Қурылыста бюрократияны қысқартыў ҳәм қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў мәселелери додаланды

88

Президент Шавкат Мирзиёев қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы тараўында бюрократияны қысқартыў ҳәм қадағалаў жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша презентация менен танысты.

Қурылыс тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар халық ушын заманагөй турақ жайлар, социаллық объектлер ҳәм қолайлы инфраструктура жаратыўға хызмет етпекте. Соның менен бирге, қурылып атырған жаңа турақ жайлар қәўипсиз, сапалы, экология ҳәм қала қурылысы талапларына толық жуўап бериўи зәрүр.

Презентацияда тараўда мәмлекетлик хызметлерди әпиўайыластырыў, руқсат бериў процесслеринде бюрократияны азайтыў, қурылыс объектлери үстинен қадағалаўды санластырыў ҳәм инсан факторын қысқартыў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта қурылысты баслаў ушын руқсат алыў ушын жәми 8 ҳүжжет талап етиледи. Бул процесс айырым жағдайларда

3 айдан 12 айға шекем созылмақта. Сол себепли 2 ҳүжжетти талап етиўди бийкарлаў, және 2 ҳүжжетти болса санлы интеграция есабынан қәлиплестириў усыныс етилди. Нәтийжеде арза бериў ҳәм көрип шығыўға кететуғын ўақыт 7 есеге қысқарады, буйыртпашылардың артықша әўерегершилиги азаяды.

Жаңа тәртипке бола, жойбарлаўға руқсатнама ҳәм архитектура-режелестириў тапсырмасын бериў процесслери бирден-бир ҳүжжетке бирлестириледи. “ShaffofAI” системасы арқалы бул процесс инсан факторысыз, автомат түрде әмелге асырылыўы нәзерде тутылмақта. Буның нәтийжесинде 30 жумыс күнине шекем даўам ететуғын процесс толық автоматластырылады.

Жойбарлаў-излеў, қурылыс-жумысты бөлип алып ислеўши ҳәм экспертиза шөлкемлерин лицензиялаўда да жаңа тәртип енгизиледи. Бүгинги күнде арза бериўде 3 тен 30 ға шекемги ҳүжжетти қосымша етиў талап етилип, қарар қабыл етиў 14 жумыс күнине шекем созылмақта. Усыныс етилип атырған системада мағлыўматлар электрон базалар арқалы автомат түрде тексериледи, ҳүжжет қосымша етиў талабы бийкар етиледи. Лицензияны рәсмийлестириў мүддети 14 жумыс күнинен 5 минутқа шекем қысқарады, қарар қабыл етиў процеси 97 процентке тезлеседи.

Қурылыс объектлерин пайдаланыўға қабыл етиў процеси де әпиўайыластырылады. Өткен жылы бул бағдарда берилген 20 мыңнан аслам арзалар түрли себеплер менен бийкар етилген. Кемшиликлерди сапластырыў ушын буйыртпашылар 1 айдан 3 айға шекем ўақыт жумсамақта.

Енди мәмлекетлик объектлерди пайдаланыўға қабыл етиўде талап етилетуғын ҳүжжетлер саны 3 тен 1 ге қысқартылады. Техникалық ҳәм авторлық қадағалаўшылардың жуўмақлары, муўапықлық декларациясы ҳәм басқа да мағлыўматлар санлы системалар арқалы қәлиплестириледи. Бул болса объектти қабыллаў мүддетин 2 айдан 15 күнге шекем қысқартады.

Соның менен бирге, имараттың беккемлиги ҳәм өрт қәўипсизлигине тәсир етпейтуғын архитектуралық ямаса жойбарлаў өзгерислери себепли объектти пайдаланыўға қабыл етиўден бас тартыў әмелияты қайта көрип шығылады. Бундай жағдайларда керекли корректорлар киргизилип, объектти қабил етиў имканияты жаратылады.

Презентацияда қурылыс объектлерин онлайн қадағалаў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Әмелиятта қурылыс объектлерине бақлаў камераларын мәжбүрий орнатыў талабы жоқ. Сол себепли биринши басқышта баҳасы 3 миллиард сумнан жоқары болған социаллық тараў объектлери, көп қабатлы турақ жайлар, ири саўда ҳәм санаат объектлери, мийманхана ҳәм туризм комплекслерине камералар орнатыў усыныс етилди.

Бул арқалы жойбардан өзбасымшалық пенен шетке шығыў жағдайларын ерте анықлаў, қурылыс майданындағы жумысшылардың есабын анық жүргизиў, “конверт” усылында мийнет ҳақы төлеў жағдайларының алдын алыў, жасырын экономиканы қысқартыў ҳәм мийнет қәўипсизлигин тәмийинлеў имканияты кеңейеди.

Қурылыста техникалық ҳәм авторлық қадағалаў нәтийжелилигин арттырыў мәселеси де көрип шығылды. 2025-жылы техникалық ҳәм авторлық қадағалаўшылар объектлерде 42 мың кемшиликти атап өткен болса, инспекторлар кейин ала және 250 мыңнан аслам қағыйдабузарлықты анықлаған. Бул айырым жағдайларда қадағалаўшылардың жумысы жетерли дәрежеде нәтийжели шөлкемлестирилмей атырғанын көрсетеди.

Усы мүнәсибет пенен “Шаффоф қурилиш” платформасында техникалық ҳәм авторлық қадағалаўшылардың реестри ҳәм рейтинг системасын енгизиў усыныс етилди. Олардың жумысы аралықтан мониторинг етиледи, ис жүргизиў ҳүжжетлери электрон түрге өткериледи. Рейтинг көрсеткиши төмен болған қадағалаўшылар қайта оқытыўға жибериледи, жақсы нәтийже көрсеткенлердиң сертификат мүддети создырылады.

Қурылыс материалларының сапасын қадағалаўда да тәсиршең механизмлер енгизиледи. Объектке киргизилген ҳәр бир қурылыс материалы nazorat.mc.uz платформасы арқалы электрон дизимге алынады, сапаны тастыйықлаўшы ҳүжжетлер мәжбүрий түрде системаға жүкленеди. Сапасыз материаллардан пайдаланған қурылысшыларға ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилеў усыныс етилди.

Лаборатория сынақлары бойынша да жаңа қатнаслар белгиленбекте. Алыс аймақлардағы қурылыс массивлеринде сынақларды өз ўақтында өткериў ушын көшпели қурылыс-сынақ лабораторияларын шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул объектлердиң қамтып алыныўын еки есеге арттырыў, сынақ нәтийжелерин жедел анықлаў ҳәм стандарт талапларына әмел етилиўин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Презентацияда нызамсыз қурылыслардың алдын алыў мәселеси де ҳәр тәреплеме көрип шығылды. 1-апрель жағдайына республикамыз бойынша 3 мың 791 нызамсыз қурылыс объекти анықланған. Соннан 1 мың 933 и санаат зоналарының аймағына туўра келеди. Айырым объектлерде жерге болған ҳуқық, жойбарлаўға руқсатнама, кеңес ямаса экспертиза жуўмақлары жоқ екенлиги анықланған.

Буның алдын алыў ушын жерге байланыслы ҳуқық пайда болған ўақыттан баслап пуқаралар ҳәм юридикалық тәреплерге қурылыс тараўындағы нызам талаплары бойынша электрон еслетпелер жибериў, “Онлайн маҳалла” ҳәм “Шаффоф қурилиш” системаларын интеграциялаў, нызамшылықтағы объектлерди руқсатнамасыз қурғаны ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў усыныс етилди.

Көп квартиралы турақ жай фондын басқарыўда қадағалаўды күшейтиў мәселеси додаланды.

Нызамшылықта көп квартиралы турақ жайлардағы тосқынлық конструкцияларын өзбасымшалық пенен бузған шахсларға ҳәкимшилик шараларды оператив көриў механизми жетерли емес. 2023-жылы бундай жағдайлар 563 болған болса, 2025-жылы 2 мың 484 ке жеткен.

Әсиресе, пайдаланыў мүддети 50 жылдан асқан турақ жайларда өзбасымшалық пенен реконструкциялаў қәўипли ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Мәмлекетимизде бундай көп квартиралы турақ жайлар 15 мың 270 ти қурайды. Сол себепли оларда категорияны өзгертиў ҳәм реконструкциялаўды шеклеў, тосық конструкцияларды бузғаны ушын тиккелей жәрийма қолланыў ўәкиллигин инспекцияға бериў усыныс етилди.

Кадрлар потенциалын арттырыў мәселеси де дыққат орайында болды.

Ташкент, Наманган ҳәм Қаршы қалаларындағы жоқары оқыў орынларында Австрияның Вена ҳәм Италияның Сапиенца университетлери менен биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестириў, перспективалы кадрларды раўажланған мәмлекетлерге стажировкаға жибериў ҳәм олардың жаңа билим ҳәм көнликпелерин әмелиятқа енгизиў бойынша система жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз тараўдағы жаңалықлар әмелият пенен үзликсиз байланыслы болыўы зәрүрлигин атап өтип, аймақлық студиялардағы тараўда жумыс алып барып атырған исбилерменлердиң пикирлерин тыңлады. Усынысларды мақуллап, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА