – “Ҳәмме ушын турақ жай: қәўипсиз ҳәм турақлы қалалар және жәмийетлер”. Онда мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық шөлкемлер және раўажланыў институтларының басшылары қатнаспақта.

Форум күн тәртибинен қалаларды турақлы раўажландырыў, халықты заманагөй ҳәм арзан турақ жай менен тәмийинлеў, қала орталығының сапасын арттырыў, климат турақлылығын беккемлеў, социаллық ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыў және турақ жайды қаржыландырыў механизмлерин жетилистириў мәселелери орын алған.

Өзбекстан Президенти форум шеңбериндеги Жетекшилер саммитинде шығып сөйлейди.

ӨзА