“SOCAR” ҳәм “British Petroleum” менен бирге ислесиўди раўажландырыў режелери додаланды

60

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-май күни “Өзбекстан энергетика ҳәптелиги – 2026” форумында қатнасыў ушын елимизге келген Әзербайжанның “SOCAR” компаниясының бас директоры Ровшан Нажаф ҳәм “British Petroleum” компаниясының басшылары Ариэль Флорес ҳәм Жованни Кристофолиди қабыллады.

Ушырасыўда энергетика ҳәм нефть-газ тараўында жетекшилерден есапланған бул ири компаниялар менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Энергетика тараўындағы кооперация табыслы өтип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. “SOCAR” компаниясы Үстирт платосындағы углеводород кәнлерин өзлестириў жойбарын әмелге асырыўда Өзбекстанның шериги болып есапланады. “SOCAR” дың Өзбекстандағы ўәкилханасын ашыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Бул кең көлемли жойбарға “British Petroleum” компаниясының қосылғанына жоқары баҳа берилди.

Нефть-газ тараўында углеводород шийки затын излеў, қазып алыў ҳәм терең қайта ислеў, нефть ҳәм нефть өнимлерин узақ мүддетли жеткерип бериўди жолға қойыў және тармақ ушын қәниге кадрлар таярлаў бойынша биргеликтеги жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, Әзербайжан футбол федерациялары ассоциациясының баслығы сыпатында да жумыс алып барып атырған Ровшан Нажаф мәмлекетимиз басшысына 2027-жылы Өзбекстан ҳәм Әзербайжанда жаслар арасындағы U-20 жәҳән чемпионатын өткериўге биргеликте таярлық көриўдеги жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.

ӨзА