Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Қазақстанда болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мирәт етиўине бола, 15-май күни әмелий сапар менен усы мәмлекетте болады.
Мәмлекетимиз басшысы Түркстан қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң “Жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў” темасындағы рәсмий емес саммитинде қатнасады.
Илаж даўамында көп тәреплеме бирге ислесиўди, биринши гезекте, саўда-экономика, инвестиция, транспорт-коммуникация ҳәм экология тараўларында және санлы инфраструктураны раўажландырыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм жасалма интеллектти әмелде қолланыў бағдарында буннан былай да кеңейтиў ҳаққында сөз болады.
Делегациялардың басшылары халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди де додалайды.
Илаж жуўмағында Түркстан декларациясын қабыл етиў нәзерде тутылған.