Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды мәмлекетимиз басшысы күтип алды. Президентлер усы жерде қысқа сәўбет өткерди.

Сапардың тийкарғы илажлары 19-октябрьге белгиленген.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путин стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, ҳәр қыйлы тараўларда жаңа қоспа жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўдың перспективаларын додалайды, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысады.

Сапардың жуўмағында мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўиниң қабыл етилиўи, жигирмаға шамалас ҳүжжетке қол қойылыўы режелестирилген. Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Россия регионлары және исбилермен топарлары арасында ири инвестициялық ҳәм саўда шәртнамаларына қол қойылыўы нәзерде тутылған.

ӨзА