Жәмийетлик транспорт системасын және де раўажландырыў илажлары көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев аймақларда жәмийетлик транспортты буннан былай да жақсылаў ҳәм бул бағдардағы жумысларды жеделлестириў бойынша презентация менен танысты.
Соңғы жыллары халыққа қолайлы, қәўипсиз ҳәм экологиялық таза жәмийетлик транспорт хызметин көрсетиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кейинги үш жылда пайтахт ҳәм ўәлаят орайларына 2 мың 650 заманагөй электробус ҳәм автобуслар алып келинди. Брутто-шәртнама тийкарында 279 турақлы жөнелис жолға қойылды.
Нәтийжеде ҳәр күни жөнелиске шығып атырған автобуслардың саны 3 мың 150 ге жетти. Күнлик қатнаўлар саны 2022-жылдағы 18 мыңнан 45,2 мыңға, жолаўшылар ағымы болса 900 мыңнан 2,3 миллионға артты. Бул арқалы 4,8 мың жаңа жумыс орны жаратылды.
Презентацияда жәмийетлик транспортты буннан былай да раўажландырыў бойынша гезектеги ўазыйпалар көрип шығылды. Урбанизация процесслериниң жеделлесип атырғаны, пайтахт ҳәм ўәлаят орайларына тутас аймақларда халықтың ҳәрекети кескин көбейгени себепли қалаларға кириўде қатнаўлар 30 процентке артқаны атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен қалалық жәмийетлик транспортты бирден-бир агломерация системасына өткериў усыныс етилди. Онда қалалар әтирапындағы 12 километрге шекемги аймақларға қатнайтуғын автобус жөнелислери де брутто-шәртнама системасы менен қамтып алынады.
Соның ишинде, Ташкент ўәлаятының Назарбек, Шифобахш сувлар ҳәм Үш Қаҳарман аймақларын пайтахт пенен байланыстырыў арқалы автомобильлер ағымын кеминде 20 процентке азайтыў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди. Улыўма, пайтахтта 19, ўәлаят орайларында 79 усындай жөнелис шөлкемлестириў режелестирилген.
Пайтахт жәмийетлик транспорты ҳәм қала әтирапы темир жол қатнаўларын өз-ара байланыстырыў мақсетинде “электропоезд – автобус,” “электропоезд – метро” сыяқлы қолайлы тарифлерди енгизиў усыныс етилди.
Қалаберди, ўәлаят орайларында жәмийетлик транспорттың ҳәрекетлениў қурамын жаңалаў зәрүр екенлиги атап өтилди. Есап-санақларға бола, аймақларда және 1,5 мың үлкен ҳәм орта сыйымлы автобусларға талап бар. Сонлықтан, заманагөй автобуслар алып келиўди хошаметлеў, исбилерменлер ушын финанслық имканиятларды кеңейтиў, кредит линияларын жолға қойыў бойынша усыныслар билдирилди. Соның ишинде, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде автобусларды импорт етиўде утилизация жыйымынан азат етиў мүддетин және 2 жылға созыў усыныс етилди.

Презентацияда автобус айдаўшылары ушын мүнәсип ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларын жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Бүгинги күнде айырым айдаўшылардың нормадан артық ислеп атырғаны хызмет сапасына унамсыз тәсир көрсетип атырғаны атап өтилди. Өткен жылы пайтахттың өзинде айдаўшылардың ис-ҳәрекетлери ҳәм қатнасы бойынша халықтан 1 мың 670 шағым келип түскен. Автобуслардың қатнасыўында 109 жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берген.
Усы мүнәсибет пенен брутто-шәртнама системасын жетилистириў, бир автобусқа туўра келетуғын айдаўшылар санын 2 ден 3 ке арттырыў, ҳәрекет қәўипсизлигин ҳәм хызмет мәдениятын күшейтиў ўазыйпасы қойылды.
Жәмийетлик транспортта орынланған жумыс көлемин ҳәм сапасын баҳалаў ушын ҳәр бир ўәлаятта диспетчерлик орайлары шөлкемлестирилген. Буның нәтийжесинде ҳәрекетлениў кестесине муўапық орынланып атырған қатнаўлардың үлеси 90 процентке жетти.
Енди бул системаларға жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы жолаўшылар ағымына сәйкес түрде автобуслардың ҳәрекетин шөлкемлестириў усыныс етилмекте. Бул бир жолаўшыны тасыўдың өзине түсер баҳасын 10-15 процентке азайтыў имканиятын береди.

Мәмлекетимиз басшысы жәмийетлик транспортты раўажландырыўда халқы көп қалалар менен бирге туризм орайларын да қамтып алыў зәрүрлигин атап өтти.
Самарқанд ҳәм Наманганды бир миллион халықлы қалаларға айландырыў бойынша белгиленген мақсетлерден келип шығып, бул аймақларда халық ҳәм туристлер ушын заманагөй “жасыл транспорт” жөнелислерин көбейтиў бойынша анық мастер-режелер ислеп шығыў тапсырылды.
Кейинги жыллары Хийўа қаласына туристлердиң ағымы 3 есеге көбейгени, бул болса қолайлы жәмийетлик транспортқа талапты кескин арттырғаны атап өтилди. Сол себепли, Хийўа, Шаҳрисабз, Марғулан, Қоқанд сыяқлы ири туризм орынларында да жәмийетлик транспортты раўажландырыў бағдарламасын баслаў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Президентимиз жәмийетлик транспорт халықтың күнделикли турмыс сапасы, қалалардағы ҳәрекет мәденияты, екология ҳәм экономикалық белсендилик пенен тиккелей байланыслы әҳмийетли тараў екенин атап өтип, жуўапкерлерге транспорт хызметлериниң қолайлығы ҳәм қәўипсизлигин арттырыў, жөнелислерди агломерация принципи тийкарында кеңейтиў, тараўда санластырыў ҳәм жасалма интеллект шешимлерин енгизиў бойынша анық тапсырмалар берди.
ӨзА