Өзбекстан Президенти Жеңистиң  81 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасты

132

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-9-май күнлери әмелий сапар менен Москва қаласында болды.

Мәмлекетимиз басшысы 9-май күни Москва қаласында Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңистиң 81 жыллығына бағышланған салтанатлы илажларда қатнасты.

Қызыл майданда Женис паради болип өтти. Онда Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Лаос Президенти Тхонглун Сисулит, Малайзия Патшасы Султан Ибраҳим ҳәм басқа да сырт ел делегацияларының басшылары қатнасты.

Екинши жер жүзилик урыстағы Жеңис миллионлаған инсанлардың шексиз мәртлиги, ерлиги ҳәм пидайылығы есабынан қолға киргизилген уллы тарийхый ўақыя болып есапланады. Бул улыўма Жеңиске саўаш майданларында ҳәм фронт артында ҳақыйқый қаҳарманлық көрсеткен Өзбекстанның көп миллетли халқының да мүнәсип үлеси бар.

Урыс қарсаңында республикамыз халқы 6 миллионнан аслам еди. Сынақлы жылларда дерлик 2 миллион өзбекстанлы фронтқа мобилизация етилди. Қанлы саўашларда 538 мыңнан аслам ўатанласымыз қайтыс болды, 158 мыңнан асламы бийдәрек жоғалды.

Мәртлиги ҳәм әскерий шеберлиги ушын Өзбекстанның 214 мыңнан аслам әскер ҳәм офицерлери жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. 301 ўатанласымызға Совет Аўқамы Қаҳарманы атағы берилди, және 70 и “Даңқ” ордениниң толық ийеси болды.

Өзбекстан халқының фронт артындағы пидайы мийнети де Жеңиске үлкен үлес болып қосылды. Республикамыз фронттың исенимли таянышына айланып, азық-аўқат, кийим-кеншек, дәри-дәрмақ, қурал-жарақ ҳәм басқа да зәрүр өнимлерди жеткерип берди. Қысқа мүддетте Өзбекстан аймағында 170 тен аслам эвакуацияланған кәрхана жайластырылып, қорғаныў санаатының турақлы ислеўи тәмийинленди.

Урыстың аўыр жылларында халқымыз адамгершилик ҳәм кеңпейилликтиң жоқары үлгисин көрсетти. Фронтқа жақын аймақлардан эвакуация етилген 1,5 миллионнан аслам адам, соның ишинде, 250 мыңнан аслам жетим балалар Өзбекстанда баспана тапты. Мийрим-шәпәәт, ғамқорлық, мүтәжлерге жәрдем қолын созыўға ҳәмийше таярлық халқымыздың руўхый күш-қүдирети ҳәм жоқары мәртебесиниң айқын көриниси болды.

Бүгинги күнде елимизде урыс қаҳарманлары ҳәм фронт арты мийнеткешлериниң естелигин мәңгилестириў, ветеранларды социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Ташкент қаласында қурылған саўлатлы “Жеңис парки” естелик комплекси ата-бабалар көрсеткен қаҳарманлық ҳәм мәртликке терең ҳүрмет белгисине айланған.

Парад жуўмақланғаннан соң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Президенти Владимир Путин ҳәм басқа да жетекшилер менен биргеликте Москвадағы Александр бағында жайласқан Белгисиз әскер қәбирине гүл қойды.

Бул естелик Жеңис жолында жанын пидә еткен миллионлаған әскерлер, соның ишинде, Өзбекстан перзентлериниң естелигине ҳүрмет белгиси болып, Ўатан қорғаўшыларының мәртлиги, қаҳарманлығы ҳәм пидайылығының тымсалы есапланады.

Мәресим бир минутлық үнсизлик, ҳүрметли қараўыл ҳәм әскерий оркестрдиң салтанатлы жүриўи менен жуўмақланды.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Словакия Бас министри Роберт Фицо, Малайзия Патшасы Султан Ибраҳим ҳәм Лаос Президенти Тхонглун Сисулит пенен де сөйлесиўлер өткерди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясына әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА