Өзбекстан Президенти Сербия делегациясын қабыллады
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-май күни елимизге сапар менен келген Сербия Республикасы сыртқы ислер министри Марко Журичти қабыл етти.
Ушырасыў алдынан жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Сербия Президенти Александр Вучичтың сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Еки мәмлекет арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди 2025-жыл октябрь айында жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде және де беккемлеў перспективалары көрип шығылды.

Ҳүкиметлер, парламентлер, исбилермен топарлар дәрежесиндеги сөйлесиўлер жеделлескени, гуманитарлық алмасыў кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Товар алмасыў көлемин арттырыў, машина қурылысы, фармацевтика, химия санааты, мәлимлеме технологиялары, аўыл хожалығы, туризм ҳәм басқа да көплеген әҳмийетли тармақларда кең көлемли кооперация бағдарламасын таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Бирге ислесиўдиң экономикалық күн тәртибин алға қойыў мақсетинде усы жылы Белград қаласында Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилисин өткериўге келисип алынды.

Шөлкемлескен мийнет миграциясы, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларындағы шериклик мәселелери көрип шығылды.
Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты, болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўлардың режесин додалады.
ӨзА