Азия ҳаял-қызларының екинши форумы қатнасыўшыларына

160

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Бәринен бурын, әнжуманға келген мийманларымызды шын кеўлимнен қутлықлап, бәршеңизди Азия ҳаял-қызларының екинши форумының ашылыўы менен қызғын қутлықлайман.

Әсирлер даўамында илим, мәденият ҳәм цивилизациялар тутасқан мәңги ҳәм бәрқулла нәўқыран Бухара қаласында жыйналған сиз, әзизлерге қызғын сәлемимди ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдириўден қуўанышлыман.

Бул форумды өткериў басламасын қоллап-қуўатлап, әнжуман жумысына белсене қатнасып атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм оның қәнигелескен мәкемелерине, барлық халықаралық шөлкемлерге, Азия мәмлекетлеринен келген парламент делегацияларының ағзаларына, сенатор ҳәм депутатларға айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Бизге белгили, Азия халықларының тарийхы, мәденияты, қәдириятлары бир-бирине жақын ҳәм уқсас болып, бул тәреп регионда барлық тараўларды өз-ара бирлестиретуғын, түрли миллет ҳаял-қызларын бирге ислесиўге шақыратуғын факторлардан есапланады.

Бүгин Азия континентинде жасап атырған 5 миллиардқа шамалас халықтың дерлик ярымын ҳаяллар қурайды. Биз олардың тымсалында тек ғана гөззаллық ийелерин емес, ал мәмлекетлеримиздиң раўажланыўын жеделлестириў, халықлардың абаданлығын арттырыў ҳәм әдалатлы дүньяны қурыў жолындағы үлкен дөретиўши күшти көремиз.

Сизлердиң жоқары профессионаллық шеберлигиңиз, бай билим ҳәм тәжирийбеңиз, аўызбиршиликке исенимли умтылысыңыз тек ғана кең регионымызда емес, ал дүнья көлеминде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин нәтийжели қорғаўға хызмет етпекте.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, мәплерин тәмийинлеў, жәмиетлик-сиясий белсендилигин арттырыў Жаңа Өзбекстан реформаларының тийкарғы бағдарына айланды. Себеби, ҳаял-қызға итибар – бул, бәринен бурын, инсан шахсына, оның қәдир-қымбатына болған ҳүрметтиң жоқары үлгиси болып есапланады. Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын беккемлеў тек ғана сиясий ўазыйпа емес, ал еркин ҳәм абадан жәмийет қурыў жолындағы избе-из демократиялық жаңаланыўлардың ажыралмас бөлеги болып табылады.

Соңғы жыллары елимизде гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында беккем ҳуқықый ҳәм институционаллық тийкар жаратылды. Жаңа редакциядағы Конституция ҳәм “Өзбекстан – 2030” стратегиясы ҳаял-қызлардың ҳуқықларын, аналық ҳәм балалықты қорғаўдың институционаллық кепилликлерин беккемледи.

Кең көлемли реформалар нәтийжесинде ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 35 процентке, исбилерменлик тараўында 37 процентке, сиясий партиялар қурамында болса 49 процентке жетип, Өзбекстан бул көрсеткиш бойынша халықаралық рейтинглерде жетекши мәмлекетлер қатарынан орын алды. Атап айтқанда, Парламентлераралық Аўқам тәрепинен жүргизилетуғын “Парламенттеги ҳаял-қызлар” рейтингинде республикамыз 193 мәмлекет арасында 35-орынға көтерилди.

Атқарыў ҳәкимияты системасында басшы ҳаял-қызлар қатарының кеңейиўи ҳәм жергиликли өзин-өзи басқарыў уйымларындағы қатнасының артыўы мәмлекет тәрепинен қарарлар қабыл етилиўинде инклюзивликти тәмийинлемекте.

Жоқары билимлендириў мәкемелери студентлери арасында ҳаял-қызлардың үлеси кескин артқанын, соның ишинде, магистратурада оқып атырған ҳаял-қызлардың саны соңғы бес жылда 11 есеге көбейгенин реформаларымыздың әҳмийетли стратегиялық нәтийжеси деп билемиз.

Әсиресе, елимизде ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлигин тәмийинлеў раўажланыўдың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. 2025-жылы 2,6 миллион ҳаял-қыздың дәраматлы мийнет пенен бәнт болыўына жәрдем берилди. Өзбекстан усы жылы “Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам” халықаралық индексинде өз позициясын 43 текшеге жақсылап, 190 мәмлекет арасында 48-орынды ийелегенин қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.

Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!

Бүгинги қурамалы дәўирде ҳаял-қызлардың экономикадағы қатнасын ҳәм үлесин кескин арттырыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўдағы тәсирин күшейтиў, олардың интеллектуаллық потенциалынан үнемли пайдаланыў әҳмийетли болып есапланады. Бул бағдарда мәмлекетлеримиз исбилермен ҳаял-қызлары арасындағы көп тәреплеме шерикликти кеңейтиўден, бизнес форумлар ҳәм халықаралық тренинглер өткерип барылыўынан мәпдармыз.

Сондай-ақ, мәмлекетлеримиз исбилермен ҳаял-қызларының имканиятларын жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде турмысымызға жедел кирип киятырған жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялардан пайдаланыў көнликпелерин үйрететуғын, жаңа стартап жойбарларын қоллап-қуўатлайтуғын платформа шөлкемлестириў усынысын алға қоямыз.

Ертең пүткил дүньяда “Халықаралық шаңарақ күни” кеңнен белгиленеди. Шығыс мәмлекетлеринде жәмийеттиң беккем тийкары, қорғаны болған шаңарақлық қәдирият ҳәм дәстүрлерди қәстерлеп сақлаў соңғы жылларда барған сайын әҳмийетли мәселеге айланып бармақта. Бул форум шеңберинде мәмлекетлеримиздеги шаңарақ институтын изертлеў бойынша илимий мәкемелер тармағын қәлиплестирип, ең алдынғы тәжирийбелерди өз-ара алмасыў, әлбетте, өзиниң күтилген нәтийжесин береди.

Улыўма алғанда, бул форум келешекте Азияда барлық дәрежеде қарарлар қабыл етиў процесинде ҳаял-қызлардың ролин арттыратуғын нәтийжели сөйлесиў майданына айланатуғыны сөзсиз. Усы мәниде, бул әнжуман шеңберинде сизлер турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бағдарында жаңа баслама ҳәм ийгиликли идеяларды жедел алға қойыўыңызға беккем исенемен.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм әўмет, мақтанышлы жумысыңызда табыслар жетискенлик, форум жумысына табыслар тилеймен.

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти