Өзбекстан – Ҳиндстан: Стратегиялық шерикликтиң жаңа басқышы

89

2026-жыл 13-май күни Дели қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Ҳиндстан Республикасы Сыртқы ислер министрликлери арасында сиясий мәсләҳәтлесиўдиң 17-раунды болып өтти. Мәмлекетимиз делегациясына сыртқы ислер министриниң биринши орынбасары Баҳромжон Алоев, Ҳиндстан тәрепине болса Сыртқы ислер министриниң орынбасары Сиби Жорж басшылық етти.

Дослық ҳәм көтериңки руўхта өткен ушырасыў даўамында тәреплер өз-ара стратегиялық шерикликтиң бүгинги жағдайын ҳәр тәреплеме таллап, сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық байланыс көлемин кеңейтиў және мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратты. Мәлимлеме технологиялары, фармацевтика, медицина, билимлендириў, туризм ҳәм пуқаралық авиация бағдарларындағы шериклик избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Соның менен бирге, аймақлараралық байланысты жеделлестириў ҳәм бар потенциалдан және де нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды. Атап айтқанда, көп тәреплеме структуралар шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм регионаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетти муўапықластырыў додалаў орайына шықты. Илаж жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм экономикалық шерикликти буннан былай да беккемлеўге таяр екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Ф. Яхшибоева, ӨзА