Мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде бюрократияны қысқартыў илажлары көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў тараўында бюрократияны қысқартыў илажлары бойынша презентация менен танысты.
Соңғы жыллары елимизде мәмлекетлик хызметлерди халық ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы, жедел ҳәм ашық-айдын етиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Мәмлекетлик хызметлер көлеми 10 есеге көбейип, 61 миллионнан асты. Олардың 80 проценти онлайн түрде көрсетилмекте. Тек ғана 2025-жылдың өзинде исбилерменликке байланыслы 2 мыңнан аслам мәжбүрий талап бийкар етилди.
Соның менен бирге, тараўда артықша тәртип-қағыйдалар, қағазпазлық ҳәм тәкирарланатуғын талаплар елеге шекем сақланып қалмақта. Бүгинги күнде мәмлекетлик уйымларда 5 мың 650 функция, бизнести тәртипке салыўшы 42 мыңнан аслам мәжбүрий талап ҳәм 1 мың 41 мәмлекетлик хызмет бар.

– Бундай көп функция ҳәм талаплар системаны нәтийжесиз, қымбат ҳәм гейде әдалатсыз етип қойыўы мүмкин. Соның ушын, тек дерегуляция, санластырыў ҳәм әпиўайыластырыў – ең дурыс жол, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Өзбекстанды 2030-жылға шекем “Артықша бюрократиядан жырақ аймақ”қа айландырыў мақсетинде Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте “Бюрократияны сапластырыў – 2030” бағдарламасы басланған. Стратегиялық раўажланыў ҳәм реформалар агентлиги жанында өз алдына жойбарлаў офиси шөлкемлестирилген.
Бағдарлама шеңберинде мәмлекетлик уйымлардың функцияларын 30 процентке қысқартыў, бизнеске қойылатуғын талапларды 20 процентке шекем оптималластырыў, электрон мәмлекетлик хызметлердиң үлесин 90 проценттен арттырыў нәзерде тутылған.

Презентацияда мәмлекетлик хызметлерди “сервис мәмлекет” модели тийкарында түп-тийкарынан жетилистириў бойынша усыныслар көрип шығылды. Онда тийкарғы итибар мәмлекетлик хызметти бирде-бир артықша ҳүжжет талап етпей, тез, ашық-айдын ҳәм қолайлы көрсетиўге қаратылады.
Атап айтқанда, 783 мәмлекетлик хызметке “ноль бюрократия” принципин енгизиў усыныс етилди. Бул арқалы 550 түрдеги мәмлекетлик хызмет электрон түрге өткерилип, хызмет көрсетиў басқышлары 2 есеге қысқарады. 80 түрдеги хызмет проактив ҳәм композит түрге өткериледи. Нәтийжеде халықтың түрли уйымларға келиўге жумсалатуғын жылына 35 миллиард сумға шекем транспорт қәрежети үнемленеди.
Және 80 түрдеги хызметти көрсетиў мүддети 2-3 есеге қысқартылып, орташа мүддет 13 күннен 6 күнге түсириледи. 10 хызмет толық автоматластырылады. 25 хызмет бойынша төлемлердиң азайтылыўы нәтийжесинде халықтың ықтыярында жылына 851 миллиард сумға шекем қаржы қалады.

Сондай-ақ, 10 хызметти жеке меншик секторға өткериў, 15 мағлыўмат ҳәм ҳүжжетти санластырыў белгиленбекте. Бул арқалы 270 тен аслам хызметте усы мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерди қайта сораў әмелияты бийкар етиледи.
Мәжбүрий талапларды қайта көрип шығыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Мәселен, базарлар жумысына байланыслы 20 ға шамалас ҳүжжетте 500 ден аслам талап пытыраңқы ҳалда жүргизилмекте. Оларды системаластырыў арқалы талаплардың 30 проценттен асламын оптималластырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Санитариялық талапларға муўапықлық актин ҳәм көриктен өтетуғын хызметкерлердиң дизимин электрон система арқалы қәлиплестириў имканияты да көрсетип өтилди. Бул арқалы жылына 1 миллиард сум бюджет қаржысын үнемлеў, хызметкерлердиң 24 мың жумыс саатын әмелий жумысқа бағдарлаў мүмкин болады.
Есап-санақларға бола, ҳәкимшилик жүкти қысқартыў экономикаға жылына 1,5 миллиард доллар тиккелей нәтийже береди. Тәртипке салыўдың сапасын жақсылаў қосымша 800 миллион доллар сырт ел инвестициясын тартыўға хызмет етеди. Мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы процесслерди әпиўайыластырыў есабынан мийнет өнимдарлығы жылына 750 миллион долларға артады. Улыўма есапта бюрократияны қысқартыў илажлары 2026-2030-жылларда экономиканы қосымша 13 миллиард долларға өсириў имканиятын береди.
Презентацияда reestr.gov.uz бирден-бир платформасы арқалы мәмлекетлик функциялар, мәжбүрий талаплар ҳәм мәмлекетлик хызметлер реестрлерин жүргизиў, уйымлардың жумысын “Бюрократлық радар” тийкарында баҳалаў, жасалма интеллект арқалы таллаў ҳәм “Бизнес калькулятор” арқалы исбилерменлердиң қәрежетин есаплаў системасын енгизиў усыныс етилди.
Президентимиз мәмлекетлик хызметлер инсан қәдири, исбилерменлер ушын қолайлы орталық ҳәм мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилиги менен тиккелей байланыслы екенин атап өтти. Ҳәр бир министрлик ҳәм уйым өз функцияларын қайта көрип шығыўы, артықша талап ҳәм ҳүжжетлерди бийкар етиўи, хызметлерди санластырыўды жеделлестириўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жуўапкерлерге бюрократияны сапластырыў бойынша қарар жойбарын киргизиў, онда ҳәр бир министрлик ҳәм уйым кесиминде санластырыў, мәмлекетлик хызметлерди әпиўайыластырыў ҳәм жеке меншик сектордың үлесин арттырыў бойынша анық режелерди белгилеў тапсырылды.
Сондай-ақ, тараўда алдыңғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыў ҳәм барлық уйымлардың жумысында “ноль бюрократия” принципин избе-из енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.
ӨзА