Өзбекстан Президенти Түркстанның тарийхый-мәдений орайы менен танысты

224

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер делегацияларының басшылары менен биргеликте Түркстан қаласының тарийхый-мәдений орайында болды.

Жоқары мәртебели мийманлар Орайлық Азиядағы ислам архитектурасының жарқын естеликлеринен бири, Қазақстанның бас руўхый орайы болған Хожа Аҳмед Яссаўий мақбарасын зыярат етти.

XIV әсирдиң ақырында Әмир Темурдың буйрығына бола қурылған бул мақбара бүгинги күнде ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик мийрасы дизимине киргизилген болып, Орайлық Азиядағы орта әсир ислам архитектурасының ең сийрек ушырасатуғын ҳәм саўлатлы үлгилеринен бири болып есапланады. Оның қурылысы 1389-1391-жылларда басланып, XIV әсир ақырына шекем даўам еткен. Комплексти қурыўда Маўараўннахр усталары, сондай-ақ, басқа аймақлардан келген архитектор ҳәм нағыс ойыўшылар қатнасқан.

Жетекшилер уллы суфий шайыр ҳәм ойшылдың естелигине ҳүрмет көрсетти.

Сондай-ақ, делегациялардың басшылары “Ҳәзирет Султан” музей-қорықханасының сапар етиў орайы менен танысты. Бул жерде зыяратшыларды ҳәм мийманларды қабыл етиў, көргизбелер шөлкемлестириў ҳәм Түркстанның бай тарийхый-мәдений мийрасын көрсетиў ушын заманагөй шараятлар жаратылған. Орайда орта әсирлер дәўирине байланыслы сийрек ушырасатуғын мийрасты сақлаў, үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған турақлы музей экспозициясы – “Сийрек ушырасатуғын экспонатлар залы” айрықша орын ийелейди.

Экспозицияда Хожа Аҳмед Яссаўий мавзолейи менен байланыслы сийрек ушырасатуғын тарийхый естеликлер, соның ишинде, XIV-XV әсирлерге тийисли әййемги естеликлер, орта әсирлер архитектуралық ҳәм әмелий безеў көркем өнери және гүлалшылық үлгилери орын алған.

Бундай естеликлер ҳәм мәдений жойбарлар руўхый мийрасты қәстерлеп сақлаўда, тарийхый еске түсириўлерди беккемлеўде, уқсас тамырлар, исеним ҳәм дәстүрлер менен байланысқан туўысқан халықларымызды және де жақынластырыўда үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

ӨзА