Интенсив санаатласқан бағларды көбейтиў илажлары белгиленди

63

Президент Шавкат Мирзиёев аймақларда интенсив санаатласқан бағларды көбейтиў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Елимизде мийўе-овощ жетистириўди раўажландырыў, экспортқа қолайлы өнимлер жетистириў ҳәм аўыл халқын дәраматлы етиў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Бүгинги күнде елимизде 572,6 мың гектар бағ ҳәм жүзимзарлық болып, олар жылына 1 миллиард долларлық экспортты тәмийинлемекте, 882 мың халықтың дәрамат дерегине айланған.

Соның менен бирге, жер ҳәм суў ресурслары шекленген ҳәзирги шараятта тараўдағы өсиўди тек ғана майданларды кеңейтиў есабынан емес, ал ҳәр бир гектардан алынатуғын өнимдарлық ҳәм дәраматты арттырыў арқалы тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Өзбекстан 2030-жылға шекем азық-аўқат өнимлериниң экспортын 10 миллиард долларға жеткериўди мақсет еткен. Онда интенсив, санаатласқан бағшылықты кеңейтиў әҳмийетли фактор болады.

Мәжилисте бар бағ ҳәм жүзим атызларының жағдайы талланды. Ҳәзирги ўақытта 61 мың гектар ескирген ҳәм 18 мың гектар жарамсыз бағларды жаңалаў зәрүр. Айырым аймақларда бундай майданлардан гектарына тек ғана 5 тонна өним алынбақта, жыллық дәрамат болса 10 миллион сумға да жетпей атыр.

Мысал ушын, Поп районында 1 мың 200 гектар ески ҳәм жарамсыз бағлар бар. Егер олардың орнында экспортқа қолайлы сортлар егилип, кептириў, сайлап алыў ҳәм қадақлаў бойынша агрологистика орайлары шөлкемлестирилсе, өнимдарлық ҳәм дәраматты бир неше есеге арттырыў мүмкин. Усы районда 84 гектарда қурылған экспортқа қолайлы черешня бағының тәжирийбеси де интенсив бағшылықтың әмелий нәтийжесин көрсетпекте. Еле толық өнимге кирмеген жас нәллерден де гектарына 7 тоннадан өним алынып, бир килограмм өним 8 доллардан экспорт етилмекте.

Сонлықтан, ески ҳәм жарамсыз бағлар менен ислесиў бойынша жаңа тәртип енгизиў усыныс етилди. Бул процессте Агросанаатты раўажландырыў агентлиги бағ ҳәм жүзим атызларын жарамсыз деп табыў, санаатласқан бағлар жаратыў ямаса егислик жерлер категориясына өткериў бойынша жуўмақ береди. 12 ай даўамында санаатласқан бағ жаратылмаған майданлар ушын жер ҳәм суў салығы ставкасын арттырыў, бул жағдай және 12 ай даўам етсе, суўдан пайдаланыўды шеклеў усыныс етилди.

Президентимиз жерден нәтийжели пайдаланыў үстинен қадағалаўды санластырыў зәрүр екенлигин атап өтти. Гөнерген ҳәм жаңа санаатласқан бағлардың жағдайын космослық сүўретлер арқалы мониторинг етиў бойынша мәлимлеме системасын иске қосыў тапсырылды.

Қыйтақ жер ҳәм дийқан хожалықларындағы ески бағларды жаңалаў да итибардан шетте қалмаўы керек екенлиги көрсетип өтилди. Оның ушын мәҳәлле банкири арқалы халыққа 50 нәлге шекем ямаса 2 миллион сумға шекем кредит бериў, дийқан хожалықларына болса ескирген бағларды жаңалаў ушын 150 миллион сумға шекем кредит ажыратыў усыныс етилди.

2026-2028-жылларда 168 мың гектар санаатласқан бағ ҳәм жүзим атызларын шөлкемлестириў режелестирилген. Оның есабынан 2 миллиард доллар инвестиция тартылып, 258 мың жумыс орны жаратылыўы күтилмекте.

Бундай жойбарларды қаржыландырыў ҳәм әмелий қоллап-қуўатлаў ушын 9 коммерциялық банк аймақларға бириктириледи. Олар санаатласқан бағларды исбилерменлерге таяр ҳалда тапсырыў менен бирге еки жыл даўамында агротехникалық, финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан бақлап барады.

Мәжилисте интенсив бағ шөлкемлестирмекши болған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша өз алдына система енгизилетуғыны белгиленди. Орынлардағы “Агростар” компаниялары исбилерменлер менен үлеслик тийкарда бирге ислеседи. Онда “Агростар” компаниялары устав капиталының 50 процентине шекемги бөлеги пул қаржысы менен, исбилермен болса жер участкасына болған ижара ҳуқықы менен қатнасады.

Исбилерменлерге “Агростар” компаниясының үлесин қайта баҳалаўсыз 7 жыл ишинде бөлип-бөлип сатып алыў ҳуқықы бериледи. Бул система ески бағ ийелери де мәпдар болады: олар жаңаланған бағлардан арттырған дәраматы есабынан үлести басқышпа-басқыш сатып алып, кейин ала интенсив бағқа толық ийелик етиўи мүмкин болады.

Бундай жойбарларға банклер тәрепинен ҳәр бир гектар ушын 120 миллион сумға шекем кредит ажыратылады. Кредит ўақтында қайтарылса, процент ставкасының ярымы компенсацияланады. Сондай-ақ, санаатласқан бағларды тәрбиялаў қәрежетлери ушын 3 жыл даўамында ҳәр гектарға 5 миллион сумнан субсидия бериледи.

Суўды үнемлейтуғын технологиялар, мийўели нәл ҳәм аўыл хожалығы техникасын сатып алыў ушын исбилерменлер ислам қаржысы хызметлеринен пайдаланыўы мүмкин болады.

Президентимиз мәжилисте шығып сөйлеген исбилерменлердиң пикир-усынысларын тыңлады. Олардың жетистирилген ямаса импорт етилген мийўели нәллер ушын қосымша қун салығын ноль ставкада қолланыў, суўды үнемлейтуғын технологиялар орнатылған санаатласқан бағларда қудықлардан алынатуғын суў ушын салықты 5 жыл мүддетке 1 сум етип белгилеў ҳаққындағы усынысларын мақуллады.

Жуўапкерлерге ески ҳәм нәтийжесиз бағларды жаңалаў, санаатласқан бағлар бойынша анық жойбарларды қәлиплестириў, банклер, ҳәкимликлер ҳәм исбилерменлердиң бирге ислесиўин системалы жолға қойыў, ҳәр бир аймақта экспортқа қолайлы сортлар, агрологистика ҳәм қайта ислеў қуўатлықларын раўажландырыў бойынша тапсырмалар берилди.

ӨзА