Өзбекстан Президенти БМШ Халықтаныў қорының басшысы менен ушырасыў өткерди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизге рәсмий сапар менен келген Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары, Халықтаныў қоры (UNFPA)ның атқарыўшы директоры Диене Кейтаны қабыллады.
Ушырасыў алдынан UNFPA басшысы мәмлекетимиз жетекшисине БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлемин ҳәм қызғын тилеклерин жеткерди.

БМШтың халықтаныў тараўындағы абырайлы институты менен бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Соңғы жылларда Өзбекстанның UNFPA менен бирге ислесиўи сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени атап өтилди. Репродуктивлик саламатлық, гендер теңлик, демографиялық турақлылықты тәмийинлеў тараўларында әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылды. Қор мәмлекетимиз тарийхындағы биринши халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў процесинде белсене қатнасты.

Ана ҳәм бала саламатлығын беккемлеў, жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын қорғаў бағдарындағы унамлы нәтийжелер айрықша атап өтилди.

Бирге ислесиўди және де тереңлестириў, соның ишинде, мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде жаңа биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў, Өзбекстанда ҳәм БМШ шеңберинде жоқары дәрежедеги илажларды өткериўге келисип алынды.
ӨзА