Ташкент метрополитени жумысыныӊ нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар көрип шығылды

58

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент метрополитенинде жолаўшыларға хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў және инфраструктурадан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.

Пайтахт халқы ҳәм мийманларының саны артып атырғаны, қаланың кеңейиўи ҳәм жәмийетлик транспортқа талаптың артыўы метрополитенниң раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыўды талап етпекте. Усы мақсетте 2030-жылға шекем метрополитенде күнлик жолаўшылардың санын 1,8 миллионға жеткериў, метро бәндиргилериниң санын 79 ға, линиялардың узынлығын 103 километрге шекем арттырыў мақсет етилген. Сондай-ақ, поездлардың ҳәрекетлениў интервалын басқышпа-басқыш 1,5-3 минутқа шекем қысқартыў нәзерде тутылған.

Метрополитен инфраструктурасын жақсылаў ҳәм финанслық саламатландырыў бойынша да бир қатар илажлар белгиленбекте. Соның ишинде, 2026-2028-жылларда хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыў ҳәм пуқаралық қорғаў объектлериниң техникалық базасын жетилистириў илажлары көриледи.

Жолаўшылардың қәўипсизлигин күшейтиў мақсетинде “Шаҳристон” метро бәндиргиси платформаларында сынаў тәризинде айналы қорғаў тосқынлықларын орнатыў усыныс етилди. Халықаралық тәжирийбеге бола, бундай тосқынлықлар платформалардағы бахытсыз ҳәдийселерди 80-90 процентке шекем азайтыў имканиятын береди. Соның менен бирге, олар қосымша реклама майданларын жаратыў арқалы дәраматларды арттырыўға да хызмет етеди.

Және бир әҳмийетли бағдар – жаңа линиялардың қурылысы. Атап айтқанда, “Мингурик – Чиланзар буйым базары” метро линиясы бойынша жойбар баҳалаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў режелестирилген. Биринши басқышта “Мингурик – Қубла вокзал” жөнелиси, екинши басқышта болса “Қубла вокзал – Чиланзар буйым базары” жөнелисин қурыў имканиятлары үйрениледи.

Метрополитенде қосымша дәрамат дереклерин қәлиплестириў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. Вагон ҳәм платформаларда санлы реклама майданларын аукцион арқалы жеке меншик секторға ижараға бериў, метро бәндиргилеринде вендинг аппаратлары, киши саўда объектлерин жайластырыў, станциялар алдында автомобиль турыў орынларын шөлкемлестириў режелестирилмекте. Сондай-ақ, бос турған имарат ҳәм ханаларды коворкинг ҳәм киши офис сыпатында исбилерменлерге аукцион тийкарында ижараға бериў усыныс етилди.

Автотранспорттан метро системасына қолайлы өтиўди тәмийинлеў мақсетинде “Park&Ride” системасын жолға қойыў усыныс етилди.

Презентацияда ҳәрекетлениў қурамларын жаңалаў ҳәм электродепо қурыў мәселелери де додаланды. 2027-2030-жылларда метрополитен ушын талап етилетуғын ҳәрекетлениўши қурылмаларды сатып алыў бойынша усыныслар ислеп шығылады. Усы мүнәсибет пенен жаңа ҳәрекетлениўши составлар ушын электродепо қурыўға зәрүр жер майданы ажыратылады.

Сондай-ақ, 2027-2035-жылларда Ташкент метрополитенин раўажландырыў стратегиясын ислеп шығыў белгиленбекте. Онда метрополитен тармақларын еки есеге кеңейтиў, жолаўшы тасыў көлемин 2,5 есеге арттырыў, экологиялық турақлы, энергия үнемлейтуғын ҳәм қәўипсиз транспорт системасын жаратыў, сервис сапасы ҳәм жолаўшылар ушын қолайлықларды буннан былай да арттырыў ўазыйпалары қамтып алынады.

Жол ҳақысын төлеў системасын жетилистириў бойынша да усыныслар билдирилди. Сырт ел тәжирийбеси тийкарында аралыққа қарап төлеў, халық категориялары ушын жеңилликлер, күнлик, ҳәптелик ҳәм айлық абонементлер системасын енгизиў имканиятлары үйрениледи.

Президентимиз жәмийетлик транспорт, әсиресе, метрополитен ири қала турмысында ең әҳмийетли инфраструктуралардан бири екенин атап өтти. Сол себепли, хызметтиӊ сапасы, қәўипсизлик, финанслық турақлылық ҳәм заманагөй басқарыўды бир-бири менен тығыз байланыслы ҳалда раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усыныслар мақулланып, оларды әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

ӨзА