Өзбекстан Президенти Қазақстан Президентин туўылған күни менен қутлықлады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-май күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевты туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, туўысқан Қазақстан халқының тыныш-татыў турмысы ҳәм раўажланыўы жолындағы жуўапкершиликли мәмлекетшилик жумысына үлкен табыслар тиледи.
Өзбекстан жетекшиси Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң Түркстандағы рәсмий емес саммити ҳәм мазмунлы сөйлесиўлер жоқары дәрежеде таярланғаны ҳәм өткерилгени, олар себепли қатнасыўшы мәмлекетлер арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў жаңа пәтке ийе болғанын айрықша атап өтти.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан – Қазақстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Өз-ара пайдалы бирге ислесиў барлық тараўларда жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жақын жылларда еки тәреплеме товар алмасыўдың көлемин 10 миллиард долларға жеткериў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта, инвестициялық жумыс, соның ишинде, Халықаралық санаат кооперациясы орайы шеңберинде кеңеймекте, энергетика, транспорт, экология ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда перспективалы жойбар ҳәм басламалар әмелге асырылмақта.
Болажақ Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси, Аймақлар басшылары кеңесиниң биринши ушырасыўы ҳәм басқа да механизмлер шеңберинде жаңа экономикалық күн тәртибин ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режеси де көрип шығылды.
ӨзА