Түркий мәмлекетлер шөлкеминиӊ рәсмий емес саммитинде бир қатар басламалар алға қойылды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола 15-май күни әмелий сапар менен усы мәмлекетте болды.
Сапар шеңберинде дәслеп Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен биргеликте Түркстан қаласында Өзбекстан тәрепинен қурылған мешит пенен танысты.
Комплекстиң улыўма майданы 7 гектардан асламды қурайды, онда 5 мыңнан аслам адам намаз оқыўы мүмкин. Салтанатлы ансамбль төрт 70 метрлик минара және тийкарғы зал ҳәм дәстүрий әйўанларды өз ишине алған үш қабатлы бас имараттан ибарат.
Ислам ҳәм Шығыс архитектурасының ең жақсы дәстүрлерине муўапық қурылған жоме мешитинде миллий нағыслар, шығыслық гүмбезлер, бийик минаралар ҳәм заманагөй қурылыс технологиялары үйлесикли көринис алған. Мешиттиң ишки безеўинде ислам каллиграфиясы ҳәм нағыс ойыў өнериниң үлгилеринен кеңнен пайдаланылған.
Әтираптағы 4,2 гектар майданды абаданластырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Бул жерде жасыл майданлар, жоллар, дем алыў орынлары, жақтыландырыў системалары, декоратив қурылмалар ҳәм фонтанлар қурылмақта.
Өзбекстан тәрепинен туўысқан Қазақстан халқы ҳәм Түркстан халқына саўға сыпатында қурып питкерилген бул саўлатлы комплекс еки мәмлекет арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм мәдений жақынлық, жақсы қоңсышылық ҳәм аўқамласлық қатнасықларының айқын көриниси болғаны атап өтилди.
Қуран аятлары оқылып, туўысқан халықларымызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеп, пәтия етилди.
Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың ушырасыўы болып өтти.
Қызғын сөйлесиўде Өзбекстан – Қырғызстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Өз-ара саўда көлеми жедел өсип, санаат, аўыл, суў хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда кооперациялық жойбарлар алға қойылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңейип бармақта.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери, энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы ири регионаллық жойбарларды, соның ишинде, “Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жолы қурылысын жеделлестириў илажлары додаланды.
Сондай-ақ, жетекшилер регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысты ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режесин көрип шықты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен де ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысының усы жылы январь айында Анкараға рәсмий сапары Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа, және де жоқары басқышқа алып шыққаны атап өтилди.
Жоқары дәрежеде ерисилген әҳмийетли келисимлердиң орынланыўы бойынша жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўлар даўам етип атырғаны, министрликлер ҳәм уйымлар арасында жаңа система жаратылғаны нәтийжесинде көп тәреплеме бирге ислесиў байланыслары нәтийжели раўажланып атырғаны атап өтилди.
Усы жылдың басынан берли өз-ара товар алмасыў көлеми, қоспа кәрханалар, мәмлекетлер арасындағы авиақатнаўлардың саны жедел өсип бармақта. Түрк компанияларының қатнасыўында салмақлы жойбарлар портфели қәлиплестирилип, жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.
Өзбекстан ҳәм Түркия басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер делегацияларының басшылары менен биргеликте Түркстан қаласының тарийхый-мәдений орайында болды.
Жоқары мәртебели мийманлар Орайлық Азиядағы ислам архитектурасының жарқын естеликлеринен бири, Қазақстанның бас руўхый орайы болған Хожа Аҳмад Яссаўий мақбарасын зыярат етти.
XIV әсирдиң ақырында Әмир Темурдың буйрығына бола қурылған бул мақбара бүгинги күнде ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген болып, Орайлық Азиядағы орта әсир ислам архитектурасының ең сийрек ушырасатуғын ҳәм саўлатлы үлгилеринен бири болып есапланады. Оның қурылысы 1389-1391-жылларда басланып, XIV әсир ақырына шекем даўам еткен. Комплексти қурыўда Маўараўннахр усталары, сондай-ақ, басқа аймақлардан келген архитектор ҳәм нағыс ойыўшылар қатнасқан.
Жетекшилер уллы суфий шайыр ҳәм ойшылдың естелигине ҳүрмет көрсетти.
Сондай-ақ, делегациялардың басшылары “Ҳәзирети Султан” музей-қорықханасының сапар етиў орайы менен танысты. Бул жерде зыяратшыларды ҳәм мийманларды қабыл етиў, көргизбелер шөлкемлестириў ҳәм Түркстанның бай тарийхый-мәдений мийрасын көрсетиў ушын заманагөй шараятлар жаратылған. Орайда орта әсирлер дәўирине байланыслы сийрек ушырасатуғын мийрасты сақлаў, үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған турақлы музей экспозициясы – “Сийрек ушырасатуғын экспонатлар залы” айрықша орын ийелейди.
Экспозицияда Хожа Аҳмед Яссаўий мавзолейи менен байланыслы сийрек ушырасатуғын тарийхый естеликлер, соның ишинде, ХIV-XV әсирлерге тийисли әййемги естеликлер, орта әсирлер архитектуралық ҳәм әмелий безеў көркем өнери және гүлалшылық үлгилери орын алған. Мақбараның тийкарғы есиги, Хожа Аҳмед Яссаўий қәбири үстиндеги жабыў, Әмир Темур тәрепинен саўға етилген қола шамшырақлар, сондай-ақ, Түркстанның әййемги тарийхын ашып беретуғын археологиялық ҳәм керамикалық табылмалар усылардың қатарына киреди.
Бундай естеликлер ҳәм мәдений жойбарлар руўхый мийрасты қәстерлеп сақлаў, тарийхый естеликти беккемлеў, улыўма тамырлар, исеним ҳәм дәстүрлер менен байланысқан туўысқан халықларымызды және де жақынластырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.
Усы күни мәмлекетимиз басшысы Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң “Жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў” темасындағы рәсмий емес саммитинде қатнасты.
Мәжилис басланыўынан алдын жетекшилер Түркий цивилизация орайының қурылысына тырнақ тасын қойыў мәресиминде қатнасты.
Қазақстанның басламасы менен қурылып атырған бул комплекс түркий халықлардың уқсас тамырлары, бай тарийхый-мәдений мийрасы ҳәм цивилизациялар бирлигин көрсетиўге хызмет етеди. Жойбар түркий дүнья мәмлекетлери арасында илимий, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў, руўхый жақынлықты беккемлеў, улыўма қәдирият ҳәм дәстүрлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған.
Буннан соң жетекшилерге Қазақстанның санлы шешимлери ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң IТ ҳәм жасалма интеллект тараўындағы биргеликтеги басламалары таныстырылды.
Түркстан қаласында болып өткен саммитте Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, ТМШ бас хаткери Кубаничбек Омуралиев те қатнасты.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша пикир алысылып, көп тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм әмелий шерикликтиң тийкарғы бағдарлары ҳәр тәреплеме додаланды.


Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында Уллы жипек жолының әҳмийетли саўда ҳәм мәденият орайы есапланған Түркстан қаласында рәсмий емес саммит жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевқа миннетдаршылық билдирди.
Сондай-ақ, ШБШдағы нәтийжели басшылығы ҳәм структураның халықаралық абырайын беккемлеў жолында әмелге асырып атырған ҳәрекетлери ушын Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевке миннетдаршылық билдирди.
Түркий дүнья интеграциясы туўысқан халықларымыздың тәғдирине тиккелей байланыслы болған узақ мүддетли стратегиялық мәселеге айланып атырғаны атап өтилди.


– Бүгинги ушырасыўымыз дүньяда ҳәр қыйлы қарама-қарсылықлар барған сайын ҳәўиж алып атырған дәўирге туўра келмекте. Халықаралық қатнасықларда исеним жетиспеўшилиги және де күшейип, глобаллық институтлардың орны ҳәм тәсири барған сайын төменлеп бармақта. Бул машқалалар бизден өз-ара сөйлесиўлерди жеделлестирип, әҳмийетли мәселелер бойынша сәйкес позицияларды ислеп шығыўды талап етпекте, – деди Өзбекстан Президенти.
Соӊғы жылларда Түркий мәмлекетлер шөлкеми турақлы раўажланыў пәтлерин көрсетип атырған абырайлы структураға айланды. Соның ишинде, 2025-жылы мәмлекетлеримиздиң улыўма экономикалық потенциалы 2,4 триллион доллардан асты ҳәм оның динамикасы глобаллық өсиўден еки есеге жоқары болды.
Өткен жылдың өзинде Өзбекстанның ТМШ мәмлекетлери менен саўда айланысы 14 процентке өсти. Усы жылдан Түркий инвестиция қоры операциялық жумысын баслады. Орайлық банклер кеңеси, “жасыл” қаржыландырыў бойынша Түркий кеңестиң жумысы жолға қойылды.


Мәмлекетимиз басшысы алдында көп тәреплеме қатнасықларға системалы түр бериў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар турғанын атап өтти. Қалаберди, саммиттиң жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў темасына бағышланғаны да бийкарға емес.
– Үлкелеримизде жасап дөретиўшилик пенен шуғылланған уллы бабаларымыз – Муҳаммад Хорезмий, Аҳмад Ферғаний, Әбиў Райхан Беруний, Мырза Улығбек алгоритм, математика, астрономия ҳәм физика илимлериниң раўажланыўына шексиз үлес қосып, усы тәризде ҳәзирги жасалма интеллекттиң раўажланыўы ушын тийкар жаратқан. Биз ата-бабаларымыздың мине усындай бийбаҳа мийрасына сүйенип, бүгин Түркий дүньяның жаңа санлы раўажланыў дәўирин қурып атырмыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде бул бағдарда бирге ислесиўди раўажландырыў ушын бир қатар анық басламаларды алға қойды.


Өзбекстан басшысы глобаллық технологиялық процесслерди есапқа алған ҳалда шөлкем шеңберинде жасалма интеллект тараўында стратегиялық бирге ислесиў тармағын қәлиплестириў зәрүр екенлигин атап өтти. Бул баслама квант есаплаў технологиялары ҳәм бирден-бир санлы мәканды жаратыў арқалы экономикалық өсиўдиң жаңа ноқатларын белгилеўге хызмет етеди.
Сондай-ақ, регионаллық мағлыўматлар алмасыўын тәмийинлейтуғын “Санлы түркий коридор концепциясы”н ислеп шығыў ҳәм Ташкент қаласында ТМШға ағза мәмлекетлердиң Технологиялар форумын өткериў усыныс етилди.
Илимий-руўхый мийрасты пуқта үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ушын Ташкент қаласында қурылған Ислам цивилизациясы орайы регионаллық ири илимий-ағартыўшылық орайға айланып бармақта. Усы күнлерде комплексте ТҮРКСАЙдың офиси ашылды.

– Бул орай ТҮРКСАЙ ҳәм Түркий академия менен тарийхый-мәдений дереклеримизди бирден-бир “үлкен мағлыўматлар” платформасына жәмлесе, халықларымыз ушын пайдалы жумыс болар еди, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Саммитте Яссаўий тариқатының кеңпейиллик ҳәм ағартыўшылық идеяларын биргеликте терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў усынысы да берилди.
Жас әўладты заманагөй кәсиплерге таярлаў мақсетинде Өзбекстан тәрепинен әмелге асырылып атырған “5 миллион жасалма интеллект жетекшилери” бағдарламасы жоқары баҳаланбақта. Президентимиз жаслардың стартап жойбарларын қаржыландырыў ушын Өзбекстан ҳәм Қазақстан тәрепинен шөлкемлестирилип атырған Биргеликтеги венчур қорына ағза мәмлекетлерди қосылыўға шақырды.
Жүк тасыў процесслерин әпиўайыластырыў мақсетинде ағза мәмлекетлер арасында “E-Permit” электрон руқсатнамалар системасының толық жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Стратегиялық әҳмийетке ийе болған орта коридорды ҳәзирги ўақытта қурылып атырған “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы менен байланыстырыў ҳәм бажыхана мағлыўматларыныӊ алмасыўын толық санластырыў бойынша әмелий ўазыйпалар белгилеп берилди.
Климат өзгериўине қарсы муўапықластырылған ҳәрекетлерди шөлкемлестириў мақсетинде 2027-жылды түркий дүньяда “Тәбиятты қорғаў жылы” деп жәриялаў басламасы алға қойылды.
Соның менен бирге, жасалма жолдас мағлыўматлары тийкарында ТМШ климат қәўип-қәтерлерин мониторинг етип барыў системасын жаратыў ҳәм қурғақшылықты ерте анықлаў, трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў процесине жасалма интеллектти енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Терроризм, экстремизм ҳәм киберқәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде беккем ҳуқықый ҳәм технологиялық тийкар жаратыў мақсетинде Киберқәўипсизлик ҳәм санлы инфраструктураны қорғаў бойынша Түркий альянсты дүзиў усынысы берилди.
Өзбекстан жетекшиси өзиниң шығып сөйлеген сөзиниң жуўмағында атап өткениндей, интеллектуаллық потенциал ҳәм аўызбиршиликтиң үнлеслиги Түркий дүньяны турақлы раўажланыў ҳәм алдынғы шешимлер мәканына айландырады.
Саммит жуўмағында Түркстан декларациясы қабыл етилди.
Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстанға әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА