Еслеў бар екен – миллет жасайды

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни ҳәм Екинши жер жүзилик урысында ерисилген жеңистиң 81 жыллығы елимиз бойлап кең түрде белгиленбекте.
Байрам мүнәсибети менен пайтахтымыз Нөкис қаласындағы «Ҳәсиретли ана» естелиги майданына мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, сондай-ақ, кең жәмийетшилик ўәкиллери топланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев байрам мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелигине гүлшеңбер қойып, Екинши жер жүзилик урыста қурбан болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.
Сондай-ақ, Қураллы Күшлер системасына кириўши структуралардың ўәкиллери, мәкемелер, шөлкемлер, кең жәмийетшилик ўәкиллери менен жаслар да естеликке гүл қойды.
Мине, Екинши жер жүзилик урыс ақыбетлери арадан 81 жыл өтсе де халқымыздың жүрегинде мәңги сақланып қалған. Аўғанстан жеринде өткерилген жаўынгерлик ҳәрекетлер де көплеген шаңарақларды үлкен жоғалтыўлары менен аўыр қайғыға салды.
Әлбетте, «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни»нде усындай жетискенликлерге қалай жетискенимизди, онда ата-бабаларымыздың Ўатан ушын жанын аямай гүрескенин, пидәкерлик мийнетиниң бар екенин бәрқулла еслеп, ядтан шығармаўымыз керек.

– Бул урыслардың ақыбетлери ҳәммени бүгинги күндеги тынышлық заманымызға шүкиршилик етип жасаўға шақырады. Мениң айтажағым, тилегим – жасларымыз, келешек әўлад бундай жаман күнлерди басынан кеширмесин. Тынышлыққа шүкиршилик етип, бар имканиятлардан пайдаланып елимиз еле де раўажлана берсин. Мәселен, Аўғанстандағы жаўынгерлик ҳәрекетлерде республикамыздан 3600 ден аслам адам қатнасты. Ҳәзирги ўақытта усы жаўынгерлик ҳәрекетлерде қайтыс болғанлардың алтаўының анасы тири. Жақында олардың жағдайынан хабар алдық. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында 2130 қураллас досларымыз бар, – дейди Өзбекстан жаўынгер-ветеранлар ҳәм майыплар бирлеспесиниң Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Ю.Алламбеков.
Елимиз бойлап сәнеге бағышланған илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги