“Қытай – Орайлық Азия” инсан ҳуқықлары бойынша форумында “Ташкент басламасы” қабыл етилди

Ташкентте “Қытай – Орайлық Азия” инсан ҳуқықларын раўажландырыў бойынша төртинши форум болып өтти.
Инсан ҳуқықларын раўажландырыў бойынша Қытай қоры ҳәм Өзбекстан Республикасы Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орайы тәрепинен шөлкемлестирилген форум “Жоқары сапалы раўажланыў арқалы инсан ҳуқықлары тараўындағы раўажланыўды биргеликте хошаметлеў” темасына бағышланды.
Форум Қытай, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанның эксперт, илимий, мәмлекетлик ҳәм исбилермен топарларының ўәкиллерин бирлестирди.
Инсан ҳуқықлары бойынша Миллий орай директоры А.Саидов илаждың БМШ Раўажланыў ҳуқықы ҳаққындағы декларациясы қабыл етилгениниң 40 жыллығы белгиленип атырған жылда өткерилиўи форумға айрықша әҳмийет бағышлағанын атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен қатнасыўшылар раўажланыў ҳуқықы инсанның фундаментал ҳуқықларынан бири екенин, турақлы социаллық-экономикалық раўажланыў болса инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли шәрти екенин тастыйықлады.

Форум қатнасыўшылары экология ҳәм климат өзгериўи мәселелерине айрықша итибар қаратты. Ҳүжжетте қоршаған орталықты қорғаў, биокөптүрлиликти сақлаў, жасыл ҳәм кем углеродлы раўажланыўды алға қойыў, сондай-ақ, пуқаралардың қолайлы қоршаған орталыққа ийе болыў ҳәм денсаўлығын сақлаў ҳуқықларын тәмийинлеў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлердиң әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Санлы технологияларды раўажландырыў ҳәм жасалма интеллекттен инсан мәплери жолында пайдаланыў бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары қатарында белгиленди. Форум қатнасыўшылары санлы айырмашылықты қысқартыў, жаңа технологияларды қолланыў менен байланыслы унамсыз ақыбетлердиң алдын алыў және олардан қәўипсиз ҳәм жуўапкершиликли пайдаланыўды тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ҳүжжет Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм Қытайдың инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлары, жәмийетлик шөлкемлер, университетлери, таллаў орайлары, ғалаба хабар қураллары, исбилермен топарлары ҳәм жаслары арасындағы өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлеўди нәзерде тутады.
Форум қатнасыўшылары “Қытай – Орайлық Азия” форумын инсан ҳуқықлары тараўында пикирлесиў, тәжирийбе алмасыў ҳәм биргеликтеги көзқарасларды ислеп шығыў ушын турақлы халықаралық платформа сыпатында институционаллық раўажландырыўға жәрдемлесиўге таяр екенлигин тастыйықлады.
Норгул Абдураимова, ӨзАның хабаршысы