Азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм шарўашылық тараўын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди

87

Президент Шавкат Мирзиёев азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги тараўында мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў ҳәм шарўашылық тараўын қоллап-қуўатлаў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

Елимизде азық-аўқат тәмийнатын турақластырыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм экспорт етиў бойынша кең имканиятлар жаратылған. Бүгинги күнде 4 миллион гектар егислик майданы, 1,5 миллион тонна сыйымлылыққа ийе сақлаў қоймаханалары ҳәм 3,5 миллион тонна өнимди қайта ислеў қуўатлықлары халықты арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, сондай-ақ, 4 миллиард долларлық өнимди экспорт етиў имканиятын бермекте.

Өзбекстан 2030-жылға шекем азық-аўқат өнимлериниң экспортын 10 миллиард долларға жеткериў, экспорт географиясын және 100 мәмлекетке кеңейтиўди мақсет еткен.

Мәжилисте бул шеклерге ерисиў ушын азық-аўқат қәўипсизлиги системасы халықаралық стандартларға толық сәйкес келиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Ҳәзирге шекем азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги ҳәм қадағалаўы менен үш уйым шуғылланып келмекте. Ақыбетинде санитария, ветеринария ҳәм карантин уйымлары арасында бирден-бир мағлыўматлар базасы қәлиплестирилмеген, айырым ўазыйпа ҳәм функциялар бир-бирин тәкирарламақта. Бул болса исбилерменлердиң экспорт ҳәм импорт процесслеринде артықша әўерегершиликке дус келиўине себеп болмақта.

Өсимликлер карантини агентлигинде 100, Ветеринария комитетинде 115, санитария-эпидемиология системасында 44 ўазыйпа ҳәм функция бар екенлиги, соның менен бирге, өнимди “өсиўден тутыныўшыға шекем” қадағалаў системасы толық жолға қойылмағаны көрсетип өтилди.

Экспортта да шешилиўи зәрүр болған мәселелер бар. Атап айтқанда, Европа Аўқамы тәрепинен өнимлеримизде пестицид қалдықларының бар екенлиги бойынша 25 ескертиў берилгени атап өтилди. Бул халықаралық базарларда бәсекиге шыдамлылықты арттырыў ушын өним қәўипсизлигин қадағалаў системасын түп-тийкарынан өзгертиўди талап етеди.

Әмелде қадағалаў уйымлары тек ғана соңғы өнимди тексериў менен шекленгени, өндирис шынжырында азық-аўқат өниминиң қәўипсизлигин кепиллейтуғын халықаралық стандартларды енгизиўге жетерли итибар қаратылмағаны атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги тараўын терең реформалаў ҳәм халықаралық талапларға сәйкес бирден-бир орайласқан система жаратылатуғыны белгиленди.

Оған муўапық, “атыздан дастурханға шекем” принципи тийкарында барлық қадағалаў процесслерин қамтып алатуғын Азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги комитети шөлкемлестириледи. Ол Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети ҳәм Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық комитетиниң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдары тийкарында қәлиплестириледи.

Жаңа системада ескирген, исбилерменниң жумысына тосқынлық етип атырған тексериўлерден ўаз кешиледи. Азық-аўқат өнимлерин мәжбүрий сертификатлаў бийкар етилип, оның орнына қәўипке тийкарланған қадағалаў ҳәм тексериў тәртиби енгизиледи.

Бүгинги күнде республикадағы 80 мың объекттен тек ғана 1,6 мыңында, яғный 2 процентинде бундай тәртип қолланылмақта. Енди қәўипли өнимлер ҳаққында оператив хабар бериў ҳәм оларды қайтарып алыў бойынша электрон система жаратылады.

2029-жыл 1-январьдан баслап мийўе-овощ экспорты тек ғана агрологистика орайлары арқалы әмелге асырылады. Экспорт потенциалы жоқары ири азық-аўқат кәрханаларын халықаралық қәўип-қәтерлерди таллаў стандарты ҳәм Алиментариус кодекси талапларына өткериў бойынша бағдарлама ислеп шығылады. Бул көрсеткиш 2028-жылға шекем 20 процентке, 2030-жылға шекем 60 процентке, 2032-жылға шекем болса 100 процентке жеткериледи.

Мийўе-овощ жетистириўге қәнигелескен 20 районда ишки фитосанитария сертификатын рәсмийлестириўге жәрдемлесетуғын жәмийетлик инспекторлардың жумысы жолға қойылады. Буннан былай мийўе-овощ экспорты статистикасы өним қайсы аймақта жетистирилген болса, сол аймақта есапқа алынады.

2027-жылдан баслап лабораториялық тексериў, ҳайўанларды шаншыў, дезинфекциялаў ҳәм идентификациялаў сыяқлы 6 мәмлекетлик функция жеке меншик секторға бериледи. Ўәлаят ҳәкимлерине жылдың ақырына шекем усы хызметлер бойынша кеминде 2 ден жеке меншик лаборатория ҳәм ветеринария клиникасын шөлкемлестириў тапсырылды.

Ҳәр бир өним бойынша онлайн бақлаў системасы жолға қойылады. Фермер ҳәм дийқанлар ушын “Агро көмекши” мобиль қосымшасында электрон “Дала дәптери” системасы енгизиледи. Бул система арқалы жасалма интеллект зыянкеслердиң тарқалыўын алдыннан болжап, дийқанларға зәрүр усыныслар береди.

Жедел ҳәм ҳадал ислеп атырған фермерлердиң рейтинги жүргизиледи ҳәм оларға қосымша жеңилликлер бериледи. 2027-жыл 1-мартқа шекем азық-аўқат өнимлери қәўипсизлиги бойынша бирден-бир автоматластырылған мәлимлеме платформасы иске қосылады. Ол шегарадағы “Бир айна” системасы менен интеграцияланып, экспортёрлар артықша бюрократиялық процесслерден азат етиледи.

Жаңа система арқалы импортта қадағалаў ўақты 9 күннен 2 күнге, экспортта болса 3 күннен 1 күнге шекем қысқартылатуғыны белгиленди. Оның есабынан исбилерменлердиң өнимди қоймаханада сақлаў қәрежетлери 70 миллиард сумға үнемленеди.

Мәжилисте шарўашылық ҳәм жайлаў хожалығын раўажландырыў мәселелери де додаланды.

Таллаўларға бола, кейинги 25 жылда дүнья мәмлекетлериниң 42 процентинде қарамаллардың саны 12 процентке қысқарған. Буның тийкарғы себеплери қымбат азық-аўқат, қурғақшылық, экологиялық факторлар, жоқары процент ставкалары ҳәм дәраматтың азайыўы менен байланыслы. Нәтийжеде жәҳән базарында гөштиң орташа баҳасы рекорд дәрежеге жеткен.

Өзбекстанда шарўашылықты раўажландырыў ушын үлкен имканият бар. Мәмлекетимизде 16 миллион гектар жайлаў бар, бирақ бул потенциалдың тек ғана 10 процентинен пайдаланылмақта.

Сонлықтан, Аўыл хожалығы министрлиги жанында Шарўашылық ҳәм жайлаў хожалығын раўажландырыў агентлиги шөлкемлестириледи. Ол Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети негизинде жумыс баслайды.

Жаңа агентлик алдына қарамаллардың санын 16,5 миллионға, қой ҳәм ешкилердиң санын 30 миллионға, қуслардың санын 141 миллионға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, гөш ҳәм сүтти қайта ислеў дәрежесин 50 процентке, нәсилли қарамаллардың үлесин 90 процентке жеткериў, от-жемге қолайлы егислик майданларды болса 1,5 есеге көбейтиў белгиленди.

Азықлық базасын кеңейтиў ҳәм нәсилшиликти жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ҳәр бир ўәлаяттан биреўден район шарўашылыққа қәнигелестириледи.

Бул районларда пахта ҳәм ғәлле жерлериниң 50 процентине азықлық егинлер егиўге руқсат бериледи, буның ушын 10 процентлик жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Барлық фермер хожалықларына ижара жерлериниң 20 сотих бөлегинде артықша бюрократиясыз жеңил конструкциялы имаратлар, азықлық қоймаханалары ҳәм силос ураларын қурыўға руқсат бериледи.

Жылдың ақырына шекем кеминде 10 гектар жери бар 28 мың 746 фермер хожалығының жеринде 2 миллион бас қарамал бағыўды шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Шарўашылықты қаржылай қоллап-қуўатлаў илажлары да белгиленди. 1-июньнан баслап коммерциялық банклер жыллық 10 процент ставкада, 4 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 10 жыл мүддетке кредитлер ажыратады. Нәсилли шарўаны импорт етиўшилер 2029-жылға шекем қосымша қун салығынан азат етиледи.

Банклерге жыллық 6 процент ставкада 1 триллион сум ҳәм 50 миллион доллар ресурс жайластырылады. Усы ресурслар есабынан усы жылы 5,5 триллион сумлық 1,5 мың жойбарды иске қосыў, 25 мың жумыс орнын жаратыў ҳәм қарамаллардың санын 400 мыңға арттырыў режелестирилген.

Кадрлар таярлаў ҳәм нәсилли шарўаны көбейтиў бойынша да жаңа бағдарлама иске қосылады. 1-июньнан баслап жетекши аграр жоқары оқыў орынларында жасалма туқымландырыў бойынша 10 күнлик оқыў курслары шөлкемлестириледи. Ҳәр жылы кеминде 1 мың қәниге таярланып, олар зәрүр үскенелер менен бийпул тәмийинленеди.

Шаңарақларда жасалма туқымландырылған ҳәр бир нәсилли бузаў ушын 500 мың сумнан ҳәм ембрионлар көширип өткерилгенде 700 мың сумнан субсидия төленеди. Бул мақсетлер ушын қосымша 50 миллиард сум ажыратылады.

Мәжилисте жуўапкерлердиң есабатлары, исбилермен ҳәм фермерлердиң усыныслары тыңланды. Жаңа системаны орынларда нәтийжели шөлкемлестириў, исбилерменлер ҳәм фермерлерге әмелий жәрдем бериў, шарўашылықта азықлық базасы, нәсилшилик, қайта ислеў ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиў бойынша анық тапсырмалар берилди.

ӨзА