Өзбекстан ҳәм Қырғызстан жетекшилери еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелерин додалады

330

Түркстан қаласында болып өтип атырған Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммити шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаровтың ушырасыўы болып өтти.

Қызғын сөйлесиўде Өзбекстан – Қырғызстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Өз-ара саўда көлеми жедел өсип, санаат, аўыл, суў хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда кооперациялық жойбарлары алға қойылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңейип бармақта.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери, энергетика ҳәм транспорт тараўларындағы ири регионаллық жойбарларды, соның ишинде, “Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” темир жолы қурылысын жеделлестириў илажлары додаланды.

Сондай-ақ, жетекшилер регионаллық күн тәртибиниң әҳмийетли тәреплери бойынша пикир алысты ҳәм болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режесин көрип шықты.

ӨзА