Ахалтеке атлары бойынша “Шығыс гәўҳары – 2026” жәҳән чемпионатының жеңимпазларына

Қәдирли дослар, әзиз мийманлар!
Бәринен бурын, халықаралық ат спорты жарысының жуўмақларына бағышлап өткерилип атырған бул салтанатлы мәресимде қатнасып атырған барлық ўатанласларымыз ҳәм ҳүрметли мийманларымызды қызғын қутлықлайман.
Жарысларда жоқары шеберлик ҳәм мәртлик, миллий дәстүрлерге садықлық үлгисин көрсетип, үлкен нәтийжелерге ерискен барлық жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин қызғын қутлықлаймыз.
Бүгинги мәресим пайтахтымыздағы саўлатлы ҳәм пайызлы “Ашхабад” бағында өткерилип атырғанында терең символикалық мәни бар. Бул гөззал орын тек ғана өзиниң тәкирарланбас архитектуралық көриниси менен емес, ал өзбек ҳәм түркмен халықлары арасындағы көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық, өз-ара исеним ҳәм бирдей руўхый тамырлардың айқын тымсалы сыпатында айрықша әҳмийетке ийе.
Усы күнлерде мәмлекетлеримиз ўәкиллери арасында өткерилген жарыслар ҳәм оның жеңимпазларына ҳүрмет көрсетиўге бағышланған бул салтанатлы илаж да халықларымыз арасындағы руўхый жақынлықты буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Әзел-әзелден азатлық, мәртлик, садықлық, ерлик ҳәм гөззаллық тымсалы болып келген атқа меҳир ҳәм итибар Орайлық Азия халықларына тән болған уллы пазыйлет болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта да туўысқан еллеримиз мине усы бийбаҳа мийрасты мүнәсип даўам еттирип, шабандозлық көркем өнерин және де жоқары басқышқа алып шығып атырғанын айрықша атап өтиў керек.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Халықаралық көлемде ат спортын раўажландырыў бойынша Түркменстан Президенти ҳүрметли Сердар Гурбангулиевич Бердимуҳамедов ҳәм Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы, қәдирли достым Гурбангули Мяликгулиевич Бердимуҳамедовтың басшылығында әмелге асырылып атырған избе-из реформалар себепли мәмлекет үлкен жетискенликлерге ериспекте, халықаралық майданда өз абырайын беккемлемекте.
Дүнья жәмийетшилиги Түркменстанның тынышлықты сүйиўши, конструктивлик сиясатын, мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў, миллий қәдириятларды қәстерлеп сақлаў ҳәм мәдений мийрасты байытыў бағдарындағы табысларын жоқары тән алмақта.
Бул ҳаққында сөз еткенде, әййемги ахалтеке жылқышылығы дәстүрлерин мүнәсип даўам еттириў, оның даңқын пүткил дүньяға үгит-нәсиятлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды айрықша атап өтиў орынлы болады.
Бүгинги күнде ахалтеке тулпарлары тек ғана түркмен халқының миллий мақтанышы емес, ал пүткил регионымыздың мәдений мийрасының бийбаҳа дүрданасы сыпатында қәдирленбекте.
“Ғәрезсиз бийтәреп Түркменстан – мақсетке умтылыўшы қанатлы тулпарлар ўатаны,” деп жәрияланған быйылғы жылы өткерилип атырған руўхый-ағартыўшылық илажлар, халықаралық әнжуманлар, илимий форумлар ҳәм байрам салтанатлары дүнья халықларының шабандозлық көркем өнерине болған қызығыўшылығын және де арттырмақта.
Жаңа Өзбекстанда да миллий қәдириятларды қәстерлеп-сақлаў, ата-бабаларымыздан мийрас сийрек ушырасатуғын дәстүрлерди келешек әўладларға зыянсыз жеткериў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланған. Атап айтқанда, миллий спорт түрлерин раўажландырыў, ат спортын ғалаба ен жайдырыў, нәсилли жылқышылықты қоллап-қуўатлаў ҳәм заманагөй инфраструктураны жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Шебер шабандозлар, тәжирийбели сейислер ҳәм пидайы қәнигелеримиз бул тараўдағы миллий мектеплердиң абырайын жоқарылатыў, жас әўладты күш-ғайрат, ўатансүйиўшилик ҳәм саламат турмыс тәризи руўхында тәрбиялаўға мүнәсип үлес қоспақта.
Биз келешекте де мәмлекетлеримиз арасында мәдений-гуманитарлық байланысларды кеңейтиў, әзелий дослығымызды буннан былай да беккемлеў жолында барлық ҳәрекетлеримизди жумсаймыз.
Пурсаттан пайдаланып, жарысларда жоқары нәтийжелерге ерискен барлық жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин және бир мәрте қызғын қутлықлайман.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт, жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.
Өзбек-түркмен дослығы ҳәмийше мәңги болсын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти