Урыс қатнасыўшысының жағдайынан хабар алынып, Президент саўғасы тапсырылды

Елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли ибратлы ислер қатарында 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәр жылы кең түрде белгиленип, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары менен фронт артында хызмет еткен инсанлардың жеңис ушын қосқан үлесин мүнәсип баҳалаў, олардың жағдайларынан хабар алыў ҳәм еслеў дәстүрге айланған.
Сондай инсанлардың бири Мария Ивановна Карнишина 1929-жылы Украинада туўылған. Ол 1944-жылы Армия қатарына шақырылып, урысқа атланған. 1094-санлы Эвакуациялық әскерий бөлим госпиталында хызмет еткен. Бул жерде саўашта жарақат алған жаўынгерлерге медициналық жақтан жәрдем көрсетип, Уллы жеңиске өз үлесин қосқан.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин арамызда өмир сүрип атырған урыс қатнасыўшысы Мария Ивановнаның шаңарағында болды.
Ветеранды 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни улыўмахалықлық байрамы, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 81 жыллығы менен қызғын қутлықлап, оған Өзбекстан Республикасы Президентиниң байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди.


Сондай-ақ, жеңиске үлес қосқан қаҳарманлар, фронт артында хызмет еткен ветеранлар, елимиздиң раўажланыўы жолында мийнети сиңген нураныйлардың ийгиликли ислери бәрқулла еске алынып, оларға ҳүрмет көрсетилетуғынлығы атап өтилди.
Президентимиздиң тапсырмасы тийкарында Мария Ивановнаға 30 миллион сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, сондай-ақ, Президент саўғалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Министрлер Кеңеси, Арқа-батыс әскерий округи, Нөкис қаласы ҳәкимлиги ҳәм бир қатар шөлкемлердиң атынан баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги