Кәрханалардың турақлы жумысын қоллап-қуўатлаў илажлары көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев 5-май күни өндирис кәрханаларының жумысын турақластырыў ҳәм исбилерменлерди ойландырып атырған машқалалы мәселелерди шешиў бойынша презентация менен танысты.
Елимизде исбилерменликти раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа өндирислик қуўатлықларды жаратыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, санаатта бар имканиятлардан толық пайдаланыў, бурын иске қосылған кәрханалардың турақлы жумыс алып барыўын тәмийинлеў, олардың өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыў әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.

Презентацияда ҳәр қыйлы себеплерге бола толық қуўатлылықта ислемей атырған ҳәм түсими азайған кәрханалардың жумысын үйрениў нәтийжелери көрип шығылды. Бундай жағдайлар тийкарынан тоқымашылық, қурылыс материаллары, азық-аўқат, нефть-химия, электротехника ҳәм басқа да тармақларда бақланбақта.
Бул категориядағы кәрханалардың жумысына унамсыз тәсир көрсетип атырған факторлар арасында айланыс қаржының жетиспеўшилиги, коммуналлық инфраструктура менен байланыслы мәселелер, жойбарлардың кешигиўи, үскенелердиң ескиргени, шийки зат шынжырындағы үзилислер, өнимге талаптың төменлеўи сыяқлы машқалалар көрсетип өтилди.
Бул машқалаларды шешиў арқалы кәрханаларда өндиристи тиклеў ҳәм бар қуўатлықларды толық иске қосып, қосымша 65,6 триллион сумлық өним ислеп шығарыў ҳәм экспорт етиў имканияты бар екенлиги анықланды.

Сонлықтан, ҳәр бир кәрхананың жағдайын өз алдына үйренип, оларды толық қуўатлылыққа алып шығыў бойынша жаңа система енгизилетуғыны белгиленди. Буның ушын жуўапкер уйымлар ҳәм банклердиң қатнасыўында Республикалық штаб шөлкемлестириледи. Штаб ўәкиллери орынларға шығып, еки ҳәпте мүддетте кәрханалардың жумысына тосқынлық етип атырған мәселелерди анықлайды ҳәм оларды орнында шешиў илажларын көреди.
Жумысын тиклеў имканияты бар кәрханаларға зәрүр кредит қаржыларын ажыратыў, айланыс қаржы менен тәмийинлеў, инфраструктура ҳәм шийки зат мәселелерин шешиў бойынша банклер ҳәм жуўапкер уйымлар биргеликте ислейди.
Презентацияда коммерциялық банклердиң балансындағы ири мүлк мәселесине де итибар қаратылды.
Бүгинги күнде банклердиң балансында баҳасы 10 миллиард сумнан жоқары болған 70 мүлк бар. Бул активлерди экономикаға қайта тартыў, оларға инвестор табыў ҳәм өндирис майданларына айландырыў бойынша өз алдына механизмлерди енгизиў белгиленди.

Презентацияда инвестициялық бағдарламалар шеңберинде иске қосылған жойбарлардың жумысын есапқа алыў ҳәм олардың нәтийжелилигин баҳалаў мәселесине тоқтап өтилди. 2021-2025-жылларда әмелге асырылған дерлик 17 мың жойбар нәтийжесинде иске қосылған кәрханалардың айырымлары өз жумысын салық ҳәм статистика есабатларында толық көрсетпей атырғаны көрсетип өтилди. Жуўапкерлерге ҳәр бир жойбарды үйренип, оларға салық салыў ҳәм статистикалық есабатларда дурыс сәўлелендириўди тәмийинлеў тапсырылды.
Исбилерменлик орталығына унамсыз тәсир көрсетип атырған және халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң наразылықларына себеп болып атырған айырым мәселелер ҳәм оларды шешиў бойынша усыныслар көрип шығылды.
Атап айтқанда, исбилерменлик субъектлериниң плакатларын ҳәм бренд белгилерин жайластырыў, улыўма аўқатланыў ҳәм саўда объектлери ушын айырым ҳәкимшилик талаплар, мийнет қатнасықларындағы тәртип-қағыйдалар, нақ пулсыз төлемлер, салық жеңилликлерин қолланыў, финанслық жәриймалар, сыртқы экономикалық жумыстағы ҳүжжетпазлық сыяқлы мәселелер додаланды.
Мәселен, әмелдеги тәртипке бола, айырым жағдайларда кәрхананың аты, жумыс түри ямаса саўда белгиси сәўлеленген жазыўлар да реклама сыпатында баҳаланып, олар ушын өз алдына паспорт рәсмийлестириў ҳәм төлемлерди әмелге асырыў талап етилмекте. Бул исбилерменлер ушын қосымша ҳәкимшилик жүк болыўы менен бирге саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң танылыўы, қарыйдарлар ағымы ҳәм түсимине де тәсир етпекте.
Усы мүнәсибет пенен исбилерменлик субъектиниң атамасы ҳәм жумыс түри ҳаққында имаратқа жайластырылған мәлимлемени реклама сыпатында баҳаламаў ҳәм оның ушын тийисли паспортларды рәсмийлестириўди бийкар етиў усыныс етилди. Рекламалар ҳәм басқа да мәлимлеме белгилерин жайластырыўға байланыслы дизайн талапларын исбилерменлердиң усынысларын есапқа алған ҳалда басқышпа-басқыш енгизиў, юридикалық тәреплерге тийисли транспорт қуралларына өз саўда белгисин жайластырыў тәртибин әпиўайыластырыў басламасы алға қойылды.
Улыўма аўқатланыў кәрханаларына қосымша қун салығының бир бөлегин қайтарыў тәртибин әпиўайыластырыў, айырым саўда, улыўма аўқатланыў ҳәм хызмет көрсетиў объектлери ушын экологиялық экспертиза және компенсация төлемлери менен байланыслы тәртиплерди жеңиллетиў усыныс етилди. Сондай-ақ, мийнет қатнасықларында жумыс бериўши ҳәм хызметкер арасындағы айырым тәртип-қағыйдаларды анықластырыў усыныс етилди.
Санластырыў ҳәм нақ пулсыз төлемлер бағдарында халық ҳәм бизнес ушын қолайлылықты арттырыўға қаратылған усыныслар билдирилди. Атап айтқанда, айырым товарлар ҳәм хызметлер ушын төлемлерди нақ пулсыз түрде әмелге асырыў әмелияты кеңейип атырғаны себепли, банк инфраструктурасы, комиссиялар ҳәм тутыныўшыларға қайтарылатуғын кешбэк системасын жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Физикалық тәреплердиң өз банк карталары арасындағы пул өткермелерин комиссиясыз әмелге асырыў, нақ пулсыз төлемлердиң халық ушын қолайлы болған түрлерин көбейтиў, улыўма аўқатланыў, алкоголь, темеки ҳәм жанылғы сатыў тараўларында сатып алыў чеки бойынша есапланған кешбэкти тез қайтарыў имканиятын жаратыў усыныс етилди. Соның менен бирге, банк карталары арқалы әмелге асырылатуғын операцияларда қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде енгизилген антифрод SMS-хабарнамалар бойынша қәрежетлерди қайта көрип шығыў, мобиль қосымшалардағы хабарнамалар ямаса биометриялық идентификация сыяқлы альтернатив шешимлерден пайдаланыў усыныс етилди.
Салық ҳәкимшилиги ҳәм финанслық жәриймалар бағдарында салық жеңилликлерин қолланыўда жүзеге келип атырған тартыслы жағдайларды сапластырыў, салық қарыздарлығы бойынша есапланып атырған пеня тийкарғы қарыз суммасының артып кетпеўи бойынша норманы енгизиў, чек бермеў жағдайы бойынша хабар жибериў системасынан пайдаланыў жағдайларының алдын алыў, ҚҚС гүўалығын тоқтатып турыў тәртибин жетилистириў алға қойылды.
Сыртқы экономикалық жумысты әпиўайыластырыў мақсетинде импорт процесинде бир-бирин қайталайтуғын ҳүжжетлерди қысқартыў, исбилерменлерге сырт елде саўда үйлери, филиал ҳәм ўәкилханалар ашыў ушын қолайлырақ тәртип жаратыў, “Өзэкспоорай” имканиятларынан нәтийжели пайдаланған ҳалда миллий өнимлерди халықаралық базарларда кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша усыныслар билдирилди.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлик ушын артықша тосқынлықларды азайтыў, қадағалаў ҳәм тәртипке салыў механизмлерин әпиўайыластырыў, санластырыў процесслерин бизнеске қосымша жүк емес, ал қолайлық жарататуғын қуралға айландырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге бар санаат қуўатлықларын толық иске қосыў, кәрханаларды қаржылай саламатландырыў, өндирис ҳәм экспорт көлемин арттырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы шараятларды кеңейтиў бойынша анық тапсырмалар берилди.
ӨзА