Өзбекстан халқына байрам қутлықлаўы

214

Қәдирли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды қутлы әййям – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни және Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы жеңистиң 81 жыллық байрамы менен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман.

Усы умытылмас күнде, бәринен бурын, саўаш майданларында теңсиз мәртлик көрсетип, инсаниятты фашизм бәлесинен қутқарыўға мүнәсип үлес қосқан қаҳарман ата-бабаларымыздың өшпес естелиги алдында бас ийип, тәжим етемиз. Бүгинги күнде арамызда саў-саламат жасап киятырған урыс ҳәм мийнет ветеранларына, нураный ата ҳәм аналарымызға жоқары ҳүрметимизди билдиремиз.

Ғәрезсизлик жылларында Ўатанымыз шегараларының қол қатылмаслығын сақлаў, халқымыздың тыныш ҳәм парахат турмысын қорғаў жолында мәртлерше қайтыс болған күш-ғайратлы әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң естелигин меҳир ҳәм ҳүрмет пенен еске аламыз.

Ҳүрметли дослар!

Елимиз фашизмге қарсы гүресте дүньядағы барлық тынышлықты сүйиўши халықлар менен бир қатарда турып, уллы жеңиске мүнәсип үлес қосты. Бул менен қаншелли мақтансақ та арзыйды. Тарийхый мағлыўматларға қарағанда, фашизмге қарсы урыста сол дәўирде 6 миллион 800 мың адамнан ибарат болған республикамыз халқының 1 миллион 950 мыңы қатнасқан.

Соннан ярым миллионнан аслам адам саўаш майданларында қайтыс болған, 158 мыңнан асламы бийдәрек жоғалған, 60 мыңнан аслам ўатанласымыз майып болып қайтқан. Арадан сонша жыл өткен болса да, бул аянышлы санлар елеге шекем кеўиллеримизди азапқа салады.

Урыс дәўиринде 214 мың өзбекстанлы әскер ҳәм офицерлер жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған болса, олардың 301 и ең жоқары нышан – Совет Аўқамы Қаҳарманы атағына ерискен, 70 ўатанласымыз болса үш дәрежедеги “Слава” ордени менен сыйлықланған.

Сол отлы жылларда халқымыз “Ҳәмме нәрсе фронт ушын, ҳәмме нәрсе жеңис ушын!” деп күни-түни уллы мобилизация руўхы менен жасады. Өзбекстан фронттың беккем тәмийинлеў базасына айланды. Инсаныйлықты уллы қәдириятқа айландырған халқымыз урыс аймақларынан көширип алып келинген 1 миллион 500 мыңнан аслам адамға, соның ишинде, ата-анасы ҳәм шаңарағынан айырылған 250 мың балаға баспана берип, оларға меҳир-мүриўбет көрсетти.

Қәдирли ўатанласлар!

Жеңимпаз ата-бабаларымыздың Ўатанымыздың азатлығын ҳәм халқымыздың тынышлығын қорғаў жолындағы ибратлы жумысын терең үйрениў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша биз көплеген жумысларды әмелге асырмақтамыз. Әсиресе, соңғы жыллары Ташкент қаласында қурылған Жеңис парки ҳәм оның қурамындағы “Еслеў нуры” ҳәм “Миллет пидайылары” естелик комплекслери халқымыз ушын теберик орынларға айланып бармақта.

Жаңа Өзбекстанда инсан қәдирин улығлаў, атап айтқанда, урыс ҳәм мийнет ветеранларын, кексе әўлад ўәкиллерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың саламат ҳәм мазмунлы турмыс кешириўи ушын зәрүр шараятлар жаратыўға қаратылған жумысларымыз избе-из даўам еттирилмекте. Бул ҳаққында сөз болғанда, быйыл байрам мүнәсибети менен Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 30 миллион сум муғдарында ақшалай сыйлықлар берилгенин атап өтиў керек. Урыс қатнасыўшылары ҳәм майыплары, мийнет ветеранларының денсаўлығын қорғаў, оларды санаторийлерге, дем алыў орынларына бийпул ҳәм жеңиллетилген тийкарда жибериў бойынша нәтийжели система жумыс ислемекте.

Усы қуўанышлы әййям күнлеринде орынлардағы ҳәкимликлер, жәмийетшилик ҳәм жаслардың ўәкиллери урыс ҳәм мийнет ветеранлары, ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақларында болып, шаңарақ ағзаларының ҳалынан хабар алып, оларға жоқары ҳүрмет көрсетпекте.

Елимиз бойлап “Миннет, мәртлик, жигерлилик!” сүрени астында еслеў мәресимлери, мәдений илажлар, үш әўлад ушырасыўлары, ғалабалық спорт жарыслары өткерилмекте.

Қәдирли ўатанласлар!

Бүгинги оғада қәўипли заманның өзи бәршемизден жәмийетимиздеги тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлер ҳәм диний конфессиялар арасындағы дослық ҳәм татыўлық орталығын және де қәдирлеп жасаўды талап етпекте.

Ҳеш қашан умытпайық, миллий бирлик ҳәм аўызбиршилик – бизиң бийбаҳа байлығымыз, барлық жетискенлик ҳәм жеңислеримиздиң беккем тийкары болып есапланады.

Ҳәзирги қыйын дәўирде Ўатанымыз ғәрезсизлигин, халқымыздың тынышлығын сақлаў, экономикалық қүдиретимизди, Қураллы Күшлеримиздиң потенциалын арттырыў, дүнья жәмийетшилиги, бәринен бурын, қоңсы мәмлекетлер менен бирге ислесиўди күшейтиў, жасларымызды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларды зыянлы тәсирлерден қорғаў биз ушын шешиўши ўазыйпа болып қалмақта.

Бул бағдарда 81 жыл алдын жеңис байрағын дүнья жүзи көлеминде бәлент көтериўге мүнәсип үлес қосқан уллы ата-бабаларымыздың, халқымыздың мәртлик ҳәм жигерлилик мектеби бизге мәдет бағышлайтуғын күш болып хызмет ететуғынына исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, фашизм бәлесин сапластырыўда жанкүйерлик көрсеткен туўысқан халықларды, барлық жақсы нийетли инсанларды бүгинги даңқлы байрам менен қызғын қутлықлап, оларға турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Сизлерди, ҳүрметли ветеранларымызды, пүткил елимизди және бир мәрте шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, шаңарақларыңызға тынышлық-парахатшылық, қут-берекет тилеймен.

Мийнеткеш ҳәм данышпан халқымыз ҳәмийше аман болсын!

Ийгиликли ислеримизде Жаратқанның өзи қоллап-қуўатласын!

Еслеў ҳәм қәдирлеў әййямы бәршемизге мүбәрек болсын!

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти