Өзбекстанда жасыл энергия үлесин арттырыў бойынша қатаң көзқарас қәлиплести

118

Самарқандта Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилиси илажлары болып өтпекте. Мәмлекетимиз басшысы илаждың ашылыў мәресиминде шығып сөйледи. Сырт ел делегацияларының басшылары менен ушырасыўлар өткерди.

Атап айтқанда, мәжилис шеңберинде “ACWA” компаниясының басшысы Муҳаммад Абунайян басшылығындағы делегацияны қабыллады. Онда шериклик байланысларын кеңейтиў ҳәм биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыўдан соң “ACWA” компаниясы басшысы Муҳаммад АБУНАЙЯНның пикирлери менен қызықсындық.

– Бәринен бурын соны айрықша айтыўым керек, өз елимдей болып қалған Өзбекстанда екениме қуўанышлыман. Бул жерге ҳәр келиўим өзине тән сезим бағышлайды, усы демлерди интизарлық пенен күтемен, – деди Муҳаммад Абунайян. – Бул имканият ушын миннетдарман. Өзбекстанға ҳәр сапары келгенимде Уллы Мәртебели Президент ушырасыўға мирәт етип, жоқары ҳүрмет көрсетеди. Бул мен ушын үлкен мақтаныш.

Ҳәр сапары ол инсан менен ушырасыў, Саудия – Өзбекстан кеңеси шеңберинде түрли тараўларға инвестиция тартыўды кеңейтиўге қаратылған үлкен мақсетлер ҳаққында еситиў мен ушын үлкен қанаатланыўшылық. Соның менен бирге, бул инвестициялар қай дәрежеде әмелге асырылып атырғанын да биргеликте көрип шығамыз.

Уллы Мәртебели Мырза барлық процесслерден бәрқулла хабардар. Ол адам ҳәр бир жойбардың жағдайы ҳаққында сорайды. Процессти тезлестириў ҳәм табысқа ерисиў ушын зәрүр болған барлық жәрдемди тәмийинлейди. Олардың басламалары ҳәм әмелге асырып атырған реформалары усы инвестициялардың табыслы әмелге асырылыўына беккем тийкар жаратып келмекте.

Бул инвестициялар тек ғана экономикалық емес, ал социаллық жақтан да үлкен әҳмийетке ийе. Ҳәр бир ушырасыўда биз, бәринен бурын, әмелге асырылған жумысларға баҳа беремиз. Соның менен бирге, келешекте Өзбекстанға қандай жаңа инвестицияларды алып кириў мәселесин додалаймыз.

Сондай-ақ, Уллы Мәртебели Мырза компаниямыздың ҳәр қыйлы аймақларда, ҳәр қыйлы технологиялар ҳәм шешимлер тийкарында әмелге асырып атырған барлық жойбарларын да жеке өзи бақлап бармақта.

Ол инсан Өзбекстанның стратегиялық раўажланыў жолын жүдә ерте белгилеп бергенин атап өтиў керек. Атап айтқанда, жасыл энергетика, энергия алмасыўы ҳәм энергетикалық қәўипсизлик мәселелерине оғада ерте итибар қаратылған.

Өзбекстан Президенти басқа көплеген мәмлекетлер еле бул мәселелерге толық итибар қаратпастан-ақ, усы бағдарларда анық ҳәм узақты гөзлеген мақсетлерди белгилеп берди. Қайта тикленетуғын ҳәм жасыл энергия үлесин арттырыў бойынша исенимли көзқарас қәлиплести.

Ең әҳмийетлиси, бул жойбарлар тек ғана технология көзқарасынан емес, ал экономикалық нәтийжелилик ҳәм социаллық тәсир көзқарасынан да пуқта ойланған. Бул болса нәтийжелиликти тәмийинлейди, өзине түсер баҳаны оптималластырады ҳәм турақлы нәтийжеге алып келеди.

Бүгинги күнде Өзбекстанның энергетика сиясаты көплеген мәмлекетлер ушын үлги бола алатуғынын айтыў керек.

Бул процессте тек ғана тәмийнат мәселеси емес, ал дурыс экономикалық қатнас ҳәм социаллық факторлар, соның ишинде, жергиликли кадрлар таярлаў да есапқа алынған.

Мырза Президент инсан капиталына айрықша итибар қаратады. Мәмлекетиңизде жасларды жаңа технологияларға оқытыў, оларды заманагөй билимлер менен тәмийинлеў, жергиликли қәнигелерди таярлаў мәселелери тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген.

Қурылыс, эксплуатациялаў ҳәм техникалық хызмет көрсетиў сыяқлы процесслерде жергиликли кадрлардың қатнасыўын тәмийинлеў, оларды оқытыў ҳәм раўажландырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.

Саудия Арабстанында энергетикалық трансформация ҳәм жасыл энергетиканы енгизиў процеси Мийрасхор шаҳзада ҳәм Бас министрдиң басшылығында табыслы әмелге асырылмақта.

Еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиў нәтийжесинде энергетика нәтийжелилиги бойынша әҳмийетли жаңалықлар ҳәм билимлер алмасыўы жолға қойылды. Бүгин бул бағдарда институционаллық тийкарлар да жаратылған.

Булардың барлығы Саудия Арабстаны ҳәм Өзбекстан арасында Уллы Мәртебели Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында қәлиплескен тығыз ҳәм исенимли бирге ислесиўдиң нәтийжеси болып есапланады.

Бүгинги күнде дүньядағы көплеген мәмлекетлер энергетикалық қәўипсизлик мәселесин кризис шараятында шешиўге мәжбүр болмақта. Бирақ Өзбекстанда бул мәселе әдеўир алдын, стратегиялық қатнас тийкарында шешилген. Соның ушын да мәмлекет бүгинги глобаллық өзгерислерге турақлы түрде жуўап бермекте.

Бул болса Президентиңиздиң узақты көре алыўы, исенимлилиги ҳәм пуқта режелестирилген сиясатының нәтийжеси болып есапланады.

Билесиз бе, ашық ҳәм шын жүректен айтатуғын болсам, мен оның жетекшилигинен жүдә тәсирленгенмен. Дүньяда стратегия ҳәм көзқараслар ҳаққында сөйлейтуғын жетекшилер көп. Бирақ бул идеяларды әмелге асыратуғын, оларды реал нәтийжеге айландыратуғын жетекшилер жүдә аз.

Уллы Мәртебели Мырза Президент Шавкат Мирзиёев мине усындай жетекши. Ол адам тек стратегия белгилеп қоймастан, ал оны турмысқа енгизеди, нәтийжеге ериседи ҳәм бул процесске жеке жуўапкершилик пенен қатнас жасайды.

Ең үлкен абзаллығы ийелик сезими ҳәм әмелий қатнасы болып табылады. Ол адам тек ғана реже дүзип қоймай, ал оны толық әмелге асырыўға ериседи. Соның менен бирге, тек ғана мәмлекет ямаса регион ушын емес, ал халықаралық жәмийетшилик ушын да күшли үлги болып келмекте.

Бүгин биз буны әмелде көрип турмыз. Бурын Өзбекстанға инвесторларды тартыў оғада қыйын еди. Көплеген мәмлекетлерден инвесторлар дерлик келмеди.

Ҳәзир болса жағдай пүткиллей өзгерген. Бүгин пүткил дүньядан сапалы ҳәм ири инвесторлар Өзбекстанға келмекте. Бул үлкен мийнет, избе-из реформалар ҳәм беккем сиясий ерк-ықрар нәтийжеси болып есапланады.

Ашық-айдынлықты тәмийинлеў, институционаллық реформалар, нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, нызам үстинлигин беккемлеў – булардың барлығы басқышпа-басқыш әмелге асырылды. Ҳәм, ең әҳмийетлиси, бул процесслердиң артында ҳақыйқый исеним ҳәм әмелий ҳәрекет тур.

Бүгин халықаралық әнжуманларда да буны айқын көриў мүмкин. Биз ҳәзирги ўақытта қатнасып атырған илажда да дүньяның түрли мүйешлеринен келген қатнасыўшыларды көрип турмыз.

Жақын күнлерде болып өтетуғын инвестициялық форумда да бул және де айқын көринеди. Ол жерде сиз дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен келген жетекши компаниялар ҳәм инвесторларды көриўиңизге исенемен.

Бул Өзбекстанның қалай өзгергенин, қандай имканиятлар ашылғанын көрсететуғын ең анық дәлил болып есапланады.

Мен бир нәрсени айрықша атап өтпекшимен. Өзбекстан ҳәр қандай инвестор емес, ал, исенимли, узақ мүддетли, жуўапкершиликли ҳәм шерикликке таярларды ғана қабыл етеди.

Бул жерде “келип-кететуғын” инвесторлар ушын шараят жаратылмайды. Узақ мүддетли, өз-ара пайдалы ҳәм турақлы бирге ислесиў қәдирленеди.

Бундай қатнас нәтийжесинде сапалы инвесторлар келмекте ҳәм олар өз инвестициясынан мүнәсип нәтийже алмақта.

Уллы мәртебели Президентке айрықша рахмет айтыў керек. Ол адам жүдә көп мәмлекетлерде еле бақланбаған дәрежедеги реформаларды әмелге асырды.

Орайлық Азияға қараң. Ол инсан қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықларды жаңа басқышқа алып шықты. Көплеген келиспеўшиликлерди шешиўге хызмет етти ҳәм регионда өз-ара исеним ҳәм бирге ислесиў орталығын қәлиплестирди.

Бүгин Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы жақынлық ҳәм аўызбиршилик – бул да күшли сиясий ерк-ықрар ҳәм жетекшилик нәтийжеси.

Не ушын айырым мәмлекетлер бундай тезликке ерисе алмай атыр? Себеби бул жерде тек ғана басшылық емес, ал жетик стратегиялық пикирлеў ҳәм әмелий ҳәрекет үнлеслиги бар.

Уллы мәртебели Мырза Президент мине усы үйлесимлиликти тәмийинлей алған жетекши. Соның ушын да бүгин көплеген мәмлекетлер ҳәм халықаралық шеңберлер Өзбекстандағы өзгерислерге үлкен қызығыўшылық пенен қарамақта.

Қытай, Швейцария, Америка Қурама Штатлары сыяқлы басқа да көплеген мәмлекетлерде болдым. Ҳәмме жерде бир нәрсени көрдим. Адамлар Өзбекстан ҳаққында еситкен, қызығыўшылық билдирмекте ҳәм бул мәмлекетти жақыннан танысыўды қәлемекте.

Өзбекстан бүгин дүньядағы ең айқын трансформация мысалларынан бирине айланды. Ҳәм, бул, әлбетте, Уллы мәртебели Президенттиң жетекшилиги ҳәм халықтың қоллап-қуўатлаўының нәтийжеси болып есапланады.

Соның менен бирге, мен бир әҳмийетли тәрепти айрықша атап өтпекшимен: бул жетискенликлер артында уллы халық тур. Жаслар мәмлекеттиң ең үлкен байлығы есапланады. Олар билимге қуштар, өзгерислерге таяр ҳәм жоқары мақсетлерге умтылмақта. Бул болса келешек ушын және де үлкен имканиятлар есигин ашады.

Биз болса, Саудия Арабстаны ҳәм Саудия бизнес кеңеси сыпатында, сондай-ақ, ACWA ва Vision Invest компаниялары арқалы, Өзбекстанда түрли инфраструктура жойбарларына инвестиция киргизип атырмыз.

Бул жойбарлар қатарында аэропортлар, медицина мәкемелери, соның ишинде, Ферғанадағы емлеўхана, сондай-ақ, суў тәмийнаты, суўды қайта ислеў, орайласқан суўытыў ҳәм ысытыў системалары сыяқлы ири басламалар бар.

Буннан тысқары, көшпес мүлк, туризм ҳәм өндирис тараўларында да жедел жумыс алып барылмақта. Биз Өзбекстанға заманагөй технологиялар ҳәм жоқары сапалы өндирислик шешимлерди алып келмектемиз.

Айырым компаниялар бул жерде жергиликли кәрханаларды сатып алып, ноу-хау ҳәм заманагөй технологияларды енгизбекте.

Бизиң мақсетимиз Өзбекстанды тек ғана тутыныў базары сыпатында емес, ал регионаллық орайға айландырыў болып табылады. Яғный бул жерде жаратылған өнимлер ҳәм шешимлер кейин ала басқа мәмлекетлерге де экспорт етиледи. Бул болса Өзбекстанды технология ҳәм билим тарқатыўшы орайға айландырады.

Усы мәниде, Саудия Арабстанындағы басшылық – Мийрасхор шаҳзада ҳәм Бас министр, сондай-ақ, энергетика министри Уллы Мәртебели Мырза Шахзада Абдулазиз бин Салмонниң қоллап-қуўатлаўы бул бирге ислесиўди және де күшейтпекте.

Олардың көзқараслары ҳәм амбициялары бәрқулла алға умтылыўға қаратылған ҳәм бул бирге ислесиў жыл сайын және де кеңейип бармақта.

Сизге жүдә әҳмийетли бир тәрепти айтып бермекшимен. Мен сиясатшы емеспен, исбилерменмен. Бирақ исбилермен сыпатында әмелиятта көрип атырғаным соннан ибарат, бүгинги күнде дүньяда анықсызлықлар жүдә көбейген. Геосиясий жағдай, урыслар, түрли қәўип-қәтерлер – булардың барлығы көплеген мәмлекетлерди және де абайлы, ҳәттеки консерватив етип қойды.

Көплеген мәмлекетлер енди тийкарынан өз ишки базарына итибар қаратпақта, басқа мәмлекетлерге инвестиция киргизиўге онша асықпай атыр.

Бирақ бизиң жағдайымыз басқаша. Саудия Арабстаны ҳәм Өзбекстан арасындағы қатнасықлар – әпиўайы бирге ислесиў емес, – өз-ара исенимге тийкарланған стратегиялық шериклик.

Еки мәмлекет басшылары – Мийрасхор шаҳзада, Бас министр ҳәм Уллы Мәртебели Президент арасында қәлиплескен тығыз ҳәм исенимли қатнасықлар биз, исбилерменлер ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Бул исеним бизге тек ғана исеним емес, ал және де көбирек жумыс ислеў, және де үлкен жойбарларға кирисиў ҳәм және де үлкен нәтийжелерге ерисиў ушын күшли мотивация береди.

Усы жерде анық айтыўым мүмкин, кеше Уллы мәртебели Мырза Президентке айтқанымыздай, Саудия Арабстанынан киргизилген инвестиция көлеми 26 миллиард доллардан асқан болса, енди бул көрсеткишти және де арттырамыз.

Уллы мәртебели мырзаның басшылығында берген ўәдемизге муўапық, быйыл инвестиция көлемин 30 миллиард доллардан арттырыўды режелестиргенбиз.

Буның менен шекленип қалмаймыз. Бизлер әллеқашан 2030-жылға шекемги режелерди дүзип атырмыз.

Себеби еки мәмлекет жетекшилери арасында улыўмалық мақсетлер ҳәм үлкен режелер бар. Олар бәрқулла алға умтылады ҳәм ерисилген нәтийжелер менен шекленип қалмайды.

Олардың мақсетлери жоқары, ҳәм, биз, бизнес ўәкиллери сыпатында, бул мақсетлерди әмелге асырыўда белсене қатнасыўымыз керек.

Бизиң ўазыйпамыз Саудия Арабстаны ҳәм сүйикли мәмлекетимиз Өзбекстан арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлейтуғын ҳақыйқый экономикалық шерикке айланыў болып табылады.

Саудия Арабстанынан келген бизнес ўәкиллери сыпатында бул жерге тек ғана инвестиция киргизиў емес, ал биргеликте қун жаратыў, жаңа имканиятлар ашыў ҳәм Өзбекстанның раўажланыўына үлес қосыў ушын келгенбиз.

Жеке өзим бул жерге ҳәр сапары келгенимде өзимди үйимдегидей сеземен. Бул мәмлекетке келгенде менде бәрқулла қуўаныш ҳәм илҳам пайда болады.

Ал кетип баратырғанымда, тағы қашан қайтып келетуғыным туўралы ойланаман.

Иншаалла, жақын айларда және қайтып келемен. Инвестиция форумында және ушырасамыз.

Сонда бүгинги ушырасыў ҳәм додалаўлардан кейин қандай нәтийжелерге ерискенимиз, қандай жаңа жойбарларды әмелге асырғанымыз ҳәм Өзбекстанға және қандай инвестициялар ҳәм билимлерди алып келгенимизди биргеликте додалаймыз.

ӨзАның хабаршысы И.АВВАЛБОЕВ таярлады.