Өзбекстан Президенти Қазақстанға жол алды

261

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң рәсмий емес саммитинде қатнасыў ушын усы мәмлекетке жөнеп кетти.

“Жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў” темасында өткерилетуғын мәжилис күн тәртибинен саўда-экономика, инвестиция, транспорт-коммуникация ҳәм экология тараўларында регионаллық бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери орын алған.

Жетекшилер санлы инфраструктураны раўажландырыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм жасалма интеллектти әмелде қолланыўға айрықша итибар қаратады.

ӨзА