Бүгин Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Бас директоры – Абдусаид Кўчимовтың туўылған күни

158

Абдусаид Кўчимов – 1951-жыл 15-май күни Самарқанд ўәлаятының Үргит районында туўылған.

1972-жылы Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институтының (ҳәзирги университет) өзбек тили ҳәм әдебияты факультетин тамамлаған.

“Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист” атағы, “Меҳнат шуҳрати” ордени, “Шуҳрат” медалы менен сыйлықланған.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң бөлим баслығы, Өзбекстан Президенти аппараты Мәлимлеме орайының басшысы, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы, “Ташкент” телерадиоканалының бас директоры, “Хабар” газетасының бас редакторы лаўазымларында жумыс ислеген. Дөретиўшиниң жигирмаға шамалас қосық ҳәм прозалық китаплары басып шығарылған.

2017-жыл 10-августтан ӨзАның Бас директоры болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги