Самарқандта алға қойылған басламалар әмелий нәтийжелерге, анық ҳәм пайдалы жойбарларға айланды

130

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилиси илажларында қатнасыў ушын 3-4-май күнлери Самарқандта болды.

Мәмлекетимиз басшысы 3-май күни Азия раўажланыў банкиниң президенти Масато Канда басшылығындағы делегацияны, сондай-ақ, бир қатар мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлердиң басшыларын қабыллады.

Бул ушырасыўларда Өзбекстанның Азия раўажланыў банки ҳәм басқа да халықаралық финанс институтлары, сырт мәмлекетлер ҳәм абырайлы компаниялар менен экономикалық, инвестициялық бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Атап айтқанда, саммит шеңберинде Өзбекстан ҳәм Азия раўажланыў банки арасында 2030-жылға шекем мөлшерленген жаңа шериклик бағдарламасына қол қойылғаны, оған киргизилген улыўма баҳасы 12,5 миллиард долларлық жойбарларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыў әҳмийетли екени атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-май күни Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилисиниң ашылыў мәресиминде қатнасты.

“Раўажланыў кесилиспелери: регионның өз-ара байланыслы келешегин алға қойыў” сүрени астында өткерилип атырған форумда 100 ден аслам мәмлекеттен 4 мыңнан аслам экспертлер, сондай-ақ, сырт ел ҳүкиметлери, халықаралық финанс шөлкемлери, жетекши банклер ҳәм компаниялардың ўәкиллери қатнаспақта.

Күн тәртибинен санлы ҳәм “жасыл” трансформация, климат турақлылығы, өндирис тәмийнаты шынжырларын раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм басқа да мәселелер орын алған.

Мәмлекетимиз басшысы илажда шығып сөйлеп, бундай абырайлы әнжуманның елимизде өткерилип атырғаны Өзбекстанға мақтаныш бағышлайтуғынын атап өтти.

Президентимиз уллы тарийх ҳәм айдын келешекти өзинде жәмлеген Жаңа Өзбекстан енди халықаралық көлемдеги әҳмийетли мәселелер додаланатуғын ири орынға айланып баратырғанын атап өтти.

Өзбекстан жетекшиси мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелерине толық тоқтап өтти.  Кейинги жыллары экономикамызға 150 миллиард доллар сырт ел инвестициясы киргизилип, мыңлаған заманагөй кәрханалар иске қосылды. Бул дәўирде товар ҳәм хызметлер экспорты 3 есеге өсти, миллий экономиканың көлеми болса 50 миллиардтан 147 миллиард долларға жетти.

2020-жылдан берли Өзбекстан суверен кредит рейтинглеринде өз орнын избе-из арттырып бармақта. Экономикалық еркинлик индексинде усы жылы елимиз 14 текше жоқарылап, биринши мәрте “экономикалық жақтан орташа еркин” мәмлекетлер қатарынан орын алды.

Глобаллық турақсызлық шараятында да экономикамыз биринши шерек жуўмағы бойынша 8,7 процентлик өсиўге еристи.

– Ең әҳмийетлиси, реформаларымызда ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсанның күнделикли турмысын жақсылаўға тийкарғы итибарды қараттық. Биз өткен дәўирде 8,5 миллион жәрдемге мүтәж халықтың дәраматын арттырып, кәмбағаллық дәрежесин дерлик 35 проценттен бүгинги күнде 5,8 процентке түсириўге еристик, – деди Президентимиз.

Өзбекстан соңғы он жылда Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде ең үлкен унамлы өзгерислерге ерискен бес мәмлекеттен бири болды.

2030-жылға шекем барлық тараўларды технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў арқалы экономика көлемин 240 миллиард доллардан арттырыў, дәраматы орташадан жоқары мәмлекетлер қатарына кириў ҳәм кәмбағаллықты толық сапластырыў мақсет етилген.

Президентимиз әмелге асырылып атырған үлкен реформаларда Азия раўажланыў банки ҳәм басқа да халықаралық финанс шөлкемлериниң ролин айрықша атап өтти. АРБ менен әмелге асырылған ҳәм ҳәзирги қоспа жойбарлар портфели дерлик 16 миллиард долларға жетти.

Мәмлекетимиз басшысы Азия раўажланыў банкиниң президенти Масато Кандаға, Банк басқарыўшылары ҳәм Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, Ислам раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки және басқа да халықаралық финанс институтларының басшыларына жақын бирге ислесиў ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Президентимиз дүнья экономикасында жүз берип атырған қурамалы өзгерислер ҳәм жаңа технологиялардың жедел раўажланыўы ҳаққында сөз етип, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын Банк пенен биргеликте жаңа механизм ҳәм тәсиршең көзқарасларды енгизиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Санлы трансформация ҳәм жасалма интеллектке айрықша итибар қаратылды. Елимизде Жасалма интеллект хабын жаратыў басланды, аймақларда дата орайларды көбейтиў, супер компьютерлерди иске қосыў ҳәм “Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери”н таярлаў бойынша бағдарламалар әмелге асырылмақта.

– Билимлендириў, медицина, суў хожалығы, экология, азық-аўқат қәўипсизлиги сыяқлы халықтың бирлемши зәрүрлиги ушын ең зәрүр болған бағдарларда да ашық жасалма интеллект модельлеринен пайдаланыў талап етилмекте, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Азия раўажланыў банки қәўендерлигинде раўажланып атырған мәмлекетлерде жасалма интеллект көлемин арттырыў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыў усыныс етилди. Өзбекстан банктиң “Азия ушын санлы магистраль” басламасына қосылыўға таяр екенин мәлим етип, Ташкентте оның регионаллық муўапықластырыў орайын ашыў усынысын алға қойды.

“Жасыл” энергетиканы раўажландырыў тийкарғы бағдар сыпатында белгиленди. Дүньяның жетекши компаниялары менен биргеликте 5 мың 600 мегаваттлы қуўатлықлар иске қосылды, 2030-жылға барып болса генерацияда қайта тиклениўши энергия дереклериниң үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилмекте.

Азия раўажланыў банки таза энергия экспортын кеңейтиў ушын Орайлық Азия – Европа “жасыл” энергетика коридорын жаратыўға жәрдем берип атырғаны миннетдаршылық пенен атап өтилди. Регион мәмлекетлери банк пенен биргеликте қысқа мүддетлерде бул “энергетикалық артерия” жойбарын баслайтуғынына исеним билдирилди.

Кейинги әҳмийетли ўазыйпа – транспорт системаларының өз-ара байланыслылығын ҳәм логистика коридорларының турақлылығын тәмийинлеў.

Халықаралық логистикадағы қыйыншылықлар “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолын қурыўдың әҳмийетин арттырмақта. Бул жойбар жүклерди жеткерип бериў мүддетин 10 күнге шекем қысқартыў ҳәм пүткил регионның транзит потенциалын сезилерли дәрежеде арттырыў имканиятын береди.

Банктиң Орайлық Азия регионаллық экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы (CAREC) шеңберинде “Санлы бажыхана ҳәм логистика альянсы”н шөлкемлестириў усыныс етилди.

Әҳмийетли минераллар резервлерин өзлестириўде бирге ислесиў потенциалы айрықша атап өтилди. Президентимиздиң атап өткениндей, Өзбекстан тек пайдалы минералларды қазып алыў емес, ал оларды терең қайта ислеў арқалы жоқары қосымша қунға ийе өндирис қуўатлықларын шөлкемлестириўди мақсет еткен.

Өзбекстан жетекшиси жоқары қосымша қунға ийе болған жойбарларды алға қойыў ушын Азия раўажланыў банкиниң “Шешиўши минералдан – өндириске” бағдарламасына қосылыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Соның менен бирге, климат өзгериўине қарсы гүресиў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленди. Арал теңизиниң қурыған ултанында қорғаў тоғайлықларын жаратыў бойынша миллий ҳәрекетлерге қосымша түрде “Орайлық Азия жасыл белбеўи” регионаллық жойбарын әмелге асырыў усыныс етилди.

Регионаллық бирге ислесиў шеңберинде “Орайлық Азия туризм айланбасы”н жаратыў басламасы алға қойылды. Жойбар региондағы сийрек ушырасатуғын мәдений, зыярат, гастрономиялық, этнографиялық ҳәм басқа да объектлерди туристлер ушын бирден-бир мәканға бирлестириўге қаратылған.

Билдирилген барлық усыныс ҳәм басламаларды системалы алға қойыў ушын АРБның жойбарларды қаржыландырыў бойынша кең имканиятларын, соның ишинде, жеке меншик капиталды тартыў арқалы толық иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Усы мүнәсибет пенен регионаллық жойбарлар ушын Инновациялық қаржыландырыў платформасын қәлиплестириў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәзирги күнде жәҳән экономикасында жүз берип атырған кескин өзгерислер шараятында Азия раўажланыў банкиниң кең регионымыздың социаллық-экономикалық турақлылығын тәмийинлеўдеги әҳмийетли орны және де артып атырғанын атап өтти.

Жуўмағында Президентимиз Самарқанд платформасында алға қойылатуғын әҳмиетли усыныс ҳәм басламалар келешекте үлкен әмелий нәтийжелерге, ҳәр бир келисим болса анық ҳәм пайдалы жойбарларға айланатуғынына исеним билдирди.

Соның менен мәмлекетимиз басшысының Самарқандқа сапары жуўмақланды.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары