Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў процесиниң барысы көрип шығылды

124

Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы бойынша 2025-жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм бул процессти жеделлестириў бойынша 2026-жылғы ўазыйпаларға бағышланған презентация менен танысты.

Өткен жылы Өзбекстанның ЖСШға ағза болыў процеси шеңберинде көп ҳәм еки тәреплеме сөйлесиўлерде салмақлы нәтийжелерге ерисилди.

Атап айтқанда, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы бойынша жумысшы топардың еки мәжилиси өткерилди. Оларда 200 ден аслам сораўларға жуўаплар, 30 дан аслам сыртқы саўдаға байланыслы ҳүжжетлер ЖСШ ағзаларына усынылды.

Соның менен бирге, еки тәреплеме илажлар шеңберинде 40 тан аслам сөйлесиўлер раунды алып барылды. 2025-жылдың өзинде 11 мәмлекет пенен сөйлесиўлер жуўмақланып, бундай мәмлекетлердиң улыўма саны 33 ке жетти.

ЖСШ ағзалары тәрепинен Өзбекстанда базар экономикасына өтиўге байланыслы жедел реформалар әмелге асырылып атырғаны унамлы тән алынбақта. Атап айтқанда, өткен жылы 68 нызамшылық ҳүжжети ЖСШ ҳәм халықаралық нормаларға бейимлестирилди.

Соның ишинде, ЖСШ қағыйдаларына бейимлестириў шеңберинде интеллектуаллық мүлкти дизимнен өткериў процесслери әпиўайыластырылып, бул тараўдағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик илажлары күшейтилгени, экспорт шеклеўлери бийкар етилгени ҳәм ашық-айдын механизмге ийе экспорт бажылары енгизилгени, айырым өнимлер ушын минимал экспорт баҳаларын белгилеў әмелияты бийкар етилгени атап өтилди.

Сондай-ақ, саўдадағы техникалық тосқынлықларды қысқартыў, санитария ҳәм фитосанитария тараўында әмелге асырылып атырған реформалар шеңберинде қәўипли дәрежеси жоқары болған өнимлерди мәжбүрий мәмлекетлик дизимнен өткериўдиң бюрократиялық тәртиби орнына сертификатластырыў енгизилди, азық-аўқат өнимлериниң қәўипсизлиги үстинен қадағалаў Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетине өткерилди ҳәм 14 азық-аўқат техникалық регламентлери бийкар етилди, 747 товар позициясы бойынша мәжбүрий сертификатластырыў талаплары сапластырылды ҳәм дизим 27 процентке қысқартылды.

Презентацияда азық-аўқат өниминиң қәўипсизлиги ҳәм саўданы қорғаў илажлары ҳаққындағы жаңа нызамларды қабыл етиў, санитария, ветеринария ҳәм карантин тараўына қәўипти таллаў, бақлаўшылық және илимий тийкарланғанлық тәртиплерин енгизиў жағдайы көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы усы жылы Өзбекстанның ЖСШға толық ағзалығын рәсмийлестириў бойынша комплексли жумысларды сапалы әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.

Сыртқы экономикалық жумыс тараўындағы нызамшылықты ЖСШ қағыйдалары ҳәм халықаралық саўда стандартларына толық муўапықластырыў жумысларын системалы даўам еттириў, ЖСШға ағза болыў бойынша еки ҳәм көп тәреплеме сөйлесиўлерди жуўмақлаў және ағзалықты рәсмийлестириў бойынша зәрүр илажлар белгилеп алынды.

ӨзА