Былғары-аяқ кийим санаатын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар көрип шығылды

119

Президент Шавкат Мирзиёев былғары аяқ кийим санаатында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелер бойынша презентация менен танысты.

Соңғы жыллары тараў кәрханаларын қоллап-қуўатлаў, өндиристи кеңейтиў ҳәм экспортты көбейтиў бойынша бир қатар илажлар көрилди. Усы жылдың биринши шерегинде былғары санаатында өндирис көлеми 962 миллиард сумды қурап, өсиў 25 проценттен артты. 2030-жылға шекем былғары-аяқ кийим санаатында өндирис көлемин 12 триллион сумға, экспортты 500 миллион долларға жеткериў, 12 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мақсет етилген.

Соның менен бирге, тараўда иске қосылмаған имканиятлардың көп екенлиги көрсетип өтилди. Республикада үлкен көлемде тери ҳәм жүн шийки заты пайда болып атырған болса да, оларды терең қайта ислеў дәрежеси төменлигинше қалмақта. Атап айтқанда, қой ҳәм ешки терисин қайта ислеў дәрежеси 30 процент әтирапында. Жылына таярланатуғын 40 мың тонна жүн шийки затының тек ғана 6 мың тоннасы, яғный 15 проценти қайта исленеди.

Презентацияда кәрханалардың қуўатлылығынан нәтийжели пайдаланыў, шийки затты терең қайта ислеў, таяр өним үлесин арттырыў ҳәм экспорт географиясын кеңейтиў бойынша усыныслар көрип шығылды.

Соның ишинде, Ташкент ўәлаятының Аҳангаран районы ҳәм Әндижан ўәлаятының Шаҳрихон районында былғары-аяқ кийим санаатына қәнигелескен санаат зоналарын шөлкемлестириў режелестирилген. Бул зоналарда өндирислик имаратлар, инженерлик-коммуникация тармақлары, логистика, дизайн ҳәм маманлық арттырыў орайлары қурылады. Санаат зоналарын басқарыў Жеңил санаатты раўажландырыў агентлиги жанында шөлкемлестирилетуғын арнаўлы дирекцияға жүкленеди.

Аҳангаранда терини қайта ислеў кәрханалары ушын экологиялық талапларға жуўап беретуғын заманагөй санаат зонасы шөлкемлестириледи. Республикадағы 32 терини қайта ислеў кәрханасында суў тазалаў имаратларының 70 проценти гөнерген, бирден-бир орайласқан система жоқ. Сол себепли, жаңа зонада орайласқан суў тазалаў имараты қурылып, күнине 8 мың куб метрге шекем тазаланған суўды технологиялық процесслерде  қайта ислетиў имканияты жаратылады.

Шийки зат базасын кеңейтиў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Қоңсы мәмлекетлерден мал терисин орайласқан ҳалда импорт етиў, бул процессте исбилерменлерге “бир айна” принципи тийкарында жәрдемлесиў, транспорт қәрежетлерин компенсациялаў ҳәм қайта ислеўши кәрханаларды айланыс қаржы менен тәмийинлеў усыныс етилди.

Майда мал терилерин жыйнаў ҳәм бирлемши қайта ислеў системасын жетилистириў де әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленди. Наўайы, Қашқадәрья, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында терини жыйнаў ҳәм бирлемши қайта ислеў пунктлерин шөлкемлестириў, қайта ислеў кәрханаларын хошаметлеў илажлары көрип шығылды.

Жүн шийки затын қайта ислеўди кеңейтиў бойынша Сырдәрья ўәлаятында жаңа комплекс шөлкемлестириў усыныс етилди. Оның қуўатлылығы 30 мың тонна жүнди қайта ислеўге мөлшерленген. Жойбар иске қосылса, шийки заттан таяр өним ислеп шығарыў шынжыры қәлиплесип, қосымша қун бир неше есеге артады, экспорт ҳәм жумыс орынлары көбейеди.

Аяқ кийим, соның ишинде, арнаўлы аяқ кийим ислеп шығарыў көлемин арттырыў, бул бағдарда сырт елли шериклер менен кооперация ҳәм биргеликтеги жойбарларды көбейтиў режелери көрип шығылды.

Презентацияда жасалма тери ислеп шығарыўды кеңейтиў мәселесине де тоқтап өтилди. Дүнья базарында ири брендлер экологиялық талаплар, баҳа ҳәм технологиялық қолайлықлар көзқарасынан жасалма териден пайдаланыўды кеңейтпекте.

Елимизде бул бағдарда 7 перспективалы жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Олардың нәтийжесинде 50 миллион погон метр өним ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылып, ишки талаптың үлкен бөлеги қапланады, экспорт артады.

Мәмлекетимиз басшысы тараўға берилген жеңилликлер өз-өзинен нәтийже бермейтуғынын, ҳәр бир кәрхана, жойбар ҳәм базар бойынша анық есап-санақ ҳәм әмелий ҳәрекет зәрүрлигин атап өтти.

Жуўапкерлер ҳәм аймақлардың басшыларына кәрханаларды финанслық саламатландырыў, қуўатлықлардан толық пайдаланыў, импорттың орнын басатуғын бәсекиге шыдамлы өнимлер ислеп шығарыў, халықаралық сертификатлар алыўда исбилерменлерге жәрдем бериў бойынша тапсырмалар берилди.

ӨзА