Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери Түркстандағы жаңа мешит пенен танысты

Әмелий сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен биргеликте Түркстан қаласында Өзбекстан тәрепинен қурылған мешит пенен танысты.
Комплекстиң улыўма майданы 7 гектардан асламды қурайды, онда 5 мыңнан аслам адам намаз оқыўы мүмкин. Салтанатлы ансамбль төрт 70 метрлик минара және тийкарғы зал ҳәм дәстүрий әйўанларды өз ишине алған үш қабатлы бас имараттан ибарат.
Ислам ҳәм Шығыс архитектурасының ең жақсы дәстүрлерине муўапық қурылған жоме мешитинде миллий нағыслар, шығысқа тән гүмбезлер, бийик минаралар ҳәм заманагөй қурылыс технологиялары үйлесикли көринис алған. Мешиттиң ишки безеўинде ислам каллиграфиясы ҳәм нағыс ойыў өнериниң үлгилеринен кеңнен пайдаланылған.
Әтираптағы 4,2 гектар майданды абаданластырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Бул жерде жасыл майданлар, жоллар, дем алыў орынлары, жақтыландырыў системалары, декоратив қурылмалар ҳәм фонтанлар қурылмақта.
Өзбекстан тәрепинен туўысқан Қазақстан халқы ҳәм Түркстан халқына саўға сыпатында қурып питкерилген бул саўлатлы комплекс еки мәмлекет арасындағы көп әсирлик дослық ҳәм мәдений жақынлық, жақсы қоңсышылық ҳәм аўқамласлық қатнасықларының айқын көриниси болғаны атап өтилди.
Қуран аятлары оқылып, туўысқан халықларымызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеп, пәтия етилди.
ӨзА