29-Евразия экономикалық саммити қатнасыўшыларына

118

Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!

Ханымлар ҳәм мырзалар!

Евразия экономикалық саммитиниң барлық қатнасыўшыларын қызғын қутлықлаў ҳәм ең жақсы тилеклеримди жоллаўдан оғада қуўанышлыман.

Өткен он жыллар даўамында Саммит жетекши сиясатшылар, исбилермен топарлар ҳәм экспертлер жәмийетшилигиниң ўәкиллерин бирлестирген әҳмийетли қарым-қатнас майданы сыпатында өзин көрсетти.

Әнжуманның Стамбулда өткерилиўи айрықша рәмзий мәниге ийе. Әсирлер даўамында бул бийтәкирар қала Европа ҳәм Азия арасында көпир болып, регионлараралық мәдений ҳәм саўда-экономикалық байланыслардың раўажланыўына шексиз үлес қосып келеди.

Бүгинги күнде заманагөй Түркияда Президент Режеп Таййип Эрдоғанның “Түркия әсири” стратегиялық идеясы табыслы әмелге асырылып атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтиўди қәлер едим.

Түркия глобаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли машқалаларды нәтийжели шешиў жолында өз ҳәрекетлерин толық жумсап, халықаралық қатнасықлардың исенимли ҳәм абырайлы қатнасыўшысы сыпатында тәсири артып бармақта.

Президент Эрдоғанның исенимли умтылыслары себепли бүгин Өзбекстан ҳәм Түркия қатнасықлары кең көлемли стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди.

Мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң ең тийкарғы бағдарлары Евразия экономикалық саммитиниң тийкарғы мақсетлери – тең ҳуқықлылық, исеним ҳәм өз-ара ҳүрметке тийкарланған кең көлемли шериклик ҳәм турақлы раўажланыў принциплерине толық сәйкес келеди.

Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!

Бул ретки Саммиттиң тийкарғы темаларынан бири сыпатында суў тамтарыслығы ҳәм “жасыл” ресурслар шараятында глобаллық жуўапкершилик мәселеси бүгинги күнде айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Дүнья барған сайын күшейип баратырған климат қәўип-қәтерлерине, атап айтқанда, шөллениў, топырақ жемирилиўи, суў жетиспеўшилиги ҳәм экологиялық жағдайдың жаманласыўына дус келмекте.

Орайлық Азияда бул процесслер әсиресе кескин көринбекте: температураның көтерилиў пәтлери көрсеткиши дүнья көлеминдеги орташа нормалардан жоқары болып, музлықлар жемирилип, топырақ деградациясы күшеймекте.

Бундай шараятта экологиялық турақлылықты тәмийинлеў Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың ең тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

“Жасыл мәкан” жойбары шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп терек егилмекте, Арал теңизиниң қурыған ултанында болса үлкен жасыл қорғаў майданлары жаратылмақта.

Биз раўажланыўдың жасыл моделине избе-излик пенен өтпектемиз, бул процессте зыянлы шығындылар көлемин 35 процентке қысқартып, 2035-жылға шекем оларды 50 процентке шекем азайтыўды мақсет еткенбиз.

Соның менен бирге, суў ресурсларын нәтийжели басқарыў, соның ишинде, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў бойынша илажлар әмелге асырылмақта. Бул болса ҳәр жылы үлкен муғдардағы суў резервлерин үнемлеў имканиятын береди.

Өзбекстан буннан былай да “жасыл” күн тәртибин жедел алға қойыў ҳәм глобаллық экологиялық қәўип-қәтерлерди нәтийжели шешиў жолларын табыўға үлес қосыўды жедел даўам еттиреди.

Усы мүнәсибет пенен сизлерди мәмлекетимиздеги халықаралық илажларда, атап айтқанда, Самарқандта болып өтетуғын Глобаллық экологиялық қор Ассамблеясында ҳәм Суўды үнемлеў бойынша пүткил жер жүзилик форумда қатнасыўға мирәт етемен.

Биргеликте әмелге асырылатуғын ҳәрекетлеримиз халықаралық климат бирге ислесиўи күн тәртибине, соның ишинде, БМШтың климат өзгериўи бойынша болажақ конференциясына таярлық процесине әмелий үлес қосатуғынына исенемен.

Қәдирли илаж қатнасыўшылары!

Өзбекстан кең көлемли бирге ислесиў ушын бәрқулла ашық ҳәм келешекте де турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге жәрдемлесиўге таяр.

Биз барлық ҳәрекетлеримизди бирлестирген ҳалда ғана бүгинги ҳәм келешек әўладлар ушын абадан келешекти тәмийинлей аламыз.

Саммит қатнасыўшыларының жумысына әўмет ҳәм үлкен әмелий нәтийжелер яр болыўын тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти