Өзбекстан ҳәм Түркия жетекшилери стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў мәселелерин додалады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммити шеңберинде Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен ушырасыў өткерди.
Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысының усы жылы январь айында Анқараға рәсмий сапары Өзбекстан – Түркия кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа, және де жоқары басқышқа алып шыққаны атап өтилди.

Жоқары дәрежеде ерисилген әҳмийетли келисимлердиң орынланыўы бойынша жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўлар даўам етип атырғаны, министрликлер ҳәм уйымлар арасында жаңа система жаратылғаны нәтийжесинде көп тәреплеме бирге ислесиў байланыслары нәтийжели раўажланып атырғаны атап өтилди.

Усы жылдың басынан берли өз-ара товар алмасыў көлеми, қоспа кәрханалар, мәмлекетлер арасындағы авиақатнаўлардың саны жедел өсип бармақта. Түрк компанияларының қатнасыўында салмақлы жойбарлар портфели қәлиплестирилип, жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.
Өзбекстан ҳәм Түркия басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.

ӨзА