Тайынлаў

187

Нурмухаммадов Фозилбек Янгибой улы – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, шарўа от-жем базасын беккемлеў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.

Ф.Нурмухаммадов буннан алдын Өзбекстан Республикасы Аўыл ҳәм суў хожалығы министрлигинде жуўапкершиликли лаўазымларда, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары лаўазымында ислеген.

Тайынлаўға шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша секретариат баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Қарақалпақстан хабар агентлиги