Өзбекстан Президенти Түркстанға келди

167

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Түркстан қаласына келди.

“Ҳәзирати Султан” халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Қазақстан Республикасының Мәмлекетлик кеңесгөйи Ерлан Карин, Түркстан ўәлаятының ҳәкими Нуралхан Кушеров ҳәм басқа да рәсмийлер күтип алды.

Бүгин мәмлекетимиз басшысы Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде қатнасады.

Саммитте қатнасатуғын делегациялардың басшылары Түркстан қаласындағы тарийхый естеликлер ҳәм мәдений объектлер менен танысыўы да режелестирилген.

ӨзА