Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң жыллық мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи

Ҳүрметли Масато Канда Мырза!
Ҳүрметли банк басқарыўшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Сизлерди Азия раўажланыў банки Басқарыўшылар кеңесиниң 59-жыллық мәжилисинде көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман. Бундай абырайлы әнжуманның елимизде өткерилип атырғаны бизге әлбетте мақтаныш бағышлайды.
Бир неше мың жыллық тарийхқа ийе, Уллы жипек жолының кесилиспесинде жайласқан үлкемиз әзелден Шығыс ҳәм Батысты, Арқа ҳәм Қубланы байланыстырыўшы орай болып келген. Бул жерде әзелден дүнья цивилизациясы, илим ҳәм саўда жоллары тутасқан.
Уллы тарийх ҳәм айдын келешекти өзинде жәмлеген Жаңа Өзбекстан енди халықаралық көлемдеги әҳмийетли мәселелер додаланатуғын ири орынға айланып бармақта. Самарқанд әнжуманы алдыңғы пикир ҳәм жаңа басламаларды алға қойыўға, әҳмийетли қарарлар қабыл етиўге хызмет ететуғынына исенемен.
Жаңа Өзбекстанға хош келипсиз!
Әзиз мийманлар!
Бүгинги күнде мәмлекетимиз экономикасы пүткиллей жаңа раўажланыў дәўирин басынан өткермекте. Биз 2016-жылдан берли экономиканы еркинлестириў, инвесторлар ушын тартымлы орталық жаратыў, глобаллық қосымша қун шынжырында белсене қатнасыў, аймақларда социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны пүткиллей жаңалаў, халықтың турмыс шараятын жақсылаў бойынша үлкен реформаларды алып барып атырмыз.
Тарийхый қысқа ўақыт ишинде мийнеткеш ҳәм дөретиўши халқымыз бенен қыйын раўажланыў жолын басып өттик. Соӊғы жыллары экономикамызға 150 миллиард доллар сырт ел инвестициясы киргизилип, мыңлаған заманагөй кәрханалар иске қосылды. Тек ғана энергетика тараўында 35 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар есабынан электр ислеп шығарыўды 1,5 есеге арттырып, 87 миллиард киловатт-саатқа жеткердик. Бул дәўирде товар ҳәм хызметлер экспорты 3 есеге өсти, экономикамыздың көлеми болса 50 миллиард доллардан 147 миллиард долларға жетти.
Бундай унамлы нәтийжелер халықаралық жәмийетшилик тәрепинен де тән алынбақта. 2020-жылдан берли Өзбекстан суверен кредит рейтинглеринде өз орнын турақлы арттырып бармақта. Экономикалық еркинлик индексинде быйыл елимиз 14 текше жоқары көтерилип, биринши мәрте “экономикасы орташа еркин” мәмлекетлер қатарынан орын алды. Глобаллық турақсызлық шараятында да экономикамыз биринши шерек жуўмағы бойынша 8,7 процентлик өсиўге еристи.
Ең әҳмийетлиси, реформаларымызда ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсанның күнделикли турмысын жақсылаўға тийкарғы итибарды қараттық. Биз өткен дәўирде 8,5 миллион жәрдемге мүтәж халықтың дәраматын арттырып, кәмбағаллық дәрежесин дерлик 35 проценттен бүгинги күнде 5,8 процентке түсириўге еристик. Өзбекстан соңғы он жылда Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде ең үлкен унамлы өзгерислерге ерискен бес мәмлекеттен бири болды.
Биз 2030-жылға шекем Өзбекстанда барлық тараўларды технологиялық ҳәм инновациялық өсиў моделине өткериў арқалы экономиканың көлемин 240 миллиард доллардан арттырыў нийетиндемиз. Нәтийжеде дәраматы орташадан жоқары мәмлекетлер қатарына кириўди ҳәм кәмбағаллықты толық сапластырыўды мақсет еткенбиз.
Жақын күнлерде 13 стратегиялық ири кәрханалардың активлерин өз ишине алған Миллий инвестиция қорының 30 процент үлесин халықаралық фонд базарына шығарамыз. Бундай әҳмийетли қәдем шериклеримиздиң елимиздиң инвестициялық орталығына болған исенимин және де беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемен.
Қәдирли дослар!
Өзбекстанда әмелге асырылып атырған үлкен реформаларда Азия раўажланыў банки ҳәм басқа да халықаралық финанс шөлкемлериниң орнын айрықша атап өтемиз. Исенимли стратегиялық шеригимизге айланған Банк пенен ҳәзирги күнге шекем дерлик 16 миллиард долларлық жойбарларды әмелге асырмақтамыз. Әсиресе, Азия раўажланыў банки мәмлекетимиздеги қайта тиклениўши энергетика, аўылларда турақ жай қурылысы ҳәм Орайлық Азияда экономикалық бирге ислесиў бағдарларында дәслепки күнлерден ийинлес болғанын жоқары қәдирлеймиз.
Пурсаттан пайдаланып, бизлерди бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырғаны ушын Азия раўажланыў банкиниң Президенти мырза Масато Кандаға ҳәм Банк Басқарыўшыларына жеке өзим ҳәм пүткил халқымыздыӊ атынан шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Соның менен бирге, жақын бирге ислесиў ушын Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, Ислам раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки және басқа да халықаралық финанс институтларының басшыларына, сондай-ақ, барлық сырт елли шериклеримизге айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!
Биз Азия раўажланыў банки менен кәмбағаллықты қысқартыў, инсан капиталын раўажландырыў, заманагөй инфраструктура қурыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда тығыз бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў бойынша анық режелерди белгилеп алдық. Күни кеше Банк пенен 12 миллиард долларлық жаңа бирге ислесиў бағдарламасына қол қойдық.
Бәршеңиз жақсы билесиз, бүгинги қәўетерли заманда жәҳән экономикасында қурамалы өзгерислер жүз бермекте, жаңа технологиялар жедел кирип келмекте. Турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын Банк пенен биргеликте жаңа механизм ҳәм тәсиршең көзқарасларды енгизиўди дәўирдиң өзи бизден талап етпекте.
Бириншиден, бүгин санлы технология ҳәм жасалма интеллект дерлик барлық тараўларды пүткиллей жаңа форматқа алып шықпақта.
Жәҳән саўда шөлкеминиң болжаўларына бола, 2040-жылға барып, жасалма интеллект есабынан халықаралық саўда айланысы қосымша 40 процентке артады.
Биз мәлимлеме технологияларын раўажландырыўға айрықша кирискенбиз. Өзбекстанда инновация ҳәм билимге тийкарланған Жасалма интеллект хабын шөлкемлестириўди басладық. Экономика тармақларында 200 ден аслам жасалма интеллект жойбарлары үстинде ислеп атырмыз. Аймақларда дата орайлар, суперкомьпютерлер ҳәм жасалма интеллект лабораторияларын көбейтиў, “Бес миллион жасалма интеллект жетекшилери”н таярлаў бойынша бағдарламаларды әмелге асырмақтамыз.
Бул бағдарларда Азия раўажланыў банки және АҚШ, Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Япония, Корея ҳәм Қытайдағы шериклеримиз бизге жақыннан жәрдем берип атырғанын айрықша атап өтпекшимен.
Әлбетте, билимлендириў, медицина, суў хожалығы, экология, азық-аўқат қәўипсизлиги сыяқлы халықтың бирлемши зәрүрлиги ушын ең зәрүр болған бағдарларда да ашық жасалма интеллект модельлеринен пайдаланыў талап етилмекте.
Буның ушын Азия раўажланыў банкиниң қәўендерлигинде Раўажланып атырған мәмлекетлерде жасалма интеллекттиң көлемин арттырыў бойынша өз алдына бағдарлама ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Сондай-ақ, Банктиң “Азия ушын санлы магистраль” басламасына қосылатуғынымызды мәлим етемиз ҳәм Ташкентте оның регионаллық муўапықластырыў орайын ашыў усынысын алға қоямыз.
Екиншиден, санлы технология ҳәм жасалма интеллекттиң раўажланыўы, өз гезегинде, энергия ресурсларына болған талапты кескин арттырмақта.
Халықаралық энергетика агентлигиниң таллаўларына бола, 2030-жылға барып, дата орайлардың электр энергиясына болған талабы ҳәзиргиден 2-3 есеге артады. Бундай шараятта инвесторларға арзан, исенимли ҳәм “жасыл” энергия усынған мәмлекетлер ғана глобаллық базарда бәсекиге шыдамлы бола алады.
Биз бул бағдарда дүньяның жетекши компаниялары менен биргеликте 5 мың 600 мегаваттлы ири самал ҳәм қуяш электр станцияларын иске қосып, генерацияда “жасыл” энергия үлесин 30 процентке жеткердик. 2030-жылға барып бул көрсеткишти 54 процентке алып шығыўды режелестиргенбиз.
Улыўма алғанда, регионымыз қайта тикленетуғын энергия генерациясы бойынша оғада үлкен потенциалға ийе. Таза энергия экспортын кеңейтиў ушын Орайлық Азия – Европа “жасыл” энергетика коридорын жаратыўда Азия раўажланыў банки көрсетип атырған жәрдемди миннетдаршылық пенен атап өтемиз. Регион мәмлекетлери Банк пенен биргеликте қысқа мүддетлерде усы “энергетикалық артерия” жойбарын баслайтуғынына исенемиз.
Үшиншиден, өз-ара байланыслы транспорт системасы ҳәм логистика коридорларының турақлылығын тәмийинлеў ең әҳмийетли мәселеге айланбақта.
Дүньядағы келиспеўшиликлер ақыбетинде логистика коридорларының өзгериўи ҳәзирдиң өзинде Орайлық Азия мәмлекетлери ушын жүк тасыў қәрежетиниң 30 процентке шекем артыўына, жеткерип бериў мүддетлери болса бир неше ҳәпте кешиктирилиўине себеп болмақта.
Хабарыңыз бар, Шығыс ҳәм Батысты байланыстыратуғын “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолы жойбары бойынша қурылыс жумыслары басланған. Бул жаңа транспорт коридоры есабынан пүткил регионның транзит потенциалы сезилерли дәрежеде артады. Өнимлерди жеткерип бериў мүддети 10 күнге шекем қысқарады, жылына 15 миллион тоннаға шекем жүк тасыў имканияты жаратылады.
Бул бағдарда Банктиң Орайлық Азия регионаллық экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы шеңберинде “Санлы бажыхана ҳәм логистика альянсы”н шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Буның нәтийжесинде бажыхана тәртиплерин үйлестириў, ҳүжжетлер айланысын санластырыў, шегара арқалы жүк тасыўларды жеңиллетиў имканияты жаратылады.
Төртиншиден, Банктиң қатнасыўында жеке меншик сектор менен бирге ислесиўди және де күшейтиўден мәпдармыз.
Әсиресе, ҳәзирги технологиялар әсиринде критикалық минераллар ушын бәсеки күн сайын күшейип атырғанын бәршемиз көрип турмыз. Халықаралық экспертлердиң жуўмақларына бола, 2040-жылға барып, санаат ушын әҳмийетли минералларға талап 6 есеге артады. Бул – жаңа имканият. Өзбекстан мыс, вольфрам, молибден, магний, графит, ванадий, титан ҳәм басқа минераллардың үлкен қорларына ийе. Биз бул потенциалды иске қосыў мақсетинде кореялы шериклеримиз бенен R&D орайының жумысын жолға қойдық. Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында “Келешек металлары технопаркин” қурмақтамыз. АҚШ, Қытай, Түркия сыяқлы мәмлекетлердиң ири компаниялары менен баҳасы 1,6 миллиард долларлық 70 тен аслам жойбарды баслағанбыз.
Биз пайдалы минералларды тек ғана қазып алыў емес, ал оларды терең қайта ислеў арқалы экономиканың раўажланыўына жаңа түртки бериўди мақсет еткенбиз. Азия раўажланыў банкиниң “Шешиўши минералдан – өндириске” бағдарламасына қосылыў ҳәм оның шеңберинде жоқары қосымша қунға ийе болған жойбарларды әмелге асырыўды усыныс етемиз. Онда геология-излеў жумысларында заманагөй технологиялар ҳәм санлы шешимлерди енгизиў, қазып алыў ҳәм қайта ислеў процесслерине экологиялық стандартларды енгизиў, әҳмийетли минералларды жеткерип бериўдиң турақлы шынжырларын жаратыў әҳмийетли, деп есаплаймыз.
Бесиншиден, климат өзгериўи ҳәм шөллениў процесслери Орайлық Азия мәмлекетлериниң раўажланыўы ушын айрықша тәсир көрсетпекте.
Экологиялық машқалалардың ақыбетлерин жумсартыў мақсетинде бес жылдан берли “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде ҳәр жылы 200 миллион түп нәл егип келмектемиз. Арал теңизиниң қурыған ултанында 2 миллион гектар жасыл қапламалы қорғаў тоғайлықларын жараттық. Өзбекстанда 2030-жылға шекем жасыллық дәрежесин 30 процентке жеткериў бойынша үлкен шек алғанбыз.
Ҳәзирги ўақытта Азия раўажланыў банки де 2030-жылға шекем мөлшерленген климат тараўында Ҳәрекетлер режесин нәтийжели әмелге асырып келмекте. Банк ажыратып атырған жыллық қаржылардың 50 проценттен кем болмаған бөлегин климат жойбарларын қаржыландырыўға бағдарламақта.
Бундай ийгиликли ҳәрекетлерди Банк ҳәм регион мәмлекетлери менен биргеликте әмелге асырсақ, нәтийжеси және де жоқары болады, деп ойлайман. Сол себепли, “Орайлық Азия жасыл белбеўи” регионаллық жойбарын әмелге асырыўды усыныс етемиз.
Алтыншыдан, дүньядағы тынышсызлық себепли миллионлаған туристлер қәўипсиз бағдарларды излемекте.
Орайлық Азия зыярат, мәдений, гастрономиялық, этно, экстремаль, медицина сыяқлы туризм бағдарларында үлкен потенциалға ийе. Бул тараўға айрықша итибар қаратып, зәрүр инфраструктура, сервис, виза ҳәм транспорт, ең әҳмийетлиси, туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған реформаларды әмелге асырдық. Соның есабынан он жыл ишинде Өзбекстанға сырт ел туристлериниң ағымы 6 есеге артып, 12 миллионға жетти.
Жақында Ташкент қаласында ашылған Орайлық Азияның илим ҳәм руўхый ғәзийнеси сыпатында тән алынатуғын Ислам цивилизациясы орайы, Самарқандта қурылған уллы ойшыл Имам Бухарий естелик комплекси елимиздиң жаңа дүрданаларына айланды. Бундай комплекслер қоңсы мәмлекетлерде де қурылмақта. Соның ушын регион мәмлекетлерин бирлестиретуғын туристлик мәкан – “Орайлық Азия туризм айланбасы”н жаратыў басламасын алға қоямыз. Қоңсы мәмлекетлер, Азия раўажланыў банки ҳәм басқа да шериклеримизди туризмди раўажландырыў бойынша жойбарлар портфелин қәлиплестирип, биргеликте қаржыландырыўға шақырамыз.
Жоқарыда айтып өтилген барлық усыныс ҳәм басламаларды биз Азия раўажланыў банки менен тек ғана суверен кредитлер шеңберинде емес, ал мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, кепиллик инструментлери, аралас қаржыландырыў ҳәм жеке меншик капиталды тартыў арқалы жедел бирге ислесиўде әмелге асырыўға таярмыз. Усы мүнәсибет пенен регионаллық жойбарлар ушын Инновациялық қаржыландырыў платформасын қәлиплестириўди усыныс етемиз.
Ҳүрметли Банк басқарыўшылары!
Ҳәзирги күнде жәҳән экономикасында жүз берип атырған кескин өзгерислер Азия раўажланыў банкиниң кең регионымыздың социаллық-экономикалық турақлылығын тәмийинлеўдеги әҳмийетли ролин және де арттырмақта. Бул бағдарда биз Банк Президенти, халықаралық финанс ҳәм экономикалық қатнасықлар тараўында үлкен билим ҳәм тәжирийбеге ийе болған Масато Канда мырзаның алып барып атырған нәтийжели реформаларын толық қоллап-қуўатлаймыз.
Қәдирли мәжилис қатнасыўшылары!
Бүгинги әнжуманда дүньяның 100 ден аслам мәмлекети, халықаралық финанс шөлкемлери, жетекши банклер ҳәм компаниялардың абырайлы экспертлеринен ибарат 4 мыңнан аслам ўәкиллер қатнаспақта.
Самарқанд платформасында алға қойылатуғын әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар келешекте үлкен әмелий нәтийжелерге, ҳәр бир келисим болса анық ҳәм пайдалы жойбарларға айланатуғынына исенемен.
Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизди Жаңа Өзбекстанның гөззал тәбияты, тарийхый естеликлери, елимиздиң заманагөй архитектуралық келбети менен жақыннан танысыўға мирәт етемен.
Сөзимниң соӊында, сизлерге беккем денсаўлық, жуўапкершиликли жумысыңызда жаңа табыслар ҳәм әўметлер тилеймен.