Миллий бирлик ҳәм аўызбиршилик – ең үлкен күш, ең үлкен байлық

273

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-май күни пайтахтымыздағы Жеңис паркин барып көрди.

Екинши жер жүзилик урыстың тамам болғанына дерлик 81 жыл болды. Сонша ўақыт өтсе де урыстың ашшы тарийхы, ол келтирген шексиз қайғы ҳәм мүсийбетлер адамзаттың ядынан шыққаны жоқ. Керисинше, бул қорқынышлы естеликлер бизге тынышлық ҳәм татыўлық қаншелли бийбаҳа байлық екенин бәрқулла еслетип турады. 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күниниң негизинде мине, усындай мазмун жәмленген.

Мәмлекетимиз басшысы Жеңис паркинде усы сәне мүнәсибети менен шөлкемлестирилген еслеў мәресиминде қатнасты.

Дәстүрге муўапық, Президент Шавкат Мирзиёев “Мәртлик гимни”  естелигине гүл қойды. Бул саўлатлы естелик урыста халқымыз шеккен азап-ақыретлердиң, мәртлик ҳәм жоғалтыўлардың көриниси болып есапланады.

 Бүгин арамызда саў-саламат жасап киятырған урыс ҳәм мийнет ветеранлары, барлық нураныйларымызға айрықша меҳиримиз, ҳүрметимизди билдиремиз. Бул комплекс уллы жеңиске мүнәсип үлес қосқан көп миллетли халқымыздың мәртлигин ҳәм қаҳарманлығын жырлайтуғын теберик орын, десек, дурыс болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мағлыўматларға қарағанда, фашизмге қарсы қанлы урысларда сол ўақытта 6 миллион 800 мыңды қураған халқымыздың дерлик 2 миллионы қатнасқан. Соннан 540 мыңға шамаласы қайтыс болған, 158 мыңы бийдәрек жоғалған, 50 мыңнан асламы концлагерлерде мисли көрилмеген қыйнаў ҳәм азаплар себепли қайтыс болған, 60 мыңнан асламы майып болып қайтқан.

Өзбекстанлы әскер ҳәм офицерлерден 214 мыңға шамаласы жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланғаны олардың мәртлигинен дерек береди.

Мәмлекетимиз урыс жылларында фронттың беккем тәмийинлеў базасына айланған, саўаш майданларына оғада үлкен муғдарда әскерий техника, қурал-жарақ, кийим-кеншек ҳәм азық-аўқатлар жеткерип турылған. Оғада аўыр шараятқа қарамастан, халқымыз урыс аймақларынан көширип келинген 1 миллион 500 мыңға шамалас адамды, соның ишинде, ата-анасынан айырылған 250 мың жетим баланы өз қушағына алып, меҳир көрсеткен.

Илажда Өзбекстан Қураллы Күшлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар да қатнасып, бул естеликке гүллер қойды.

Президент Шавкат Мирзиёев Жеңис паркиндеги “Миллет пидайылары” қыябанында да болып, ғәрезсизлик жылларында елимизди қорғаў жолында қайтыс болған әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлериниң естелигине ҳүрмет көрсетти.

Бир жыл алдын мине усы аймақта “Миллет пидайылары”   комплексин қурғанымыз, әлбетте, бийкарға емес. Ол Ўатанды қорғаў ҳәр бир әўладтың муқаддес иси екенин, ўатансүйиўшилик дәстүрлериниң даўамлылығын еслетип турады, – деди Президентимиз.


Комплексте ғәрезсизлик жылларында Ўатанымыздың азатлығы, ел-журтымыздың тынышлығы жолында қаҳарманларша қайтыс болған 196 әскерий хызметкер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң исмлери мөрлеп қойылған.

Мәмлекетимиз басшысы ата-аналарға мине усындай баҳадыр, батыр перзентлерди дүньяға келтирип, ҳақыйқый ўатансүйгиш етип тәрбиялағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Халқымыз нәўқыран жасында душпанға қарсы өзин қалқан еткен бундай пидайы қаҳарман улларымызды ҳеш қашан умытпайды. 2025-жылдың өзинде бул комплексти 650 мыңға шамалас жерлесимиз ҳәм сырт елли мийманлар зыярат еткен.

Бул жерде көплеген руўхый-ағартыўшылық илажлар, тарийх, ўатансүйиўшилик, “Келешек сааты” сабақлары өткерилмекте. Бундай жумыслар, руўхый-тәрбиялық әҳмийетке ийе ҳәм оларды даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Быйыл уллы Әмир Темур бабамыздың 690 жыллық туўылған күни елимизде, сырт еллерде кеңнен белгиленбекте.

Саҳыпқыран бабамыздың мәмлекетшилик, мәртлик ҳәм қаҳарманлық жалыны бүгин де жайнап тур. Бул уллы дәстүрди мәрт әскер, офицер ҳәм генералларымыз мүнәсип түрде даўам еттирмекте. Олар бизиң үлкен байлығымыз, Ўатанымыздың исенимли ҳәм беккем қалқанлары екени атап өтилди.

– Бүгин бул жерде сап тартып турған “Темурбеклер мектеплери” оқыўшылары, мәрт әскерлеримиз тымсалында Алпамыс, Мангуберди ҳәм Әмир Темурлардың жаңа әўладын көремиз. Уллы бабаларымыздың бай мийрасы, илим ҳәм тәжирийбе мектеби тек ғана музейлеримиз емес, ал қәлбимизге де қайтпақта. Олар тап қайта тирилип, Жаңа Өзбекстанды, Үшинши Ренессанстың тырнағын биз бенен бирге қурып атырғандай. Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайын, Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейин, Самарқандтағы Имам Бухарий комплексин барып көрген ҳәр бир адам буны терең сезеди, – деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Атап өтилгениндей, Ўатанды қорғаў – мәмлекет ҳәм халық ушын ҳеш қашан күн тәртибинен шықпайтуғын мәселе. Бул бәршемиз ушын – муқаддес ҳәм уллы ўазыйпа. Әсиресе, бүгинги оғада қәўипли заманда бул он есе, жүз есе әҳмийетли болып бармақта.

Быйыл Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы үлкен салтанат пенен белгиленеди. Бул уллы сәне “Бир Ўатан, бир халық болып, жаңа турмыс ҳәм келешек қурамыз!” деген ийгиликли сүрен тийкарында күтип алынып атырғанында, әлбетте, терең мәни бар.

– Бүгин жақын әтирапымыздағы регионларда болып атырған қарама-қарсылық ҳәм урыс-қағысларды көрип турмыз. Мине, усындай қыйын жағдайда миллий бирлик ҳәм татыўлықты сақлаў – ең үлкен күш, ең үлкен байлық екенин турмыстың өзи және бир мәрте тастыйықламақта. Ўатанды қорғаў – дүньядағы ең уллы ҳәм мақтанышлы ис. Бул ҳақыйқатты терең аңлап, әскерий антына бәрқулла садық болып киятырған мәрт ҳәм батыр улларымызға ҳәр қанша алғыс айтсақ арзыйды, – деди мәмлекетимиз басшысы.

“Миллет пидайылары” қыябаны күни-түни мәртлик ҳаўазы жаңлап туратуғын, тынышлық ушын гүреске шақыратуғын қутлы орын болып қалыўы, мыңлаған, миллионлаған Ўатан қорғаўшыларын тәрбиялаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ўатан алдындағы миннетин орынлаў ўақтында қаҳарманларша қайтыс болған улларымыздың шаңарақ ағзалары ҳәм перзентлерине ҳәр тәреплеме ғамхорлық көрсетиў, оларды қоллап-қуўатлаў буннан былай да избе-из даўам еттириледи.

ӨзА