Нәтийжелер, белсендилик ҳәм жаңа басқышқа тасланған қәдем

162

Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң 2025-жыл жуўмақлары ҳәм 2026-жылдың биринши шерегине бағышланған есабат мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Нурлыбай Қайыпбергенов басқарып барды ҳәм партия тәрепинен исленген жумыслар, ерискен нәтийжелер, жол қойылған кемшиликлер ҳәм алдағы режелер ҳаққында баянат жасады.

Баянатшы тәрепинен атап өтилгениндей, есабат дәўиринде партия жумысында сезилерли белсендилик ҳәм өсиў көзге тасланды. Атап айтқанда,  2025-жыл даўамында 36 жаңа басланғыш партия шөлкеми шөлкемлестирилип, 13 553 пуқара партия қатарына қабыл етилди. 2026-жылдың биринши шерегинде болса және 2 жаңа басланғыш партия шөлкеми дүзилип, 1 314 жаңа ағза партия қатарына қосылды. Бул санлар аймақларда партияға болған исеним артып баратырғанын айқын көрсетеди.

Мәжилис даўамында атап өтилгениндей, партияның жумысы тек ғана санлар менен емес, ал әмелий басламалар менен де өлшенеди.

― Бизлер ушын ең әҳмийетли көрсеткиш бул санлар емес, ал адамлар турмысындағы унамлы өзгерислер болып есапланады. Ҳәр бир басламамыз тиккелей халықтың машқалаларын шешиўге хызмет етиўи керек, – деди Нурлыбай Қайыпбергенов өз сөзинде.

― Партия тәрепинен әмелге асырылған жойбарлар жәмийетлик турмыстың түрли тараўларын қамтып алды, – Өзбекстан “Адолат” СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баспасөз хызмети хаткери Әбдирахман Қойлыбаев. – Соның ишинде, ҳуқықый саўатлылықты арттырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, билимлендириўдиң сапасын жақсылаў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарларында алып барылған жумыслар нәтийжесинде өткен жылы 1726 илаж өткерилип, оған 38177 пуқара қатнасты. Социаллық бағдарланған басламалар шеңберинде “Бар меҳримиз саған, балажан!” сүрени астында шөлкемлестирилген донорлық акциялары кең жәмийетшиликти бирлестирди. Еки мәрте өткерилген бул акцияда 574 донор қатнасып, нәтийжеде 258,4 литр донор қаны жыйналды. Сондай-ақ, партия жумысының ашық-айдынлығына ҳәм жәмийетшилик пенен пикирлесиўге айрықша итибар қаратылды. Әмелге асырылған жумыслар ғалаба хабар қуралларында ҳәм социаллық тармақларда кеңнен сәўлелендирилип, халықтың хабардарлығы арттырылды. 2026-жылдың биринши шерегинде де бул жумыслар турақлы даўам еттирилип, 342 илаж арқалы 6 372 пуқара қамтып алынды.

Депутатлық жумысы шеңберинде аймақлық Кеңеслерде әҳмийетли мәселелер көтерилип, олардың шешимине қаратылған басламалар алға қойылды.

Мәжилис жуўмағында ең белсенди районлар ҳәм белсенди басламашы басшылар мүнәсип сыйлықланды.

– Бүгинги мәжилисте партия Сиясий Кеңесиниң “Адолат” көкирек белгиси менен сыйлықландым, – дейди Хожели районлық Кеңесиниң баслығы Базарбай Утамбетов. – Алдағы ўақытлары да өзиме билдирилген исенимди ақлаў мақсетинде аянбастан хызмет ете беремен.

Соның менен бирге, Әмиўдәрья, Мойнақ ҳәм Қараөзек районлық Кеңеслери 2025-жылдың жуўмақлары бойынша ең үлгили районлық Кеңеслер сыпатында тән алынып, партия Сиясий Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм компьютер топламлары менен сыйлықланды.

Әлбетте, есабат мәжилисиниң жуўмақлары Өзбекстан “Адолат” СДПның Қарақалпақстанда жәмийетлик турмыста сиясий күш сыпатында белсене қатнасыўына ҳәм өз орнын беккемлеўине тийкар жаратады деп исенемиз.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы