Аграр тараўда экспортты кеңейтиў бойынша келисимлер додаланды

219

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Фарход Эрманов Қубла Кореяның «EVS AGRO» компаниясының атқарыўшы директоры Сеунг Хве Чо менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында аймақтың аўыл хожалығының потенциалы, экспортқа қолайлы өнимлерди жетистириў имканиятлары және халықаралық базарларға сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлерди жеткерип бериў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Әсиресе, дән өнимлерин сырт ел базарларына экспорт етиў, логистика бағдарларын раўажландырыў ҳәм мәш экспортының көлемин басқышпа-басқыш арттырыў бойынша перспективалы усыныслар көрип шығылды.

Сондай-ақ, өнимлерди қайта ислеў, сақлаў ҳәм экспорт стандартларына бейимлестириў бағдарындағы алдынғы тәжирийбелер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Тәреплер өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жолға қойыў, экспорт географиясын кеңейтиў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин халықаралық базарларда жедел үгит-нәсиятлаў бойынша пикир алысты.

Ушырасыўда келешекте бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, экспорт көрсеткишлерин арттырыў ҳәм жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша илажлар келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги