Мәртлик ҳәм ерлик ийелерине жоқары ҳүрмет көрсетилди

Президент Шавкат Мирзиёев 8-май күни Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм мийнет фронты ветеранларын зыяратлап, байрам менен қутлықлады.
Мәмлекетимиз басшысы Қураллы Күшлер Бас әскерий клиникалық госпиталында Акмал ата Акрамов, Вера Журавская, Ҳасанбай ата Халматов ҳәм Владимир Алексейков пенен шын жүректен сәўбетлести. Нураныйлардың ҳал-жағдайы ҳәм денсаўлығы менен қызықты. Олардың машақатлы өмир жолын ҳәм көрсеткен мәртликлерин айрықша атап өтти.

– Сизлер тарийхтың жанлы гүўасысыз, мәртлик тымсалысыз. Сиздей теберик инсанлар менен ушырасыў, нәсиятларыңызды тыңлаў бизге үлкен руўхый күш бағышлайды. Халқымыз сизлер менен орынлы түрде мақтанады. Бүгинги тыныш ҳәм азат күнлер, әўладлардың бахытлы келешеги сизлердиң шексиз пидайылығыңыздың жемиси болып есапланады. Сизлердиң ибратлы өмир жолыңыз жасларымыз ушын ҳақыйқый мәртлик мектеби, – деди Президент.

Президенттиң усы жылдың 16-апрелиндеги қарарына муўапық, урыс ҳәм мийнет ветеранларына жоқары дәрежеде ҳүрмет көрсетилмекте.

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары, фронт арты ветеранлары ҳәм ғәрезсизлик жылларында хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары мәмлекетимиздиң турақлы ғамқорлығында. Оларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем бериў менен бирге саламатлығын тиклеў ушын республикамыздың ең жақсы санаторийларына жеңиллетилген жолламалар ажыратылған.

– Жаратқан ийемиз сизлерге ўатансүйиўшилик ҳәм пидайы мийнетиңиздиң сыйлығы сыпатында узақ өмир, ел-журттың ардағында жасаў бахтын инам еткен. Сизлердиң дуўаларыңыз елимиз ушын аманлық, жумысларымызға берекет, – деди Президентимиз.

Ушырасыўда нураныйлар елимизде тарийхый естеликти тиклеў, кекселерди қәдирлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

ӨзА