Қаҳарманларымыздың мәртлиги ҳәм пидайылығы еске алынды

Елимизде миллий қаҳарманларымыздың мәртлиги ҳәм пидайылығын мәңгилестириў, олардың ибратлы өмир жолын жас әўладқа жеткериў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.
Әсиресе, Екинши жер жүзилик урыстағы жеңистиң әҳмийетин терең аңлаў, урыс жылларында халқымыз көрсеткен мәртлик ҳәм ерликти еслеў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў бүгинги күнде де өзиниң әҳмийетин жоғалтпады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 16-апрельдеги «9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында”ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық Кеңеси тәрепинен ислеп шығылған режеге муўапық, республикамыз бойлап бир қатар руўхый-ағартыўшылық илажлар әмелге асырылмақта.
Мине, усындай илажлардан бири Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестирилди. Онда «Қарақалпақ халқының Екинши жер жүзилик урыстағы жеңиске қосқан үлеси» атамасында илимий-әмелий дөгерек сәўбетлесиўи болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм жергиликли Кеңес депутатлары, «Миллий тикланиш» партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң ўәкиллери, институттың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Бул илаждан гөзленген тийкарғы мақсет – урыс жылларында қарақалпақ халқының фронтта мәртлик көрсеткен қаҳарманлары, фронт артында көрсеткен теңсиз мәртлиги, мийнеткешлиги ҳәм пидайылығын илимий тийкарда үйрениў, бул бағдардағы тарийхый ҳақыйқатлықларды жаслардың санасына жеткериў, олардың қәлбинде Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезимлерин беккемлеўден ибарат.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты О.Ниязова, Аўған урысы қатнасыўшысы М.Жалелов, тарийхшы илимпазлар ҳәм изертлеўшилер тәрепинен қарақалпақ халқының Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы қатнасыўы, жерлеслеримиздиң фронттағы қаҳарманлығы, фронт артындағы машақатлы мийнети, сондай-ақ, урыс жылларындағы аўыр сынақлар ҳәм оларды жеңип өтиўде көрсетилген жоқары адамгершилик пазыйлетлери ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўматлар берилди.



Атап өтилгениндей, бүгинги тыныш ҳәм парахат турмыс әне, усындай мәрт ҳәм пидайы ата-бабаларымыздың қаҳарманлығы есабынан қурылған. Соның ушын да, олардың естелигин улығлаў, тарийхый ҳақыйқатлықларды қәстерлеп сақлаў ҳәм келешек әўладларға жеткериў ҳәр биримиздиң муқаддес миннетимиз болып есапланады.
Қатнасыўшылар тәрепинен баянатлар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда бундай илажлардың әҳмийети айрықша атап өтилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги