Австрия менен көп тәреплеме шерикликти буннан былай да раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-май күни Австрия Республикасының Европа ҳәм сыртқы ислер федерал министри Беате Майнл-Райзингер ҳәм ишки ислер федерал министри Герхард Карнерден ибарат делегацияны қабыллады.
Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийманлар мәмлекетимиз басшысына Австрия Федерал Президенти Александр Ван дер Белленниң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Еки мәмлекет арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.
Ҳәр қыйлы дәрежелердеги сөйлесиўлер избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Соңғы жыллары товар алмасыў 3 есеге артты. Қурылыс материаллары, таў туризми, денсаўлықты сақлаў, химия санааты, аўыл хожалығы, банк-қаржы ҳәм басқа да тармақларда кооперация жойбарлары жедел әмелге асырылмақта.

Ҳүкиметлераралық комиссия нәтийжели жумыс алып бармақта. Бул сапар етиў шеңберинде биргеликтеги бизнес-форум табыслы өткерилди, мийнет миграциясы, дипломатиялық хызмет ҳәм салық салыў тараўларында әҳмийетли келисимлерге қол қойылды.
Мәденият ҳәм билимлендириўде де алмасыўлар кеңейип бармақта.
Жоқары дәрежеде системалы сөйлесиўди жолға қойыў, товар алмасыў көлемин арттырыў, тийкарғы бағдарларда биргеликтеги жойбарларды алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында сөз етилип, терроризм, адам саўдасы, наркотрафик ҳәм кибержынаятларға қарсы гүресиў тараўында турақлы мәлимлеме алмасыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.
ӨзА