Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли делегациялар басшылары!
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Бәринен бурын, ески ҳәм нәўқыран Түркстан қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес сөйлесиўин өткериў басламасы, бәршемизге көрсетилип атырған жоқары ҳүрмет ҳәм дәстүрий миймандослық ушын Қазақстан Республикасы Президенти, ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Сондай-ақ, Структурамыздың халықаралық абырайын беккемлеў жолында үлкен ҳәрекетлерди әмелге асырып атырған Әзербайжан Республикасы Президенти, ҳүрметли Илҳам Гейдарович Алиевке нәтийжели басшылығы ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Бүгинги әнжуман мусылман үмметиниң уллы байрамы – мүбәрек Қурбан ҳайыты қарсаңына туўра келип атырғанында терең символикалық мәни жәмленген. Себеби, бизиң әййемги тарийхымыз, муқаддес динимиз, мәдений ҳәм ағартыўшылық тамырларымыз, әзелий қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз уқсас.
Гөззал Түркстан қаласы Уллы жипек жолының әҳмийетли саўда ҳәм мәденият орайы есапланған. Усы жерде уллы бабамыз Хожа Ахмед Яссаўий ҳәзиретлери мәңгилик тынышлық тапқан. Бул теберик қала биз ушын, бәринен бурын, халықларымыздың бирлиги ҳәм аўызбиршилигиниң айқын тымсалы болып табылады.
Ҳүрметли Президент Қасым-Жомарт Кемелевичтиң халқымыздың туўысқан Қазақстан елине дослық саўғасы сыпатында қурылған саўлатлы жоме мешити ҳаққында ҳәзир билдирген қызғын пикирлери ушын рахмет айтпақшыман.
Қазақстан басшылығының Түркстандың архитектуралық келбетин түп-тийкарынан өзгертиўге қаратылған үлкен дөретиўшилик жумыслары бул гөззал жерди туўысқан халықларымыздың улыўма руўхый орайларынан бирине айландыратуғыны сөзсиз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Бүгинги ушырасыўымыз дүньяда ҳәр қыйлы қарама-қарсылықлар барған сайын ҳәўиж алып атырған дәўирге туўра келмекте. Халықаралық қатнасықларда исеним жетиспеўшилиги және де күшейип, глобаллық институтлардың орны ҳәм тәсири барған сайын төменлеп бармақта. Бул машқалалар бизден өз-ара сөйлесиўлерди жеделлестирип, әҳмийетли мәселелер бойынша үйлес позицияларды ислеп шығыўды талап етпекте.
Усы көзқарастан, Түркий дүньяның интеграциясы бул халықларымыз тәғдирине тиккелей байланыслы болған узақ мүддетли стратегиялық мәселе болып есапланады.
Кейинги жылларда Түркий мәмлекетлер шөлкеми турақлы раўажланыў пәтлерин көрсетип атырған абырайлы структураға айланды. Мәселен, 2025-жылы мәмлекетлеримиздиң улыўма экономикалық потенциалы 2,4 триллион долларға артты ҳәм оның динамикасы глобаллық өсимнен еки есе жоқары (6,8 процент) болды.
Өткен жылдың өзинде Өзбекстанның Шөлкем мәмлекетлери менен саўда айланысы 14 процентке өсти (11 миллиард доллар). Усы жылдан Түркий инвестиция қоры операциялық жумысын баслады, Орайлық банклер кеңеси, Жасыл қаржыландырыў бойынша Түркий кеңестиң жумысы жолға қойылды.
Булардың барлығы Шөлкемимиздиң институционаллық жақтан барған сайын беккемленип атырғанын айқын тастыйықлайды.
Қәдирли дослар!
Алдымызда көп тәреплеме қатнасықларымызға системалы түс бериў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар тур.
Бүгинги саммиттиң жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў темасына бағышланғаны тегиннен емес. Үлкелеримизде жасап, дөретиўшилик пенен шуғылланған уллы бабаларымыз – Муҳаммад Хорезмий, Аҳмад Фарғаний, Әбиў Райхан Беруний, Мырза Улығбек алгоритм, математика, астрономия ҳәм физика илимлериниң раўажланыўына шексиз үлес қосып, усы тәризде ҳәзирги жасалма интеллекттиң раўажланыўы ушын тийкар жаратқан.
Биз ата-бабаларымыздың мине усындай бийбаҳа мийрасына сүйенип, бүгин Түркий дүньяның жаңа санлы раўажланыў дәўирин қурып атырмыз. Бул бағдарда бирге ислесиўди раўажландырыў ушын бир қатар басламаларды алға қоймақшыман.
Бириншиден, Шөлкемимиз шеңберинде жасалма интеллект тараўында стратегиялық бирге ислесиў тармағын қәлиплестириў – бүгинги дәўир талабы.
Бул нәтийжели механизм арқалы биз экономикалық өсимниң жаңа ноқатларын белгилеў, бултлы ҳәм квант есаплаў технологияларын раўажландырыў, ашық ҳәм заманагөй бирден-бир санлы мәканды жаратыў имканиятына ийе боламыз.
Өзбекстан соңғы жыллары сырт елли инвесторлар менен дата орайлар жаратыўға 6 миллиард доллар инвестиция тартпақта. Биз региондағы дата орайларын жоқары тезликтеги байланыс каналлары менен байланыстыратуғын “Санлы түркий коридор концепциясы”н ислеп шығыўды усыныс етемиз. Бул тараўдағы әмелий байланысларымызды және де күшейтиў мақсетинде Ташкент қаласында ағза мәмлекетлердиң қатнасыўында Технологиялар форумын өткериўди режелестиргенбиз.
Екиншиден, илим, билимлендириў ҳәм жаслар мәселелеринде бирге ислесиўди тереңлестириў – улыўма мақсетимиз.
Илимий-руўхый мийрасты пуқта үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ушын Ташкент қаласында қурылған Ислам цивилизациясы орайы регионаллық ири илимий-ағартыўшылық орайға айланып бармақта. Усы күнлерде комплексте ТҮРКСАЙдың офиси ашылғанын қоллап-қуўатлаймыз. Бул орай ТҮРКСАЙ ҳәм Түркий академия менен тарийхый-мәдений дереклеримизди бирден-бир “үлкен мағлыўматлар” платформасына жәмлесе, халықларымыз ушын пайдалы жумыс болар еди.
Соның менен бирге, Яссаўий тариқатының кеңпейиллик ҳәм ағартыўшылық идеяларын биргеликте терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўды усыныс етемиз.
Хабарыңыз бар, быйыл Хийўа қаласына “Түркий дүнья жасларының пайтахты” статусы берилди. Бул қарар, әсиресе, ул-қызларымызға күшли мотивация бағышлады. Илажлар шеңберинде Жас лидерлер форумы ҳәм Халықаралық жаслар фестивалын өткериўге таярмыз.
Биз жеделлик пенен өзгерип атырған заман талапларына сәйкес ҳәм бәсекиге шыдамлы кадрлар таярлаў мақсетинде “5 миллион жасалма интеллект жетекшилери” бағдарламасын әмелге асырып атырғанымызды атап өтиў керек. Ҳәзирги ўақытқа шекем бул жойбар арқалы 1 миллионнан аслам ул-қызларымыз басланғыш көнликпелерге ийе болды.
Жаслардың перспективалы стартаплары, инновациялық қолланбалары, жасалма интеллектке тийкарланған ҳәр қыйлы шешимлерин қаржыландырыў ушын биз Қазақстан менен дүзип атырған Қоспа венчур қорына Шөлкемниң барлық ағзаларын қосылыўға шақырамыз.
Үшиншиден, транспорт байланыслылығын жақсылаў ушын санлы логистика платформаларын жаратыў ҳәм интеграциялаў үлкен әҳмийетке ийе.
Усы жерде Өзбекстан ҳәм Шөлкемге ағза барлық мәмлекетлер арасында “Е-Permit” электрон руқсатнамалар системасының толық иске қосылғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен. Орта коридордың стратегиялық ролинен келип шығып, биз оны ҳәзирги ўақытта қурылып атырған “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы менен байланыстырыўға үлкен итибар қаратамыз.
Шегараларда бажыхана ҳәм транзит тәртип-қағыйдаларын жеңиллестириў бойынша қол қойылған Әпиўайыластырылған бажыхана коридоры ҳаққындағы келисимди турмысқа енгизиў ҳәм мағлыўматлар алмасыўды толық санластырыўымыз зәрүр. Бул логистика шынжырлары бойлап мағлыўматлар узатыў, жүклерди бақлаў ҳәм процесслерди үйлесимли шөлкемлестириў имканиятын береди.
Төртиншиден, экологиялық машқалалар ҳәм климат өзгериўи мәмлекетлеримизден муўапықластырылған ҳәрекетлерди әмелге асырыўды талап етпекте.
Бундай машқалаларға нәтийжели шешим табыў ушын жасалма жолдас мағлыўматлары тийкарында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң климат қәўиплерин мониторинг етиў системасын жаратыў әҳмийетли. Онда қурғақшылықты ерте анықлаў, топырақтың жемирилиўи ҳәм музлықлардың ериўи менен байланыслы жағдайды турақлы бақлап барыў, трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў тараўына жасалма интеллектти енгизиўге итибар қаратыў зәрүр.
Ташкенттеги Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгериўин үйрениў университетинде Түркий мәмлекетлер жаслары ушын 2026-2027-оқыў жылларында 50 грант ажыратылды. Жасларымызды бул имканияттан үнемли пайдаланыўға шақырамыз.
Экология мәселелерине итибарды және де күшейтиў мақсетинде Шөлкемимиз шеңберинде 2027-жылды “Тәбиятты қорғаў жылы” деп жәриялаўды усыныс етемиз.
Пурсаттан пайдаланып, сизлерди усы жылы Самарқандта өтетуғын Глобаллық экологиялық қор ассамблеясында ҳәм Суўды үнемлеў бойынша Пүткил жер жүзилик форумға белсене қатнасыўға шақыраман.
Және бир мәселе. Терроризм, экстремизм ҳәм жат ағымларға қарсы гүресиўде ҳуқық қорғаў уйымлары арасындағы бирге ислесиўди күшейтиўден мәпдармыз. Бул процессте киберқәўипсизлик тараўындағы байланысларды кеңейтиў ҳәм заманагөй қәнигелер таярлаў, оператив мәлимлеме алмасыў үлкен әҳмийетке ийе.
Жаңа қәўип-қәтерлерди анықлаў ҳәм олардың алдын алыў ушын түркий дүнья шеңберинде бирден-бир қәўипсизлик ҳәм исеним мәканын жаратыўымыз керек. Бул бағдарда улыўма механизм – Киберқәўипсизлик ҳәм санлы инфраструктураны қорғаў бойынша Түркий альянсты дүзиў басламасын алға қоямыз.
Сондай-ақ, жасалма интеллекттен пайдаланыўда этика ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларына қатаң әмел етиў, әсиресе, әҳмийетли. Усы жылы Самарқанд қаласында өткерилетуғын Шөлкем сыртқы ислер министрлери ҳәм арнаўлы хызметлер басшыларының қоспа ушырасыўында бул мәселелерге айрықша итибар қаратыў мақсетке муўапық.
Қәдирли дослар!
Уллы бабамыз Ахмет Яссаўий ҳәзиретлериниң “Девони ҳикмат” шығармасында аўызбиршилик ҳәм татыўлық ҳаққында атап өткен төмендеги қатарлары бүгинги күнде және де тереңирек көзге тасланбақта:
Түркий елге меҳир еттим,
Бирлик жолын ҳақ деп билдим.
Биз жаңа дәўирде мәмлекетлеримиздиң интеллектуаллық потенциалын ҳәм дөретиўшилик қүдиретин бирлестире алсақ, сөзсиз, түркий дүнья алдынғы шешимлер, турақлы раўажланыў мәканына айланады.
Тийкарғы мақсетимиз – перзентлеримизге тек ғана уллы тарийхымызды емес, ал келешек әўладларымыз да мақтанса арзыйтуғын бийбаҳа мийрасты қалдырыў болып табылады.
Бүгин қабыл етилетуғын Түркстан декларациясы тили ҳәм кеўли бир-бирине тығыз байланысқан халықларымыздың жақсы ниетлерин және де беккемлеп, “Түркий дүнья нәзери – 2040” концепциясында белгиленген жоқары мақсетлерге ерисиў жолында гезектеги әҳмийетли қәдем болады, деп исенемен.